Ушырасыўда университеттиң Өзбекстандағы филиалы жумысы менен байланыслы
әҳмийетли мәселелер додаланды. Атап айтқанда, тәреплер 2026-2027-оқыў жылы ушын
қабыллаў кампаниясын нәтийжели шөлкемлестириў, филиалды иске қосыў, Жаңа
Ташкент қаласында заманагөй кампус қурыўға таярлық көриў мәселелерин көрип
шықты.
Қәбилетли жасларды инженерлик билимлендириўге тартыў, жоқары маманлықтағы
инженер кадрлар таярлаўдың сапасын буннан былай да арттырыў ҳәм қоспа
билимлендириў жойбарларын әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Сондай-ақ,
тәреплер жаңа кампус қурылысының басланыўына бағышланған салтанатлы мәресимди
шөлкемлестириў, филиалды буннан былай да раўажландырыў, жоқары инженерлик
билимлендириўи тараўында Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы бирге ислесиўди
беккемлеў бойынша гезектеги әмелий илажларды додалады.
Ушырасыў
жуўмағында тәреплер белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын әмелий бирге
ислесиўди избе-из даўам еттириўге келисип алды.