Инсаниятқа тәбияттан надурыс пайдаланыўдың аўыр ақыбетлеринен сабақ берип атырған бул глобал машқала себепли, әсиресе, регионымыз мәмлекетлери үлкен социаллық-экономикалық зыян көрмекте. Бир ғана мысал, Аралқумнан жылына 100 миллион тонна шаң ҳәм дуз көтериледи. Бул, өз гезегинде, түрли кеселликлерге себеп болыўы, жердиң шорланыў процесин тезлестириўи мүмкин. Арал теңизиниң қурыўы нәтийжесинде 3 миллион гектар майдан жарамсыз ҳалға келгени ҳәм аймақтың 56 проценти самал эрозиясы тәсиринде екени, елимиз шараятында жер ресурсларының жаманласыўы экономикамызға ҳәр жылы 830 миллион доллар зыян келтирип атырғаны да зыян көлеминиң қаншелли кеңлигин аңлатады.

Соның ушын Аралбойы регионында экологиялық жағдайды жақсылаўға мәмлекетлик сиясат дәрежесине үлкен итибар қаратылмақта. Арал теңизиниң қурыўы ақыбетлерин жумсартыў, соның ишинде, теңиздиң қурыған түбин жасылландырыў, яғный кең көлемли тиклениў жумыслары алып барылмақта.

Кейинги жыллары Аралбойының 2 миллион гектардан аслам шөл аймақларында қурғақшылыққа шыдамлы өсимликлер егилгени де пикиримизди тастыйықлайды. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен 2021-жылы БМШтың Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққындағы арнаўлы резолюциясы қабыл етилгени, 2018-жылы болса Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарындағы траст фондына тийкар салынғаны бул мәселениң қаншелли әҳмийетли екени ҳәм Өзбекстан оны шешиўге қатаң кирискенинен дәрек береди.

Итибарлы тәрепи, бул бағдардағы жумыслар избе-из даўам еттириледи. Атап айтқанда, жаңаланған "Өзбекстан - 2030" стратегиясында Арал теңизиниң қурыған ултаны ҳәм Аралбойы және басқа да шөл аймақларында қосымша 1,3 миллион гектар майданда "жасыл қапламалар" жаратыў, сондай-ақ, "Жасыл климат" ҳәм Глобал экологиялық қорлардың биокөптүрлилик, климат өзгериўи ҳәм топырақ жемирилиўиниң алдын алыўға қаратылған бағдарламалары тийкарында 30 миллион доллар баҳасындағы жойбарларды әмелге асырыў сыяқлы үлкен ўазыйпалар белгиленгени солай деўимизге толық тийкар жаратады.

Әсиресе, Аралды қайта тиклеў бағдарында регион мәмлекетлери өз-ара бирге ислесиўде үлкен нәтийжелерге ерисип атырғаны дыққатқа ылайық. Соның ишинде, теңиздеги суў көлеми 2025-жылдың ақырына келип 23 миллиард куб метрге жетти, 2022-жылы бул көрсеткиш 18,9 миллиард куб метрди қураған еди. Онда Аралды қутқарыў халықаралық қоры әҳмийетли роль атқарып атырғанын атап өтиў керек.

Қордың бул бағдардағы әҳмийети ҳаққында Президентимиз Аралды қутқарыў халықаралық қорын шөлкемлестириўши мәмлекетлер басшылары кеңесиниң 2023-жыл 15-сентябрьде болып өткен гезектеги мәжилисинде "Аралды қутқарыў халықаралық қоры - бул, бәринен бурын, Орайлық Азия мәмлекетлериниң глобаллық көлемдеги ең өткир машқалалардан бирин шешиў бойынша көп тәреплеме бирге ислесиў бағдарындағы бийбаҳа тәжирийбеси болып есапланады", деген еди.

Қордың жумыс ислеп атырғанына 33 жыл болған болса да, кейинги он жыллықта ғана оның әмелий ҳәрекетлери сезилерли дәрежеде өзгерди, пайдалылық коэффициенти есесине артты. Усы мәнисте, қор шөлкемлестириўши мәмлекетлер басшылары кеңесиниң усы жыл 22-23-апрель күнлери Астанада өткерилиўи режелестирилген гезектеги мәжилиси ҳәм регионаллық экологиялық саммитлер нәтийжели жаңа жойбарларды ислеп шығыўға тийкар болыўы менен әҳмийетли болып есапланады.

