Халықаралық мийнет шөлкеми (ILO), Миграция бойынша халықаралық шөлкем (IOM), Халықаралық миграция сиясатын раўажландырыў орайы (ICMPD), Жәҳән банки, Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеми (OECD) таллаўларына бола, 2030-жылға шекем глобал мийнет базарында демографиялық кризис ҳәм технологиялық трансформация процеси бақланады. Халықаралық мийнет базарында қәнигелерге талап тийкарынан демографиялық өзгерислер (халықтың қартайыўы), санластырыў, жасалма интеллект ҳәм "жасыл" экономикаға өтиў факторлары есабынан қәлиплеседи. Европа мәмлекетлеринде халықтың қартайыўы ҳәм мийнетке жарамлы жас шегарасының қысқарыўы тийкарғы машқалаға айланып бармақта. Бул аймақта жумысшы күшиниң жетиспеўшилиги 7,5 миллионнан 10,5 миллионға шекем жетиўи мүмкин. Инженерлик, жоқары технологиялық өндирис, қурылыс, транспорт ҳәм логистика, аграр тараў, медицина, IТ, туризм ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында жумысшы күшиниң жетиспеўшилиги артып барады.

Мысал ушын, Германияға ҳәр жылы кеминде 400 мың маман мигрант кирип келмесе, ЖИӨ өсиўден тоқтайды. Арқа Европа мәмлекетлери экологиялық таза технологиялар орайына, Шығыс Азия регионы болса халқы ең тез қартайып атырған ҳәм туўылыў коэффициенти төмен аймаққа айланбақта. Японияда тәрбиялаў, аўыл хожалығы, қурылыста 6,4-7 миллион, Қубла Кореяда кемесазлық, металлды қайта ислеў, электроника ҳәм санаатта 1,2-1,5 миллион жумысшы күшине талап сезилиўи мүмкин.

Қәнигелер глобал мийнет базарында талап артып атырған тараў ҳәм кәсиплер қатарына медицина, социаллық тәмийнат, "жасыл" энергетика, экология, заманагөй қурылыс, инфраструктура, санаатты автоматластырыў, жоқары технологиялар, жасалма интеллект ҳәм транспорт-логистика хызмети сыяқлыларды киргизеди.

Буннан тысқары, халықаралық категориядағы жүк машинасы айдаўшылары, қоймаханаларды автоматикалық басқарыў операторлары, GPS, санлы тахографлар ҳәм логистика бағдарламалары менен ислесиў көнликпесине ийе, маман айдаўшыларға талап артып бармақта. Кәрхана ҳәм шөлкемлер, компаниялар тәжирийбеси ҳәм маманлығы жоқ адамларды жумысқа алып, кейин оларды қайта оқытыў ушын инвестиция жумсаўға мәжбүр болмақта.

Мәмлекет көнликпелерге талап болмаған ямаса мийнет базарында артықша қәнигелердиң билим алыўын қаржыландырыўда даўам етпекте. Билимлендириў мәкемелери жумыс бериўшилердиң ҳәзирги мүтәжликлерине сәйкес кадрлар таярлағанша жумыс бериўшилердиң талаплары өзгерип кетеди.

Солай екен, не қылыў керек? Буның шешими жасларды халықаралық көлемде билим алыў, кәсип үйрениў, тәжирийбе арттырыў ҳәм жумыс пенен тәмийинлеў имканиятларын сәўлелендиретуғын зәрүр илажларды көриўде. Бул процессте халықаралық талапларға жуўап беретуғын бәсекиге шыдамлы орта буўын кадрларды таярлаў тийкарғы ўазыйпалардан. Яғный, кәсиплик билимлендириў системасына халықаралық стандартлар тийкарында халықаралық билимлендириў бағдарламаларын енгизиў үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Усы мәниде, Президентимиздиң 2025-жыл 23-октябрьдеги "Профессионал билимлендириў системасында басқарыў нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманына муўапық Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жанында профессионал билимлендириў шөлкемлериниң жумысын муўапықластырыў ҳәм профессионал билимлендириў тараўын басқарыўға жуўапкер болған Кәсиплик билимлендириў агентлигиниң шөлкемлестирилгени мақсетке муўапық болды.

Пәрман елимизде маман орта буўын кадрларын таярлаў, халықаралық билимлендириў бағдарламаларын енгизиў ҳәм экономиканың заман талапларына бейимлесетуғын оқыў системасын жаратыўға қаратылған кең көлемли реформаларды баслап берди. Онда тек ғана кәсиплик билимлендириў системасын жетилистириў емес, ал оқытыў ҳәм өндирис секторы арасындағы интеграцияны ҳәм халықаралық мийнет базарына кириў имканиятларын арттырыў нәзерде тутылған.

Ҳәзир елимиздеги 47 техникумның 4000 нан аслам оқыўшысы Уллы Британияның Pearson, Германияның “AVESTOS”, “Аskania Bildung”, Швейцарияның “Globogate Concept” AG ҳәм Саудия Арабстанының “ACWA Power” компанияларының билимлендириў бағдарламалары тийкарында халықаралық дәрежедеги кәсип ҳәм шет тиллерин үйренбекте. Соның менен бирге, ҳәзир өзбекстанлы жаслар сыртқы мийнет базарында қурылыс, транспорт, медицина, туризм, хызмет көрсетиў, инженерлик ҳәм IТ тараўында жумысқа жедел жайласпақта. Бул арқалы олардың маманлық ҳәм тәжирийбе арттырыў имканияты кеңейип бармақта.

