Бул дизимге алыў Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 19-сентябрьдеги "Өзбекстан Республикасында халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыўды өткериў ҳаққында"ғы ПП-173-санлы Пәрманына муўапық 2026-жыл 15-январьдан 28-февральға шекем өткерилди.

Конференция Миллий статистика комитети тәрепинен БМШтың Халықтаныў қоры (UNFPA) ның Өзбекстандағы ўәкилханасы менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Онда мәмлекетлик уйымлар, халықаралық бирге ислесиўши шөлкемлердиң ўәкиллери, экспертлер, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты. Илаж даўамында халықты дизимге алыўдың дәслепки нәтийжелери, қолланылған методологиялық көзқараслар, санлы технологиялардан пайдаланыў тәжирийбеси, сондай-ақ, жыйналған мағлыўматлардан мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм стратегиялық қарарларды ислеп шығыўда пайдаланыў имканиятлары ҳаққында мағлыўмат берилди.

Халықты ҳәм аўыл хожалығын хатлаў мәмлекеттиң демографиялық, социаллық-экономикалық ҳәм аграр жағдайы ҳаққында исенимли мәлимлеме базасын қәлиплестириўге қаратылған ири статистикалық процесс болып есапланады. Усы илаж шеңберинде халықтың саны, аймақлар кесиминде жайласыўы, жас-жыныс қурамы, жасаў шараяты, социаллық-экономикалық жағдайы, аўыл хожалығы субъектлери ҳәм ресурслары бойынша әҳмийетли мағлыўматлар қәлиплестирилди.

Дәслепки нәтийжелерге бола, онлайн дизимге алыў процесинде халықтың 82,3 проценти қамтып алынған. Онлайн дизимнен өте алмаған халықты қамтып алыў жумыслары "мәҳәлле жетилиги" ўәкиллери тәрепинен планшетлер арқалы үйме-үй жүриў арқалы шөлкемлестирилди. Халықты дизимге алыўдан кейинги үйрениў нәтийжелерине бола, улыўма халықтың 97,3 проценти дизимге алыў менен қамтып алынған болса, 2,7 проценти ҳәр қыйлы себеплерге бола дизимге алыў процесслеринде қатнаспаған. Халықаралық нормаларға бола, бул жол қойылатуғын көрсеткиш болып есапланады, себеби ҳәр қыйлы мәмлекетлердиң әмелиятында қамтып алынбаған халықтың үлеси 10 процент ҳәм оннан да көп болыўы мүмкин.

Санақты шөлкемлестириўде қәрежетлердиң нәтийжелилигине айрықша итибар қаратылды. Дәслепки есап-санақларға бола, бир адамды дизимге алыў қәрежети 0,12 АҚШ долларын қураған.

Илажға таярлық көриў ҳәм оны өткериў процесинде 8,2 миллионнан аслам объект бойынша геолокациялық мағлыўматлар қәлиплестирилди. Бул мағлыўматлар елатлы пунктлер, турақ жайлар, аўыл хожалығы объектлери ҳәм басқа да мәнзилли бирликлерди анық есапқа алыў, аймақлар кесиминде анық мағлыўматлар менен буннан былай да ислесиў имканиятын жаратады.

Орынларда бул процессти шөлкемлестириўде "мәҳәлле жетилиги"ниң 55 мыңнан аслам ўәкиллери қатнасты. Санақ өткериў дәўиринде “OneID” системасынан пайдаланыў көлеми де сезилерли дәрежеде кеңейди. Атап айтқанда, усы дәўирде “OneID” системасында 2,1 миллион жаңа пайдаланыўшы дизимнен өткен.

Буннан тысқары, халықтың мүрәжатларына оператив түрде мүнәсибет билдириў мақсетинде "call-орай" жумысы жолға қойылды. Халықты дизимге алыў процесинде колл-орай арқалы ҳәр күни 2 мыңнан аслам мүрәжат қайта исленди.

