Бул ҳаққында Иран сыртқы ислер министрлигиниң ўәкили Эсмаил Багаи мәлим
етти, деп хабар береди Report
Tasnim агентлигине тийкарланып.
Оның атап өтиўинше, өз-ара түсинисиў меморандумына Иран Президенти Масуд
Пезешкиан ҳәм АҚШ Президенти Дональд Трамп тәрепинен электрон форматта қол
қойылған ҳәм күшке кирген.
"Меморандум
еки мәмлекет президентлери тәрепинен қол қойылғаннан кейин оның бузылыўы жоқары
баҳаға ийе болады. Ҳәзирги ўақытта Женевадағы сөйлесиў топарларының қатнасыў
бағдарламасы өз күшинде қалмақта, бирақ меморандум санлы форматта қол қойылған
ҳәм Швейцарияда ҳеш қандай қол қойыў мәресими өткерилмейди," - деди Багаи.
Еслетип өтемиз,
15-июнь күни АҚШ ҳәм Иран келиспеўшилик сапластырылғанын жәриялады. Кейин ала
АҚШ Президенти Дональд Трамп өз-ара түсинисиў меморандумына 48 саат ишинде қол
қойылыўын мәлим етти. Буннан кейин тәреплер Иран ядро бағдарламасы ҳәм басқа да
мәселелер бойынша сөйлесиўлерге кирисиўи керек.