Тийкарғы мақсетлер:
- 2030-жылға шекем медициналық хызметлерди көрсетиўде жеке меншик сектордың үлесин 30 процентке жеткериў;
- мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, инвесторларға комплексли хызмет көрсетиў;
- аймақларда халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң сапасын ҳәм олардан пайдаланыў имканиятын арттырыў;
- мәмлекетлик емес медицина шөлкемлерин (ММШ) қосымша қоллап-қуўатлаў;
- саламат бәсеки орталығын қәлиплестириў;
2026-жыл 1-июльден баслап:
ММШлерине мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў ҳәм лицензия шеңберинде Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан наўқасларға барлық бағдарлар бойынша хызмет көрсетиўге рухсат бериледи. Онда, мәмлекетлик - - ҳәм мәмлекетлик емес медицина шөлкемлериниң емлеў қәрежетлери бирден-бир базалық баҳалар тийкарында қапланады;
- миллий ямаса халықаралық аккредитациядан өткен медицина шөлкемлери ушын Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан наўқасларды емлеў шәртнамасын дүзиўде Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң эксперт комиссиясының жуўмағын алыў талабы бийкар етиледи;
- Мәмлекетлик бюджет қаржыларын медицина шөлкемлери кесиминде бөлистириў әмелияты бийкар етилип, қаржылардың айлық көлемин кеселликлер бағдарлары кесиминде белгилеў тәртиби енгизиледи;
- лицензияның әмел етиўин тоқтатып турыў тек ғана лицензия талаплары ҳәм шәртлериниң бузылыўына жол қойылған қәнигелик бойынша әмелге асырылады;
- "туўыўды қабыл етиў" бағдарында медицина шөлкемлерин шөлкемлестириўде бактериология лабораторияларының хызметин аутсорсинг тийкарында шөлкемлестириўге руқсат бериледи.
2027-жыл 1-майдан миллий ямаса халықаралық аккредитациядан өткен ММШлерине трансплантация операцияларын әмелге асырыўға рухсат бериледи.
- Институционаллық системаны жетилистириў
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги Медицина ҳәм фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги етип қайта аталды ҳәм оған қосымша ўазыйпалар жүкленди:
- ММШ тармағын раўажландырыў ҳәм тиккелей сырт ел және жергиликли инвестицияларды тартыў;
- "бир айна" принципи тийкарында инвесторларға хызмет көрсетиў ҳәм басқалар.
Соның менен бирге, Агентликтиң шөлкемлестириўинде:
- «Health Invest» акционерлик жәмийети;
- Юридикалық шахс шөлкемлестирмеген ҳалда медицина шөлкемлерин раўажландырыў қоры.
"Өзмиллийбанк" АЖ тәрепинен ўәлаят орайлары ҳәм шегаралас районлардан тысқары районларда (қалаларда) клиникалар шөлкемлестириў ушын 200 миллион доллар муғдарында жеңиллетилген кредит линиясы ашылды.
Салық ҳәм бажыхана жеңилликлери:
- шет елли пуқаралар - шыпакерлер, менеджерлер, консультантлар ҳәм медициналық үскенелерге хызмет көрсетиў менен шуғылланыўшы техник қәнигелер ушын 2029-жыл 1-майға шекем социаллық салық муғдары - 1%;
- Өзбекстан аймағында мийнет етиў ҳуқықын беретуғын тастыйықлаў бериў ушын жыйым муғдары - БЕМның 1 есеси;
- “Аймақлық электр тармақлары” АЖ, “Аймақлықгазтәмийнаты”, “Өзсуўтәмийнат” кәрханалары есабынан клиникаларды сыртқы инженерлик-коммуникация тармақлары менен тәмийинлеў.
- 2026-жыл 1-июльдан 2029-жыл 1-июльға шекемги дәўирде пайда салығының салық базасын анықлаўда ҳәр бир хызметкер ҳәм оның шаңарақ ағзасы ушын ықтыярлы медициналық қамсызландырыў бойынша төлем қәрежетлери (жылына 10 миллион сумнан көп болмаған муғдарда) шегирип тасланады.
Сондай-ақ, 2026-жыл 1-июньнен 2029-жыл 1-июньге шекем өз мүтәжликлери ушын алып кирилетуғын арнаўлы медициналық мақсетлерге мөлшерленген "А" категориясындағы медициналық әсбап-үскенелер, олардың комплектлеўши ҳәм аўысық бөлеклери, пайдаланылатуғын жумсаў материаллары, жаңа автотранспорт қураллары импорт бажыхана бажысынан азат етиледи.
Тастыйықланған:
- “Health Invest” компаниясы жумысының тийкарғы бағдарлары;
- Мәмлекет қатнасыўындағы медициналық шөлкемлерди шөлкемлестириў ҳәм олардың жумысын жетилистириўдиң тийкарғы механизмлери.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 07.05.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады “Norma”.