Биринши басқышта 2026-жыл 1-январьдан баслап ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасын мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў арқалы тайынлаў ҳәм төлеў системасы жолға қойылды. Жаңа система енгизилгеннен баслап 5 ай даўамында (2026-жыл январь-май) ҳәмиледарлық ҳәм туўыў бойынша ашылған 57,9 мың мийнетке жарамсызлық бети ушын жәми 658,4 миллиард сумлық напақа төлеп берилди. Мысал ушын, социаллық қамсызландырыў арқалы 2025-жылы жеке меншик секторда бәнт болған ҳаялға орташа 2,6 миллион сум декретлик напақа төленген болса, жаңа системаны енгизиў есабынан орташа напақа муғдары 14,8 миллион сумды қурады. Нәтийжеде жеке меншик секторда бәнт болған ҳаял-қызларға напақа төлеп бериў салмағы 2025-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 2 есеге артты. Өткен жылдың усы дәўиринде 5100 ҳаял напақа алған болса, быйыл бул көрсеткиш 9600 ге жетти.

Екинши басқышта қандай өзгерислер бақланбақта?

Президентимиздиң 2025-жыл 3-ноябрьдеги "Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў бойынша төлемлерди тайынлаў ҳәм төлеў системасын жетилистириўге байланыслы илажлар ҳаққында"ғы пәрманы менен мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў бойынша төлемлерди тайынлаў ҳәм төлеўдиң жаңа системасы енгизилди. Мақсет халықты аўыр турмыслық жағдайларда материаллық қоллап-қуўатлаў, рәсмий бәнтликти хошаметлеў болып есапланады.

2026-жыл 1-июльден баслап ўақтынша мийнетке жарамсызлық напақасын мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў арқалы төлеў жолға қойылады. Жаңа тәртипке бола, мийнетке жарамсызлық бети ашылғанда, бир календарь жыл даўамындағы дәслепки 5 күн ушын напақа жумыс бериўши тәрепинен, 6 күннен баслап болса Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў қоры есабынан төленеди.

Усы жыл 1-январьдан баслап, биринши басқышта декретлик төлемди проактив түрде Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў қоры арқалы төлеў жолға қойылған еди. Социаллық қамсызландырыў мәлимлеме модули ислеп шығылып, 10 министрлик ҳәм уйым менен мәлимлеме алмасыўы жолға қойылған.

- Усы жылдың өткен дәўиринде 81 мың кеселлик бети автоматикалық көрип шығылып, 58 мыңы бойынша 658,4 миллиард сумлық декретлик напақа төлеп берилди, - дейди Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң социаллық төлемлер басқармасының бас қәнигеси Дилшодхон Муҳаммаджонова. - Пәрманға муўапық, усы жыл 1-июльден ўақтынша мийнетке жарамсызлық напақасы (кеселлик напақасы) да социаллық қамсызландырыў қоры арқалы тайынланады ҳәм төленеди.

Пуқара кесел болып жумысқа шыға алмаған дәўирде де дәраматсыз қалмайды. Оның мийнет жолы ҳәм қамсызландырыў стажы есапқа алынған ҳалда мәмлекет тәрепинен социаллық қорғалады.

Жаңа система менен және нелер өзгереди?

— Бул жаңа системада 6 әҳмийетли өзгеристи атап өтиў мүмкин, - дейди Дилшодхон Муҳаммаджонова. - Бириншиден, кеселлик напақасын қаржыландырыў тәртиби өзгереди. Оған бола, бир календарь жылдағы дәслепки 5 күн ушын төлем жумыс бериўши тәрепинен, кейинги дәўир ушын болса мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў қорынан әмелге асырылады. Алдын кеселлик напақасы толық жумыс бериўшиниң қаржысы есабынан төленетуғын еди.

Екиншиден, напақа муғдары қамсызландырыў стажына қарап есапланады. Қамсызландырыў стажы 6 айдан 8 жылға шекем болса, орташа мийнет ҳақының 60 проценти, 8 жылдан жоқары болса, 80 проценти муғдарында төленеди.

Үшиншиден, жеңиллетилген категориялар ушын қосымша кепилликлер бериледи. I ҳәм II топар майыплығы болған шахслар, қарамағында төрт ҳәм оннан артық 18 жасқа шекемги перзенти болған және перзентлеринен кеминде биреўи майыплығы болған шахслар ушын напақа муғдары қосымша 20 процентке арттырылады. Алдын бундай қосымша механизмлер жоқ еди.