Бул апатшылық регион халқы узақ жыллардан берли гүресип киятырған глобал экологиялық машқалалардан бири. Мәмлекетимиз басшысы өткен жылы 4-5-апрель күнлери Самарқанд халықаралық климат форумында шығып сөйлеген сөзинде "Биз әллеқашан инсанияттың ең үлкен апатшылықларынан бири - Арал теңизиниң қурыўы ақыбетлерин басымыздан өткерип атырмыз", деп атап өткени бийкарға емес.

Өзбекстан бул апатшылықтың қандай ақыбетлерге алып келиўи мүмкин екенлигин терең аңлаған ҳалда Аралды қайта тиклеў, теңиздиң қурыған бөлегин көклемзарластырыў бағдарында үлкен жойбарларды әмелге асырмақта. 2021-жылы мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алға қойылған "Жасыл мәкан" жойбары солардан бири.

Бес жылдан берли "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде ҳәр жылы 200 миллион түп нәл егилип, өткен дәўирде 2000 гектардан аслам майданда 942 жасыл бағ ҳәм жасыл жәмийетлик парк, 47 массивте "Жаңа Өзбекстан бағлары" қурылды. Улыўма, қысқа мүддетте республиканың жасыллық дәрежеси 8 проценттен 14,2 процентке артты.

Бул жойбар шеңберинде 2025-жылы Арал теңизи ултанында 100 мың гектар "жасыл майдан" жаратылған болса, усы жылы Қарақалпақстан, Хорезм, Бухара ҳәм Наўайыда жәми 250 мың гектар, соның ишинде, Аралдың қурыған ултанында 115 мың гектар жерде терек ҳәм путалар егилиўи режелестирилген.

Бул жумыслар есабат ушын исленип атырған жоқ. Аймақлардың климат шараятынан келип шыққан ҳалда оған сәйкес нәллер жерге отырғызылмақта. Мәселен, Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Жиззақ ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларының таңлап алынған аймақларында шор ҳәм суўсызлыққа шыдамлы өсимликлер (галофит) бағлары шөлкемлестирилмекте. Айырым аймақларда ин-витро лабораториялары ашылып, аймақлардың тәбийғый шараятына сай түрлер жетистирилмекте.

Шорланыў күшли болған Арал теңизиниң қурыған майданында арундо донакс деп аталатуғын егин түри егилмекте. Арундо донакс көп жыллық қамыс, әдетте 6 метрге шекем өседи. Қолайлы шараятта болса бойы 10 метрден асып кетиўи мүмкин. Бул болса аймақтан дузлы шаң ҳаўа көтерилиўине тосқынлық етеди.

Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья улыўма байлығымыз

Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья бассейнлери региондағы дәрья суўларының 90 процентине шекемги бөлегин тәмийинлейди. Халықаралық экспертлердиң атап өтиўинше, бул дәрьяларда суў ағымының азайыўы нәтийжесинде 2040-жылға барып Орайлық Азия мәмлекетлери жоқары дәрежедеги суў тамтарыслығына дус келиўи мүмкин. Бул регионның 80 миллионнан аслам халқына тәсир етеди.

Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Түркменстанда болса суўғарыў системасы ҳәм санаат дәрьядағы суўға байланыслы. Каналлар ҳәм дренажлардың гөнергени себепли суўғарыў системаларында суўдың шығыны 30-40 процентке шекем, айырым аймақларда 50 процентке шекем болады. Кейинги жыллардағы климат өзгериўи ҳәм қурғақшылықтың аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигине тәсири күшейип, жағдайды және де аўырластырмақта.

Оған қарсы Өзбекстанда зәрүр илажлар көрилмекте. Соның ишинде, суў ресурсларын үнемлеў мақсетинде ирригация системалары бетонластырылмақта. Суўды үнемлейтуғын технологияларды ислеп шығарыў бойынша санаат базасы жаратылмақта, суўғарылатуғын жерлердиң дерлик ярмында әне усындай технологиялар енгизилген. Нәтийжеде 2024-жылы 8 миллиард куб метр суў үнемленди.

Сонлықтан, мәмлекетимиз басшысы өткен жылы Самарқанд халықаралық климат форумында Орайлық Азия мәмлекетлерин суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бағдарындағы ҳәрекетлерди бирлестириў ҳәм бул тараўда регионаллық бағдарламаны иске қосыўға шақырған еди.

Ҳақыйқатында да, Орайлық Азия мәмлекетлери өз-ара биргеликте бул машқалаларға қарсы гүресиўи керек. Бул бағдарда ҳәзирги ўақытта бир қатар биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылмақта. Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан мәмлекет басшылары региондағы машқалаларды өз-ара аўызбиршиликте шешиўге кирискен.

