Заманагөй қураллы
соқлығысыўларда ушыўшысыз ушыў аппаратлары, роботластырылған системалар, радиоэлектрон
қарсы гүресиў қураллары ҳәм заманагөй басқарыў технологиялары барған сайын
кеңнен қолланылмақта. Бул тек ғана қурал-жарақ ҳәм техниканы жаңалаўды емес, ал
жаңа әўлад қәнигелерин таярлаўды да талап етеди.
Елимизде бул бағдарда
избе-из жумыслар алып барылмақта. Әскерлерде дронлардан пайдаланыў ҳәм оларға
қарсы гүресиў бойынша жаңа бөлимлер қәлиплестирилди, ушыўшысыз ушыў
аппаратларының операторлары, инженерлер ҳәм робототехника қәнигелерин таярлаў
системасы жолға қойылды.
Презентацияда мәмлекетимиз басшысына усы мобиль
бөлимлердиң жумысы, сондай-ақ, тийисли кадрларды таярлаў бойынша есабат
берилди.
Әскерий билимлендириўди реформалаў мәселесине де
айрықша итибар қаратылды.
Президентимиздиң басламасы менен 2025-жылы бул
тараўды раўажландырыў, заманагөй билим ҳәм әмелий көнликпелерге ийе әскерий
кадрларды таярлаў илажлары белгиленди. Нәтийжеде барлық әскерий жоқары оқыў
орынлары институт статусына өткерилип, бирден-бир вертикал басқарыў жолға
қойылды, Өзбекстан Республикасы Әскерий қәўипсизлик ҳәм қорғаныў университети
шөлкемлестирилди.
Заманагөй жаўынгерлик ҳәрекетлерди таллаў,
әскерлердиң реал талаплары ҳәм жетекши жоқары билимлендириў мәкемелериниң
тәжирийбеси тийкарында жаңа маманлық талаплары, оқыў режелери ҳәм
бағдарламалары енгизилмекте. Таярлық теория ҳәм әмелиятты бирлестириў принципи
тийкарында қурылады, нәтийжеде болажақ офицерлер оқыў процесинде-ақ заманагөй
шараятларда хызмет етиў ушын зәрүр болған көнликпелерге ийе болады.
Бакалавр басқышында әскерий кадрлар таярлаўдың жаңа
модельи шеңберинде курсантлар шет тиллери, мәлимлеме технологиялары ҳәм жасалма
интеллект бойынша терең билим алады. Команда-штаб офицерлери ушын алдынғы сырт
ел тәжирийбеси ҳәм заманагөй қураллы келиспеўшиликлерди үйрениў тийкарында
биринши мәрте үш басқышлы оқытыў системасы енгизилмекте.
Соның менен бирге, сержантлар қурамының таярлығы
кеңейтиледи. Жаңалықлардан бири - әскерий жоқары оқыў орынларында 6 пуқаралық
бакалавриат қәнигелиги бойынша сержантларды аралықтан оқытыў шөлкемлестириледи.
Сондай-ақ, авиация ҳәм ушыўшысыз ушыў аппаратлары қәнигелерин таярлаў системасы
жетилистирилип, Қураллы Күшлер әскерий хызметкерлерин усы бағдарда
сертификатлаўдың бирден-бир тәртиби енгизилмекте.
Презентацияда армияны санластырыў ҳәм
киберқәўипсизликти тәмийинлеў мәселелерине де итибар қаратылды.
Соңғы жыллары Қорғаныў министрлиги системасында
коммуникация инфраструктурасы модернизацияланып, заманагөй
мәлимлеме-коммуникация технологиялары енгизилмекте, мағлыўмат алмасыўдың
қорғалған каналлары раўажландырылмақта.
Әскерий программистлер тәрепинен әскерлер жумысының
ҳәр қыйлы бағдарлары бойынша 50 ге шамалас мәлимлеме системалары ислеп
шығылған. Атап айтқанда, қорғаныў ислери бойынша уйымларда 19 министрлик ҳәм
уйым менен интеграцияласқан "Шақырыў" электрон мәлимлеме системасы
жаратылды. Бул 39 түрдеги мағлыўматнаманы алыўды онлайн түрге өткериў ҳәм
биринши мәрте шақырыў илажларын толық электрон тәризде өткериў имканиятын
берди.
Әскерий медицинада бирден-бир медициналық мәлимлеме
системасы ҳәм телемедицина енгизилип, Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң «D-MED»
системасы менен интеграция тәмийинленди.
Заманагөй қәўип-қәтерлерди есапқа алып, Қорғаныў
министрлигинде Мәлимлеме қәўипсизлиги мониторинги орайы шөлкемлестирилди, оның
ўазыйпасы киберқәўип-қәтерлерди өз ўақтында анықлаў ҳәм олардың алдын алыўдан
ибарат.
Презентацияда автоматластырылған басқарыў
системаларын буннан былай да раўажландырыў, роботластырылған ҳәм автоном
комплекслерден пайдаланыўды кеңейтиў, илимий-изертлеў ҳәм
тәжирийбе-конструкторлық жумысларын алып барыў бойынша комплексли илажлар көриў
усыныс етилди.
Қорғаныў министрлигиниң орайлық аппаратында Санлы
технологиялар бас басқармасы, Жасалма интеллект технологиялары департаменти ҳәм
Киберқәўипсизлик лабораториясын шөлкемлестириў нәзерде тутылмақта.
Мәмлекетимиздиң барлық аймақларында турақлы байланысты тәмийинлеў мақсетинде
Спутниклик байланыс орайының жумысы жолға қойылады.
Қорғаныў тараўында бирден-бир санлы сиясатты жүргизиў
ушын қорғаныў министриниң орынбасары, әскерий округлерде санластырыў, жасалма
интеллект ҳәм киберқәўипсизлик бойынша сәркарда орынбасарлары лаўазымлары
енгизилмекте.
Презентация жуўмағында Жоқарғы Бас Сәркарда армияны
және де санластырыў, заманагөй мәлимлеме-коммуникация системалары ҳәм жасалма
интеллект технологияларын енгизиўге байланыслы усынысларды мақуллап, бир қатар
бийлик ҳүжжетлерине қол қойды.
Қорғаныў тараўын толық санластырыў, жасалма интеллекттиң
миллий модельлерин жаратыў, маман әскерий кадрлар таярлаў системасын буннан
былай да жетилистириў бойынша ўазыйпалар белгиленди.