Усы мақсетте ҳәр жылы бес жүз мың ул-қызлардың заманагөй кәсипке ийе болыўын тәмийинлейтуғын "Келешек билимлери экосистемасы", "кәсип ваучеры" системасы, техникумларда жеке меншик сектордың қатнасын кеңейтиў және халықаралық кәсиплик сертификатларды енгизиў сыяқлы бир қатар әҳмийетли басламаларды алға қойды. Бул стратегиялық бағдар мәмлекетимизде кейинги жыллардағы институционаллық реформаларда да өз көринисин таппақта. Атап айтқанда, кәсиплик маманлықларды халықаралық стандартлар тийкарында баҳалаў ҳәм қәнигелердиң көнликпелерин турақлы арттырып барыў мақсетинде шөлкемлестирилген Миллий техникалық маманлықты баҳалаў ҳәм қәнигелигин арттырыў орайы (NTQTTC) буны айқын тастыйықлайды.Жумыс бериўши менен питкериўши арасындағы ең кең тарқалған машқала диплом менен реал көнликпе арасындағы айырмашылық болып табылады. Яғный талабанның қолында ҳүжжет бар, бирақ станок алдында, электр схемасы ямаса кепсерлеў аппараты менен ислеў бойынша маманлығы ҳеш жерде тастыйықланбаған. Әне усы машқаланы системалы шешиў мақсетинде маманлықты баҳалаў орайларының жумысын тәртипке салатуғын реже де тастыйықлады. Бул пүткил мәмлекет бойлап болып атырған реформалардың киши, бирақ нәтийжеге қаратылған үлгиси болып есапланады. Яғный еки ҳүжжет логика ҳәм мақсетти бирлестирди. Мийнет базары ҳәм билимлендириў системасын байланыстырыўшы бирден-бир қурал - миллий қәнигеликлер тәртиби енгизилди. Бул тәртип сегиз басқышлы қәнигелик дәрежелерин, ҳәр бир дәрежеге қойылатуғын билим, көнликпе ҳәм жуўапкершилик талапларын белгилейди және Европа стандартлары менен үйлестирилди. Басқаша айтқанда, енди "қәнигелик" түсиниги абстракт емес, ол анық өлшенетуғын, тармақ кеңеслери тәрепинен жумыс бериўшилер менен биргеликте ислеп шығылатуғын кәсиплик стандартларға сүйенеди. Нәтийжеде енди ҳәр қыйлы орайлар бирден-бир мәмлекетлик стандарт тийкарында имтихан өткереди. Берилетуғын маманлық сертификаты болса мәмлекет бойлап бирдей юридикалық күшке ийе болады.Жаңа тәртипке бола, мәмлекетимиздеги барлық маманлықты баҳалаў орайлары республикалық кеңес тәрепинен тастыйықланған бирден-бир регламент тийкарында аккредитациядан өтиўи шәрт. Сондай-ақ, миллий маманлық системасының бирден-бир санлы платформасы иске қосылып, ол министрликлер ҳәм уйымлардың мәлимлеме системаларына интеграцияланады. Бул платформа арқалы талабан онлайн арза тапсырыўы, имтихан нәтийжелерин бақлаўы ҳәм ҳәттеки орайдың қарарына апелляция бериўи мүмкин. Усы жылдың ақырына шекем миллий дәрежеде 1800 ге шамалас кәсип бойынша стандарт ислеп шығылады.Бәринен бурын, мәмлекетимиздиң кадрлар таярлаў системасында узақ жыллар даўамында бар болған "диплом бар, көнликпе жоқ" машқаласы институционаллық дәрежеде сапластырылады. Қалаберди, жумыс бериўши енди талабанды таңлаўда тосыннан емес, стандартластырылған ҳәм аккредитациядан өткен маманлық сертификатына сүйенеди. Соның менен бирге, техникалық кәсип ийелери, яғный бүгин автомеханик, электрик ямаса кепсерлеўши болып ислеп атырған мыңлаған жаслар ушын өз шеберлигин рәсмий тастыйықлаў, сол арқалы мийнет ҳақы ҳәм мәртебе имканиятларын арттырыў жолы ашылады.Әлбетте, бул жолда шешилиўи керек болған ўазыйпалар аз емес. Аккредитация талапларына бейимлесиў, санлы платформаға интеграциялаў, жаңа бағдарлар бойынша стандартлар ислеп шығыў аңсат жумыс емес. Бирақ ҳәзирги ҳәрекетлер "билим, кәсип ҳәм технология" формуласының ҳақыйқый, өлшенетуғын нәтийжеге айланып атырғанынан дәрек береди. Келеси еки-үш жылда әне усындай киши, бирақ ислеп атырған модельлердиң улыўма миллий системаға табыслы интеграцияланыўы жаңа Өзбекстан мийнет базарының халықаралық бәсекиге шыдамлылығын белгилейтуғын шешиўши факторға айланады. Миллий техникалық маманлықты баҳалаў ҳәм қәнигелигин арттырыў орайы директорының орынбасары.
Бобомурод ЎТАЕВ,
Миллий техникалық маманлықты баҳалаў ҳәм қәнигелигин арттырыў
орайы директорының орынбасары.