Төртиншиден, кеселлик дәўири ушын да айрықша тәртип белгиленбекте. Пуқараның бир жыл даўамында мийнетке жарамсызлық күнлери 77 күннен асса, напақаны есаплаўда қолланылатуғын стаж коэффициенти 10 процентлик пунктке азайтылады. Напақа бир календарь жыл даўамында жәми 182 күнге шекемги болған дәўир ушын төленеди. Бирақ бул дәўир мийнетке жарамсызлық бети 14 жасқа шекемги перзентине қараў ушын ашылған болса, қосымша 20 календарлық күнге, 16 жасқа шекем майыплығы болған перзентине қараў ушын ашылған болса, қосымша 40 календарлық күнге созылады.

Бесиншиден, напақаны тайынлаў процеси толық автоматластырылады. Жаңа системаның ең әҳмийетли тәреплеринен бири уйымлараралық санлы интеграция болып есапланады. Бул напақаларды инсан факторының қатнасыўын азайтқан ҳалда автоматикалық есаплаў ҳәм тайынлаў имканиятын береди.

Алтыншыдан, төлем мүддети анық белгиленеди. Алдын напақаларды қаржыландырыў мүддети анық белгиленбеген еди. Енди айдың 1-15 сәнелеринде тайынланған напақа усы айдың 25-сәнесине шекем, айдың 16-31-сәнелеринде тайынланған напақа кейинги айдың 10-сәнесине шекем қаржыландырылады. Алдын бул процесс те жумыс бериўши тәрепинен ишки имканият тийкарында орынланған.

Бул системаның әмелиятқа енгизилиўи нәтийжесинде жылдың ақырына шекем 800 мыңға шамалас қамсызландырылған шахсқа ўақтынша мийнетке жарамсызлық напақасын тайынлаў ҳәм төлеў нәзерде тутылмақта.

Кеселлик себепли инсанның жумыс ислеў имканияты шеклениўи мүмкин. Бундай жағдайда дәрамат дәрегиниң қысқарыўы шаңарақ бюджетине унамсыз тәсир көрсетеди. Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў системасы болса, мине, усы қәўип-қәтерлерди жумсартыў, пуқаралардың дәраматын сақлап қалыў ҳәм кәмбағаллыққа түсип қалыў итималын азайтыўға хызмет етеди.

Жаңа система жумыс бериўшилер ушын да әҳмийетли. Алдын ўақытша мийнетке жарамсызлық напақаларын төлеў менен байланыслы финанслық жүктиң тийкарғы бөлеги жумыс бериўшилердиң мойнында болған болса, енди узақ мүддетли кеселлик жағдайларындағы төлемлер мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў системасы арқалы әмелге асырылады. Бул болса исбилерменлик субъектлериниң финанслық жүгин қысқартыў, жумыс орынларын сақлап қалыў ҳәм жаңа жумыс орынларын ашыў ушын қосымша имканиятлар жаратады.

Бул системаның және бир әҳмийетли тәрепи социаллық әдиллик принциплери тийкарында қурылғанында. Напақаның муғдары пуқараның қамсызландырыў стажы ҳәм рәсмий мийнет жумысына байланыслы ҳалда белгиленеди. Бул болса рәсмий бәнтликти хошаметлеў, мийнет қатнасықларын нызамластырыўға хызмет етеди ҳәм ҳәр бир пуқараның социаллық қорғалыўын өзиниң мийнет искерлиги менен байланыстырады.

Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў системасының ең әҳмийетли абзаллықларынан бири толық санластырылғанында. Ўақытша мийнетке жарамсызлық напақасы электрон мийнетке жарамсызлық бети ҳәм мәмлекетлик мәлимлеме системаларындағы мағлыўматлар тийкарында пуқараның мүрәжатысыз, проактив түрде тайынланады.

Бул напақаларды тайынлаў процесиниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў, артықша ҳүжжетпазлықты сапластырыў ҳәм инсан факторының қатнасыўы менен байланыслы қәўиплерди азайтыўға хызмет етеди.

Рисолат МАДИЕВА,

“Янги Ўзбекистон” хабашысы