Ушырасыўда ЕҚБШ менен экономикалық-экологиялық, сиясий ҳәм гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелери додаланды.

Ашық ҳәм конструктивлик сөйлесиў жоқары дәрежеге шыққаны, Өзбекстанның ЕҚБШ ҳәм оның системасындағы институтлар менен бирге ислесиўи избе-из беккемленип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Шөлкемниң басшылығы Өзбекстанға турақлы сапарларды әмелге асырмақта, ЕҚБШ ДИИҲБ миссиялары мәмлекетимизде сайлаў процесслерин мониторинг етиўде белсене қатнаспақта.

Трансмиллий қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў, суд-ҳуқық системасын реформалаў, гендер теңликти алға қойыў, инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәм ғалаба хабар қуралларын раўажландырыў тараўларында әмелге асырылып атырған биргеликтеги жойбарлардың нәтийжелери айрықша атап өтилди.

Тәреплер кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў, санластырыў ҳәм жасалма интеллектти раўажландырыў, кадрлардың маманлығын арттырыў, жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм “жасыл” күн тәртибин алға қойыў сыяқлы тийкарғы бағдарларда да бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Бирге ислесиў бойынша жаңа “жол картасы”н таярлап, Өзбекстанда ҳәм ЕҚБШ шеңберинде бир қатар биргеликтеги илажларды өткериў бойынша келисимге ерисилди.

Регионаллық ҳәм халықаралық күн тәртибиниң әҳмийетли мәселелери бойынша да пикир алысылды.