Бизнес ҳәм исбилерменлик
жоқары мектеби, Сырдәрья ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм «Wildberries» халықаралық
электрон коммерция платформасы менен биргеликте шөлкемлестирилген семинар
жергиликли исбилерменлерди электрон коммерция имканиятларынан кеңнен
пайдаланыўға тартыў, миллий өнимлерди ишки ҳәм сыртқы базарларға алып шығыў
және киши ҳәм орта бизнес субъектлериниң экспорт потенциалын арттырыўға
қаратылған.
Атап өтилгениндей, Сырдәрьяда
исбилерменлик субъектлери санының артып баратырғаны оларды заманагөй саўда
қуралларына оқытыў ҳәм санлы каналлардан нәтийжели пайдаланыўын тәмийинлеўди
және де әҳмийетли ўазыйпаға айландырмақта.
Атап айтқанда,
жаңадан шөлкемлестирилип атырған исбилерменлик субъектлериниң санлы саўда
имканиятларынан пайдаланыўы олардың базарда тезирек өз орнын табыўына хызмет
етеди. Рәсмий статистикада Сырдәрья ўәлаятында жаңадан шөлкемлестирилген
исбилерменлик субъектлериниң саны да турақлы өсип атырғаны атап өтилген.
Ўәлаятта бүгинги
күнде 10,6 мыңнан аслам белсенди исбилерменлик субъекти бар. Соннан 2,7 мыңға
шамалас киши исбилерменлик субъекти Санаат бағдарында жумыс алып барып атырғаны
қуўанышлы жағдай. Мәлимлеме ҳәм байланыс тараўындағы киши исбилерменлик субъектлериниң
саны да 220 дан артқан. Бул санлар аймақта исбилерменлик пенен бир қатарда
санлы экономика ҳәм заманагөй бизнес хызметлерине болған талап та артып
атырғанын көрсетеди.
Ўәлаятта ислеп
шығарылып атырған санаат, аўыл хожалығы, азық-аўқат, тоқымашылық, былғары
аяқ-кийим, өнерментшилик ҳәм басқа да өнимлерди электрон саўда платформалары
арқалы кең тутыныўшыларға усыныс етиў үлкен әҳмийетке ийе. Бул арқалы
жергиликли исбилерменлер тек ғана ўәлаят ҳәм республика базарында емес, ал сырт
елли қарыйдарлар арасында да өз өнимлерин үгит-нәсиятлаў имканиятына ийе
болады.
Илаж даўамында
қатнасыўшыларға электрон саўда платформаларында ислеўдиң әмелий тәреплери
бойынша толық мағлыўматлар берилди. Атап айтқанда, онлайн дүкан ашыў, өнимлерди
электрон платформаға жайластырыў, өним картасын қәлиплестириў, қарыйдарларды
излеў ҳәм олар менен сөйлесиў, буйыртпаларды қабыл етиў ҳәм жеткерип бериў,
логистика ҳәм төлем системаларынан пайдаланыў бойынша әмелий билим ҳәм
көнликпелер усынылды.
Семинарда бир
қатар бағдарда жумыс алып баратуғын исбилерменлер ушын электрон саўданы
раўажландырыў имканиятлары додаланды.
Бизнес ҳәм
исбилерменлик жоқары мектеби тәрепинен аймақларда бул бағдарда әмелий
семинарларды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет де исбилерменлерди электрон
коммерция қуралларынан нәтийжели пайдаланыўға үйретиў, олардың санлы
көнликпелерин арттырыў ҳәм заманагөй базар талапларына бейимлесиўине
жәрдемлесиўден ибарат.
Семинарда
электрон дүкан шөлкемлестириўден баслап, өнимди жайластырыў, буйыртпаларды
қабыл етиў, логистика ҳәм төлем процесслерин жолға қойыўға шекемги басқышлар
әмелий мысаллар тийкарында түсиндирилди.
Электрон
коммерцияның және бир әҳмийетли тәрепи - логистика ҳәм жеткерип бериў
хызметлерин раўажландырыў болып есапланады. Сырдәрьяда тасыў ҳәм сақлаў
хызметлери тараўында 600 ден аслам исбилерменлик субъекти жумыс алып барып
атырғаны да электрон саўда инфраструктурасын раўажландырыў ушын белгили
потенциал бар екенлигин көрсетеди.
Ҳәзирги ўақытта
ўәлаятта 500 ге шамалас өнермент жумыс алып барады. Олардың өнимлерин электрон
саўда платформалары арқалы ишки ҳәм сыртқы базарларға шығарыў өнерментлер ушын
жаңа қарыйдарларды табыў, саўда көлемин арттырыў ҳәм өнимлерин кеңнен
үгит-нәсиятлаўда әҳмийетли имканият жаратады.
Усы көзқарастан,
бул семинар тек ғана исбилерменлерге электрон саўда платформаларында ислеўди
үйретиў емес, ал аймақта өндирис, саўда, логистика ҳәм санлы хызметлерди өз-ара
байланыстырған ҳалда жаңа бизнес экосистемасын қәлиплестириўге хызмет етеди.
Алишер Хажимуратов,
Министрлер Кабинети жанындағы
Бизнес ҳәм исбилерменлик жоқары мектеби
Сырдәрья ўәлаяты аймақлық филиалының баслығы.