Екинши жер жүзилик урыс тамамланғанына дерлик 81 жыл болды. Бирақ арадан он жыллар өтсе де урыстың ашшы тарийхы, оның инсаниятқа келтирген шексиз апатшылықлары ҳәм жәбир-жағдайлары ядтан шықпайды. Керисинше, тарийхтың бул қайғылы бетлери тынышлық ҳәм татыўлықтың қаншелли бийбаҳа екенин қайта-қайта еслетеди. 9-май - Еслеў ҳәм қәдирлеў күнинде мине, усындай терең мәни бар.
Мәмлекетимиз басшысы усы қутлы сәне мүнәсибети менен Жеңис паркинде шөлкемлестирилген еслеў мәресиминде қатнасты.
Дәстүрге бола, Президент Шавкат Мирзиёев «Мәртлик гимни» монументине гүл қойды. Бул үлкен естелик халқымыздың урыс жылларында басынан өткерген сынақлары, мәртлиги ҳәм орны толмайтуғын жоғалтыўларын сәўлелендиреди.
- Бүгин арамызда саў-саламат жасап атырған урыс ҳәм мийнет ветеранларына, ҳүрметли нураныйларымызға айрықша итибар ҳәм ҳүрмет көрсетемиз. Бул комплексти ҳақылы түрде Уллы Жеңиске мүнәсип үлес қосқан көп миллетли халқымыздың мәртлиги ҳәм қаҳарманлығын улығлайтуғын муқаддес орын, деп атаў мүмкин, - деди мәмлекетимиз басшысы.
Мағлыўматларға қарағанда, сол дәўирде халқы 6 миллион 800 мың болған елимиздиң 2 миллионға шамалас халқы фашизмге қарсы қанлы саўашларда қатнасқан. Олардың 540 мыңға шамаласы қайтыс болған, 158 мыңы бийдәрек жоғалған, 50 мыңнан асламы концлагерлерде ақылға сыймайтуғын азап-ақыретлерден қайтыс болған, 60 мыңнан асламы майып болып үйине қайтқан.
Олардың 214 мыңға шамаласы жаўынгерлик орден ҳәм медальлар менен сыйлықланғаны да өзбек әскер ҳәм офицерлериниң мәртлигинен дәрек береди.
Урыс жылларында елимиз фронт артындағы беккем базаға айланды. Саўаш майданларына әскерий техника, қурал-жарақ, кийим-кеншек ҳәм азық-аўқат турақлы жиберилди. Оғада аўыр шараятқа қарамастан, халқымыз урыс майданларынан эвакуация етилген 1 миллион 500 мыңға шамалас адамды, соның ишинде, ата-анасынан айырылған 250 мың жетим баланы өз үйине алып, меҳрибанлық көрсетти.
Илажда Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, мәҳәлле белсендилери, нураныйлар қатнасты. Олар естелик алдына гүллер қойды.
Президент Шавкат Мирзиёев Жеңис паркиндеги Миллий қаҳарманлар қыябанына барып, ғәрезсизлик жылларында елимизди қорғаўда қайтыс болған әскерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлерин еследи.
- Бул жерде "Миллет пидайылары" естелик комплексин қурғанымыз бийкарға емес. Ол Ўатанды қорғаў ҳәр бир әўладтың муқаддес миннети, ўатансүйиўшилик дәстүрлер даўамлылығының белгиси екенин еслетип турады,-деди Президент Шавкат Мирзиёев.
Естелик комплексинде ғәрезсизлик жылларында Ўатан азатлығы ҳәм ел тынышлығын қорғаў жолында қаҳарманлық пенен қайтыс болған 196 әскерий хызметкер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлериниң атлары жазылған.
Мәмлекетимиз басшысы мине усындай мәрт ҳәм батыр, Ўатанға шын кеўилден садық перзентлерди тәрбиялаған ата-аналарға терең миннетдаршылық билдирди.
