9-май - Еслеў ҳәм қәдирлеў күни алдынан фашизм үстинен ерисилген жеңиске үлкен үлес қосқан инсанлар және бир мәрте еске алынып, олардың мәртлиги ҳәм қаҳарманлығы жоқары баҳаланбақта. Екинши жер жүзилик урыстың бир эпизоди арадан 80 жылдан аслам ўақыт өткен болса да, халықлар арасындағы мийрим-шәпәәт ҳәм адамгершилик тымсалы болып қалмақта. Бул мәртликтиң тән алыныўы сыпатында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Уллы Британия пуқаралары Жон ҳәм Филлис Эмили Ле Бретонды қайтыс болғанынан соң "Дўстлик" ордени менен сыйлықлады, деп хабар бермекте «Дунё» ХА.

Өзбекстанның Лондондағы елшиси Равшан Усмонов Джерси атаўына барып, олардың перзентлери - Далси ҳәм Алан Ле Бретон, сондай-ақ, шаңарақтың ақлықларына жоқары сыйлықларды салтанатлы жағдайда тапсырды.

Мәресим ҳәзирги ўақытта Далси Ле Бретон емленип атырған «Cheval Roc» қариялар үйинде болып өтти. Илажда мәкеме басшылары, мийманлар, атаўдың тарийхын үйрениў менен шуғылланыўшы «Jersey Heritage» шөлкеминиң ўәкиллери, сондай-ақ, BBC, ITV ҳәм басқа да жергиликли ғалаба хабар қуралларының журналистлери қатнасты.

Мәресимде шығып сөйлеген мәкеме директоры Ник Бетани британиялы шаңарақтың өзбек әскерине көрсеткен адамгершилигин жоқары баҳалағаны ушын Өзбекстан басшысына миннетдаршылық билдирди. Бул сыйлық 9-май күни Джерси атаўының фашистлер басқыншылығынан азат етилгениниң 81 жыллығы алдында тапсырылғаны рәмзий мәниге ийе екенин айрықша атап өтти.

Ник Бетанийдиң сөзлерине бола, бул тек ғана тарийхқа ҳүрмет емес, ал инсан қәдирин улығлаў, халықлар арасындағы өз-ара исеним ҳәм мийрим-шәпәәтли қатнасықлардың айқын үлгиси болып есапланады.

Далси ҳәм Алан Ле Бретон ата-анасын толқынланып еследи, өзбек халқына шын жүректен миннетдаршылық билдирди. Олар фашизм пүткил инсаниятқа қәўип туўдырғанын, жеңиске халықлардың аўызбиршилиги ҳәм өз-ара жәрдеми себепли ерисилгенин атап өтти.

Ле Бретон шаңарағы да Бақижан Акрамов ҳаққындағы жақсы еске алыўлары менен бөлисти. Олардың айтыўынша, оның мийнет сүйгишлиги, кишипейиллиги ҳәм мийрим-шәпәәтлилиги пүткил шаңарақтың меҳирине тез ерискен. Туўысқанлары өзбек әскериниң тез арада инглис тилин өзлестиргенин, жақынлары арасында "Том аға" сыпатында танылғанын еследи.

Урыс жылларында басланған тарийх бүгинги күнде Өзбекстан ҳәм Уллы Британия халықлары арасындағы дослықтың тәсирли тымсалына айланды. Бул ўақыя BBC ҳәм Британияның басқа да жетекши ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендирилди.

Гейде халықларды дипломатиялық келисимлер емес, ал әпиўайы адамлардың мәртлиги, мийрим-шәпәәтлилиги ҳәм жоқары мәртебелилиги бирлестиреди. Джон ҳәм Филлис Ле Бретонның ерлиги ҳәмийше ҳақыйқый адамгершиликтиң айқын үлгилеринен бири болып қалады.

Джерси Нормандия атаўларынын ен үлкени болип, Ла-Манш буғазында жайласқан. 1940-жылы июльде атаў фашистлер тәрепинен басып алынды, олар жер асты бункерлер ҳәм туннеллер қурып, әскерий госпитал сыпатында ҳәм басқа мақсетлерде пайдаланылды.

Әпиўайы мугаллим Бақижан Акрамов фашистлер Германиясы Совет Аўқамына ҳүжим еткенинен кейин мобилизацияланып, Украинага жиберилди. Урыслардың биринде немец әскерлери 12 мың совет әскерлерин қырып таслайды, аман қалған көпшилик, соның ишинде, Акрамовты тутқынға алады.

"Том аға" ҳәр қыйлы концлагерлерде сақланып, 1942-жылдың июльинде еки мың әскерий тутқын менен бирге Джерсиге тоннеллер курыў ушын алып келинди. Бир неше айлар даўам еткен ашлық ҳәм аўыр сынақлардан кейин ол тутқыннан қашыўға еристи. Ле Бретонлар шаңарағы қашқын әскерге өз үйинде баспана берди ҳәм үш жылға шамалас ўақыт даўамында оны фашистлерден паналады. 1945-жыл май айында Бақижан Акрамов Өзбекстанга қайтып келди.

Өзлери ҳәм үш перзенти ушын өлим қәўпин туўдырыўына қарамастан, Джон ҳәм Филлис Эмили Ле Бретонлар жоқары адамгершилик уллылығын көрсетти. Арадан 81 жыл өтип, олардың қаҳарманлығы Өзбекстан Президенти тәрепинен жоқары баҳаланды.