Сөйлесиўлер ўақтында Россияда жумыс ислеў нийетинде болған талабанларды
шөлкемлескенлик пенен жумысқа жибериў механизмлерин жетилистириў, сондай-ақ,
тиккелей Өзбекстанда шығыў алдынан тийкарғы тәртип-қағыйдаларды шөлкемлестириў
мәселелери додаланды.
Атап айтқанда, "барлық процесслер бир жерде" принципи
тийкарында комплексли орай шөлкемлестириў усыныс етилди. Орайда жолға шығыў
алдынан тест өткериў, медициналық тексериў, биометрия ҳәм дактилоскопия,
ҳүжжетлерди тексериў нәзерде тутылған.
Сондай-ақ,
Ташкентке келиўге кететуғын ўақыт ҳәм қәрежетлерди қысқартыў мақсетинде рус
тили бойынша имтиханларды тиккелей аймақларда шөлкемлестириў мәселеси де
додаланды. Бул ушын 4 аймақта зәрүр инфраструктура таярланған.
Тийкарғы мақсет -
Россияда жумыс ислеўди режелестирген пуқаралар қай жерде, қайсы кәрханада ҳәм
қандай шараятта ислеўин алдыннан анық билиўи, зәрүр ҳүжжетлерди алдыннан
рәсмийлестирип, тийисли тәртип-қағыйдалардан өтиўи, белгили бир жумыс
бериўшиниң арзасы тийкарында нызамлы ҳәм түсиникли жол менен жумысқа шығыўын
тәмийинлеў.