Усы жыл 20-апрель күни Президентимиз сыртқы мийнет миграциясын тәртипли шөлкемлестириў, пуқараларды сырт елдеги жоқары дәраматлы жумыс орынларына таярлаў ҳәм оларды ҳәр тәреплеме қорғаўға қаратылған илажлар бойынша таярланған презентация менен танысты.

Бүгин ўатанласларымыз 40 қа шамалас мәмлекетте мийнет етпекте. Сырт елде жумыс ислеп атырған пуқаралардың саны 1,2 миллионды қурамақта. Европа ҳәм Шығыс Азиянын раўажланған мәмлекетлеринде маман жумысшы күшине талап жылдан-жылға артып бармақта. Қалаберди, Европа комиссиясының 2030-жылға шекемги жаңа миграция стратегиясында Орайлық Азия менен миграция бағдарламалары, кадрлар таярлаў ҳәм нызамсыз миграцияның алдын алыўға айрықша итибар берилген.

Сырт елден тил ҳәм кәсип талапларына жуўап беретуғын 100 мыңнан аслам маман қәнигеге буйыртпа келип түскен. Соның ишинде, Германияға 40 мың мийирбийке, Японияға қурылыс, логистика ҳәм сервис тараўлары бойынша 15 мың қәниге зәрүр.

Бул талапты қаплаўда Германия, Қубла Корея ҳәм Япония компаниялары менен техникумлар негизинде шөлкемлестирилген қоспа билимлендириў жойбарлары үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Сырт ел компанияларының қатнасыўында шөлкемлестирилген 12 "Кәсип плюс тил" принципи тийкарында қоспа билимлендириў жойбарларында 8500 пуқара оқымақта. Олардың 3000 питкериўшиси әллеқашан жумысқа жайласты.

Енди бундай жойбарлардың санын 20 ға жеткериў, талап жоқары заманагөй кәсип ҳәм шет тиллерине оқытыў көлемин 50 процентке кеңейтип, қамтып алыўды 10 мыңнан арттырыў режелестирилген. Соның ишинде, Ташкент қаласында 12 талап жоқары кәсип, 7 шет тилине оқытыў, 6 сертификат имтиханын өткериў ушын шараятлар ҳәм 600 орынлық оқыў кампусын қамтып алған мақсетли таярлаў орайын шөлкемлестириў нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, Әндижан, Самарқанд, Ферғана ҳәм Ташкент қаласындағы медицина техникумларында мийирбийкелерди шет тили ҳәм кәсиплик көнликпелер бойынша халықаралық имтиханларға таярлайтуғын арнаўлы оқыў курслары ашылады. Соның менен бирге, қурылыс тараўында бетоншы, қәлиппаз, арматура тоқыўшы ҳәм кепсерлеўшилерди таярлаў және маманлығын баҳалаў орайларын кеңейтиў илажларын көриў белгилеп берилди.

Техникумларда халықаралық билимлендириў бағдарламаларын қолланыў бир қатар абзаллықлар береди. Соның ишинде, оқытыў сапасы арттырылады, яғный әмелиятқа бағдарланған оқыў бағдарламалары енгизиледи ҳәм халықаралық аккредитациядан өткериледи. Техникум дипломлары сырт ел жумыс бериўшилери тәрепинен тән алынып, питкериўшилер халықаралық мийнет базарында жоқары дәраматлы жумысқа жайласады. Халықаралық билимлендириў бағдарламалары енгизилетуғын техникумлардың педагог ҳәм өндирислик билимлендириў усталары сырт ел тәжирийбеси тийкарында маманлығын арттырып, қайта таярлықтан өтеди. Халықаралық билимлендириў бағдарламаларының материаллық-техникалық базасы алып келинеди, оқыў-лаборатория ханалары сырт мәмлекетлердиң стандартлары тийкарында үскенеленеди. Нәтийжеде оқыўшылардың әмелий көнликпеси халықаралық стандартларға сәйкеслеседи.

Улыўма алғанда, техникумларда халықаралық билимлендириў бағдарламаларын енгизиў тек ғана оқытыўдың сапасын арттырыў емес, ал жасларды глобал мийнет базарына таярлаў, бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, экономикалық миграцияны нызамластырыўда жүдә қолайлы болады. Басқаша айтқанда, глобал билимлендириў ҳәм сыртқы мийнет базарының интеграциясы өзбекстанлы жасларға жаңа имканиятлар есигин ашады. Бул индивидуал раўажланыўдан тысқары, мәмлекетимиз экономикасының раўажланыўына да хызмет етеди. Бүгин бизде бул мәселеге айрықша итибар қаратылып атырғанының себеби де сонда.

Фаррух МАШАРИПОВ,

Кәсиплик билимлендириў агентлиги басқарма баслығы