Тийкарғы мақсетлер:

заманагөй басқарыў моделин енгизиў, бир-бирин қайталайтуғын ўәкилликлерди қысқартыў ҳәм жойбарларды мәмлекет тәрепинен қаржыландырыўдың жаңа механизмлерин жаратыў;

"Өзбекфильм" миллий кинобрендин жаратыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў;

жойбарларды қаржыландырыў, ислеп шығарыў, авторлық ҳуқықларын тәмийинлеў, маркетинг, тарқатыў, фильмлерди тарқатыў, көрсетиў, фестивальларда қатнасыў ҳәм фильмлерди экспорт етиўди өз ишине алған пүткил шынжырды заманагөй талапларға муўапық жаңалаў;

миллий кино мийрасын сақлаў, тиклеў ҳәм санластырыў;

мәмлекет тәрепинен қаржыландырылатуғын жойбарларды әмелге асырыўда жеке меншик сектордың үлесин 100 процентке жеткериў;

кино көрсетиўде өзин-өзи басқарыў институтын шөлкемлестириў арқалы кәсиплик стандартларды енгизиў.

Мәденият министрлиги жанындағы Кинематография агентлиги ҳәм оның системасындағы 19 шөлкем, Кинематографияны раўажландырыў миллий қоры сапластырылады.

Кинематография тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўға байланыслы ўазыйпалар ҳәм ўәкилликлер Мәденият министрлигине жүкленеди, оның қурамында Кинематография департаменти шөлкемлестириледи.

"Өзбекфильм" миллий кинокомпаниясы Мәденият министрлиги жанында ЖШЖ түринде шөлкемлестириледи.

Кинотаныўшылар клубы ҳәм оның жыллық арнаўлы сыйлығы, Өзбекстан киноиндустриясы ўәкиллери палатасы шөлкемлестириледи.

Миллий кинокомпания мәмлекетте киноиндустрияны раўажландырыўдың бас орайы ҳәм оның тийкарғы операторы болып есапланады.

Кино тараўында мәмлекетлик буйыртпа тәртиби бийкар етилип, тараў Миллий кинокомпанияға мәмлекетлик бюджеттен ажыратылатуғын субсидиялар есабынан қаржыландырылады. Жойбарлар питчинг (жойбар қорғаўы) нәтийжелери бойынша анықланатуғын дөретиўшилик жәмәәтлер ҳәм киностудиялар тәрепинен ажыратылған субсидиялар есабынан әмелге асырылады.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 23.11.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».