Ең гүллеген жасында жаўға қалқан болып, Ўатан ушын жанын пидә еткен пидайы қаҳарман улларын халқымыз ҳеш қашан умытпайды. Тек ғана 2025-жылдың өзинде бул естелик комплексине 650 мыңға шамалас ўатанласларымыз ҳәм сырт елли мийманлар келген.
Бул жерде көплеген руўхый-ағартыўшылық илажлар, тарийх ҳәм ўатансүйиўшилик сабақлары, "Келешек сааты" сабақлары өткериледи. Бундай жумыслар үлкен руўхый-ағартыўшылық әҳмийетке ийе екени, оны избе-из даўам еттириў зәрүрлиги атап өтилди.
Быйыл елимизде ҳәм сырт еллерде уллы бабамыз Әмир Темур туўылған күниниң 690 жыллығы кеңнен белгиленбекте.
Уллы Саҳыпқыран тәрепинен белгилеп берилген мәмлекетшилик, мәртлик ҳәм қаҳарманлық идеялары ҳәзирги күнде де өз күшин жойытқан жоқ. Бул даңқлы дәстүрди мәрт әскерлеримиз, офицер ҳәм генералларымыз мүнәсип даўам еттирмекте. Олар бизиң үлкен байлығымыз, Ўатанымыздың исенимли ҳәм беккем қалқаны болып есапланады.
- Биз бүгин сапта турған "Темурбеклер мектеби" оқыўшылары ҳәм мәрт әскерлеримиз тымсалында Алпамыслар, Мангуберди ҳәм Әмир Темурлардың жаңа әўладын көремиз. Уллы бабаларымыздың бай мийрасы, билим ҳәм тәжирийбе мектеби тек ғана музейлеримизге емес, ал кеўиллеримизге қайтып келмекте. Олар қайтадан жанланып, биз бенен бирге Жаңа Өзбекстанды қурып атырғандай, Үшинши Ренессансқа тырнақ тасын қойып атырғандай. Ташкенттеги Ислам цивилизациясы орайын, Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейин ямаса Самарқандтағы Имам Бухарий комплексин зыярат еткен ҳәр бир адам буны терең сезинеди, - деди Президент Шавкат Мирзиёев.
Атап өтилгениндей, Ўатанды қорғаў - мәмлекет ҳәм халықтың күн тәртибинен шықпайтуғын мәселе. Бул бәршемиз ушын муқаддес ҳәм уллы ўазыйпа болып есапланады. Әсиресе, ҳәзирги оғада қыйын ўақытта оның әҳмийети бир неше есеге артпақта.
Быйыл Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы кең ҳәм салтанатлы түрде белгиленеди. Бул уллы сәнениң "Жаңа турмыс, жаңа келешекти бирден-бир Ўатан, бирден-бир халық болып қурамыз!" деген ийгиликли сүрен астында өтип атырғанында, әлбетте, терең мәни бар.
- Бүгин биз қоңсылас аймақларда болып атырған келиспеўшиликлерди, урысларды көрип турмыз. Бундай қыйын шараятта миллий бирлигимиз ҳәм аўызбиршилигимизди сақлап қалыў ең үлкен күшимиз, ең үлкен байлығымыз екенин турмыстың өзи және бир мәрте тастыйықламақта. Ўатанды қорғаў - ең уллы ҳәм мақтанышлы ўазыйпа. Бул ҳақыйқатты терең аңлап, әскерий антына бәрқулла садық жасайтуғын мәрт ҳәм батыр улларымыз ең жоқары ҳүрмет ҳәм итибарға ылайық, - деди мәмлекетимиз басшысы.
Миллий қаҳарманлар қыябаны күни-түни тынышлық ушын гүреске шақыратуғын, мыңлаған ҳәм миллионлаған Ўатан қорғаўшыларын тәрбиялаўға хызмет ететуғын мәртлик ҳаўазы жаңлап туратуғын муқаддес орын болып қалыўы керек екенлиги атап өтилди.
Ўатан алдындағы миннетин орынлаў ўақтында қаҳарманларша қайтыс болған перзентлеримиздиң шаңарақлары ҳәм перзентлерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў буннан былай да избе-из даўам еттирилетуғыны атап өтилди.