Халыққа санақтың мазмун-мәнисин кеңнен түсиндириў, пуқаралардың белсендилигин тәмийинлеў мақсетинде кең көлемли үгит-нәсият жумыслары алып барылды. Атап айтқанда, улыўма түсиндириў материаллары, мультипликациялық роликлер, дизимге алыў қағазларын толтырыў бойынша арнаўлы видеоқолланбалар, алдаўшылық жағдайларынан ескертиўши материаллар, “OneID” системасы арқалы дизимнен өтиў тәртиби бойынша видеоматериаллар, халықаралық шөлкемлер менен биргеликте таярланған 10 нан аслам видеороликлер таярланды. Бул материаллар ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда кеңнен сәўлелендирилди. Пуқаралар ушын дизимнен өтиў тәртиби, онлайн қатнасыў имканиятлары, дизимге алыў қағазларын толтырыў ҳәм басқа да мәселелер бойынша 30 дан аслам брифинг өткерилди. Республика көлеминде телеканаллар арқалы дизимге алыў процесине бағышланған 723 сюжет ҳәм репортаж көрсетилди, интернет басылымлары ҳәм социаллық тармақларда 19 мыңға шамалас мәлимлеме-түсиндириў материаллары жәрияланды, газеталарда 184 мақала ҳәм хабарлар жайластырылды. Сондай-ақ, белгили шахслар, спортшылар, депутатлар, жәмийетлик белсендилер, ҳәр қыйлы тараў ўәкиллериниң қатнасыўында 100 ден аслам информациялық интервью таярланды. Халық көп жыйналатуғын орынларда 500 ге шамалас үлкен баннер ҳәм 30 мыңнан аслам плакатлар орнатылып, 400 ден аслам LED мониторларда мәлимлеме видеороликлер көрсетилди.

Дәслепки мағлыўматларға қарағанда, Өзбекстан халқының саны 1989-жылғы санақ нәтийжелери менен салыстырғанда 2 есеге көбейген. Ҳәзирги статистикалық есап-санақларға бола, мәмлекетимиз халқының саны 38 236 704 адамды қураған болса, дәслепки санақ нәтийжелерине бола, 39 047 321 адамға жеткен. Аралық 810 617 адамды қурады.

Халықтың жынысы бойынша бөлистирилиўине бола, еркеклер саны 19 миллион 766 мың 166 адамды, ҳаяллар саны 19 миллион 281 мың 155 адамды қурады. Халықты дизимге алыў процесинде Өзбекстан аймағында бир жылдан аслам ўақыт жасап атырған 56,9 мың сырт ел пуқаралары да дизимге алынған. Олардың тийкарғы бөлеги Ҳиндстан, Россия ҳәм Қазақстан пуқараларына туўра келеди.

Халықты дизимге алыўдың дәслепки нәтийжелерине бола, халықтың миллий қурамында өзбеклер - 89,4 процент, тәжиклер - 3,3 процент, қарақалпақлар - 2,2 процент, қазақлар - 1,8 процент, руслар - 1,6 процент, қырғызлар - 0,6 процент, түркменлер - 0,5 процент, басқа миллет ўәкиллери - 0,6 процентти қураған. 35,7 миллион адам ямаса халықтың 91,3 проценти өзбек тилин ана тили сыпатында көрсеткен. Бул көрсеткиш өзбек миллетине тийисли 89,4 проценттен 1,9 процентке жоқары.

Аўыл хожалығын дизимге алыў нәтийжелерине бола, бир жыллық егислик майданлары 23,0 процентке, бағ ҳәм жүзимгершилик майданлары 18,8 процентке, ыссыхана майданлары 2,2 процентке, балықшылық суў бассейнлери 15,0 процентке көп екенлиги анықланды.

Шарўашылық көрсеткишлеринде де сезилерли өзгерислер бақланды. Атап айтқанда, ҳәзирги есап-санақлар менен салыстырғанда қарамаллар саны 14,9 процентке, қой-ешкилер 6,2 процентке, атлар саны 11,2 процентке азайған болса, қуслар саны 12,7 процентке артқан.

Халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў нәтийжелери келешекте демографиялық өзгерислерди таллаў, халықтың аймақлар кесиминде жайласыўын баҳалаў, инфраструктураға болған талапты анықлаў, жасаў шараятлары ҳәм социаллық-экономикалық көрсеткишлер бойынша мәнзилли қарарлар қабыл етиў және тийисли аналитикалық изертлеўлер өткериў имканиятын береди.

Әнжуманда атап өтилгениндей, дизимге алыў нәтийжелери мәмлекетлик бағдарламалар, аймақларды раўажландырыў стратегиялары, инфраструктура жойбарлары, сондай-ақ, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, бәнтлик, социаллық қорғаў ҳәм аўыл хожалығы тараўларындағы режелерди анық ҳәм мәнзилли шөлкемлестириўге хызмет етеди.

Халықты дизимге алыўдың дәслепки мағлыўматлары Миллий статистика комитетиниң рәсмий веб-сайты ҳәм социаллық тармақлардағы рәсмий бетлеринде турақлы жәрияланып барылады.