Ушырасыў алдынан ХЭК делегациясы ушын IT Park жумысы ҳәм Өзбекстанда IT тараўын раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды таныстырыў шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, делегация ўәкиллери UZINFOCOM ҳәм UzSoc жумысы менен танысып, санлы инфраструктура, мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм заманагөй технологияларды раўажландырыў тараўындағы жойбарлар ҳаққында мағлыўмат алды.

Ушырасыўда Өзбекстанның ХЭК пенен бирге ислесиўин кеңейтиў, халықаралық стандартларды енгизиў, миллий қәнигелерди таярлаў ҳәм халықаралық стандартларды ислеп шығыў процесслерине өзбекстанлы экспертлерди тартыў мәселелери додаланды.

2027-жыл 1-январьдан Өзбекстан ХЭКтиң толық ҳуқықлы ағзасы болатуғыны айрықша атап өтилди. Бул мәмлекетке халықаралық стандартларды тек ғана қолланыў емес, ал ХЭК техникалық комитетлери арқалы оларды ислеп шығыў ҳәм жетилистириўде тиккелей қатнасыў имканиятын береди. Өзбекстан ХЭКтиң толық ҳуқықлы ағзасы статусына ийе Орайлық Азиядағы бирден-бир мәмлекет болады.

Ф.Метцгер Өзбекстанның ХЭК пенен бирге ислесиўи 2015-жылы Шериклик бағдарламасының қатнасыўшысы сыпатында басланғанын, 2023-жылы болса мәмлекетимиз ассоциацияланған ағза статусын алғанын атап өтти. Солай етип, Өзбекстан салыстырмалы қысқа ўақыт ишинде толық ҳуқықлы ағзалыққа өтиўге еристи.

Ушырасыўда, сондай-ақ, ХЭК тәрепинен 11 мыңнан аслам халықаралық стандартлар ислеп шығылғаны, олардан 2 мыңға шамаласы Өзбекстанда қабыл етилгенлиги атап өтилди. IТ, жасалма интеллект, киберқәўипсизлик, электротехника, энергия нәтийжелилиги ҳәм қайта тикленетуғын энергетика тараўларында бирге ислесиўди кеңейтиў ушын айрықша потенциал бар.

Тәреплер миллий экспертлерди таярлаў, олардың ХЭК техникалық комитетлериндеги қатнасыўын кеңейтиў ҳәм муўапықлықты халықаралық баҳалаў системаларын раўажландырыўда бирге ислесиўди күшейтиўге келисип алды.

Ушырасыў жуўмағында Өзбекстанда ислеп шығарылып атырған өнимлердиң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, сыртқы базарларға шығыў имканиятларын кеңейтиў ушын халықаралық стандартларды енгизиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.