Соның ишинде, Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Қырғызстан арасында Қамбарата ГЭС-1 жойбарын биргеликте әмелге асырыў ҳаққындағы келисим регионның суў-энергетика ресурсларынан биргеликте пайдаланыў әмелиятында жаңа бет ашқаны туўысқанлық бирге ислесиўдиң айқын дәлили болып есапланады. Ташкент ҳәм Бишкек арасында Чашма булағынан биргеликте пайдаланыў ҳаққындағы келисим де ақылға уғрас маўасаға мысал бола алады.

Өзбекстан ҳәм Тәжикстанның қатнасыўында Зарафшан дәрьясында Яван ҳәм Фондарё ГЭСлерин қурыў бойынша бирге ислесиў алға илгерилемекте, Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қазақстан арасында Баҳри Тәжик суў сақлағышын вегетация дәўиринде келисилген тәртипте ислетиў, сондай-ақ, Түркменстан менен ҳүкиметлераралық келисим шеңберинде Әмиўдәрья суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша келисимлерге ерисилди. Бул суў ресурсларын биргеликте басқарыўды жақсылайды ҳәм экологиялық машқалалар қәўпин азайтады.

"Жасыл" энергетика экологиялық теңсалмақлылықты сақлайды

Экологиялық теңсалмақлылықты жақсылаў ушын дүнья мәмлекетлери өндирис, санаат, аўыл хожалығы ҳәм басқа да түрли тараўларда "жасыл" энергиядан пайдаланыўға өтпекте. Орайлық Азия мәмлекетлери де кейинги жыллары бул бағдарға айрықша итибар қаратпақта.

Атап айтқанда, Өзбекстанда соңғы бес жылда 6 мың мегаваттлы қуяш, самал ҳәм гидро электр станциялары иске қосылды, улыўма генерацияда "жасыл" энергияның үлеси 30 процентке жетти.

2025-жылдың ақырында сырт елли шериклер менен жәми 3,5 мың мегаваттлы, 4 миллиард 200 миллион долларлық жаңа "жасыл" қуўатлықлардың қурылысына старт берилди. Бул жумыслар арқалы 2026-жылдың өзинде 7 миллиард куб метр тәбийғый газ үнемленеди ҳәм ҳаўаға 11 миллион тонна зыянлы заттың шығыўының алды алынады.

Булардың барлығы 2030-жылға шекем қосымша 17 мың мегаваттан аслам қайта тиклениўши энергия қуўатлықларының иске қосылыўы, нәтийжеде "жасыл" энергияның жәми генерациядағы үлеси 54 процентке жеткерилиўине хызмет етеди. Өзбекстан қоңсы мәмлекетлер менен биргеликте альтернатив энергетикадан түрли тараўларда пайдаланыў менен бирге, оны Европа базарына экспорт етиўди де гөзлеген.

Бул бағдарда Орайлық Азия мәмлекетлери өз-ара биргеликте үлкен жойбарларға қол урмақта. Атап айтқанда, Қазақстан ҳәм Әзербайжан менен биргеликте Европаға электр энергиясын експорт етиў ушын "жасыл коридор" жойбары күн тәртибине келтирилген.

Бакудеги СОР29 саммитинде қол қойылған келисим тийкарында әмелге асырылып атырған бул жойбар шеңберинде ҳәзирги ўақытта системалы жумыслар исленбекте. Оған бола, Каспий ҳәм Қара теңиз астынан кабель тартыў арқалы Европаға "жасыл стратегиялық коридор" жаратылып, "жасыл" энергия экспорт етилиўи нәзерде тутылған. Ҳәзирги күнде Италия компаниясы тәрепинен технологиялар ислеп шығарылмақта. Қоңсы мәмлекетлер менен бирден-бир энергетика базарын жаратыў жолынан барылмақта. Бул дүнья энергетика базарында Орайлық Азия өзиниң үлкен орнына ийе болатуғынын билдиреди.

***

Жоқарыда атап өтилген бағдарлардағы бирге ислесиўде Аралды қутқарыў халықаралық қорының жумысы айрықша әҳмийетке ийе. Қор шөлкемлестириўши мәмлекетлер басшылары кеңесиниң жақында болып өтетуғын мәжилиси болса бул бағдарда кейинги қәдемлер, келешекте өз-ара биргеликте әмелге асырыў зәрүр болған илажларды белгилеп алыў көзқарасынан регионның барлық мәмлекетлери ушын бирдей пайдалы болып есапланады.

Санжар ЭШМУРОДОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы