Сөйлесиўде қәўипсиз,
тәртипли ҳәм нызамлы миграцияны тәмийинлеў, адам саўдасына қарсы гүресиў,
мийнет мигрантларының ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, миграция тараўында
халықаралық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери додаланды.
Өзбекстан ҳәм Халықаралық
миграция шөлкеми арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў,
мақсетли қоспа жойбарларды кеңейтиў ҳәм превентив механизмлерди жетилистириў,
миграция тараўындағы алдынғы тәжирийбелерди үйрениў бойынша да пикир алысылды.
Санлы
технологиялар шараятында жүзеге келип атырған адам саўдасының жаңа түрлери,
онлайн эксплуатация ҳәм виртуал платформалар арқалы әмелге асырылатуғын
жынаятлардың алдын алыў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.
Өзбекстанда инсан қәдири ҳәм ҳуқықларын тәмийинлеўге қаратылған миграция сиясаты избе-из әмелге асырылып атырғаны атап өтилди. Атап айтқанда, адам саўдасы ҳәм нызамсыз миграцияға қарсы гүресиў, тәртипке салынған мийнет миграциясын қоллап-қуўатлаў, мигрантлардың ҳуқықларын тәмийинлеў, оларды кәсип-өнер ҳәм тилге оқытыў, сырт елде қәўипсиз мийнет етиўин тәмийинлеў ҳәм қайтып келген мигрантларды қоллап-қуўатлаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Ушырасыў соңында усы жылы 30-июль - Пүткил жер жүзилик адам саўдасына қарсы гүресиў күни, Халықаралық мигрантлар күни мүнәсибети менен Сенатта халықаралық конференция өткериў басламасы алға қойылды.