“Uzbekistan
Airports”тың хабар бериўинше, пәрўазлар
ҳәптесине еки мәрте: сийшемби ҳәм шемби күнлери Ташкенттен Қазанға, сондай-ақ,
дүйшемби ҳәм жума күнлери Қазаннан Ташкентке әмелге асырылады. Пәрўаз ўақты
дерлик 3 саат 30 минутты қурайды.
Жаңа ҳаўа жөнелисиниң иске қосылыўы Өзбекстан ҳәм Татарстан Республикасы
арасында транспорт ҳәм туризм байланысларын кеңейтиў, исбилерменлик сапарлары,
туризм ҳәм туўысқанларынан хабар алыў ушын қосымша имканиятлар жаратады.
“Nordwind
Airlines” авиакомпаниясының усы жөнелиске шығыўы менен Ташкент ҳәм Қазан
арасындағы қатнаўларды әмелге асырыўшы тасыўшылардың саны көбееди. Ҳәзирги
ўақытта бул жөнелис бойынша пәрўазлар “Uzbekistan Airways”, “Centrum Air”, “FlyOne
Asia” ҳәм “UVT Aero” авиакомпаниялары тәрепинен де әмелге асырылмақта.
Жаңа рейстиң
ашылыўы Ташкент аэропортының халықаралық жөнелислер тармағын кеңейтиў ҳәм еки мәмлекет
аймақлары арасында транспорттан пайдаланыў имканиятын арттырыў жолындағы және
бир қәдем болады.