Ҳәзирги ўақытта "Жуйзар" каналының 9 км бөлеги
бетонластырылған, және 10 км бөлегинде жумыслар даўам етпекте. Жойбардың әмелге
асырылыўы жылына дерлик 12 миллион куб метр суўды үнемлеў имканиятын береди.
Канал жанында балықшылық хожалығы жумыс ислемекте.
"Шайхонча" мәҳәллесинде 240 орынға мөлшерленген заманагөй бақша
қурылды.
Сапар даўамында
жаңа туристлик жойбарлар да додаланды. "Афшона" туристлик комплекси, этно
үйлер, “Жуйи Мулиён” каналын қайта тиклеў, мийманханалар қурыў ҳәм жаңа аэропорт
аймағында туризм кластерин шөлкемлестириў жумыслары усылардың қатарына киреди.
Мақсет - жылына
10 миллион адамды тартыў ҳәм Бухараны олар ушын тек транзит пункт емес, ал
толық саяхатқа айландырыў, - деди Саида Мирзиёева.
Сапар етиў
жуўмағында Администрация басшысы Бухараның зыярат етиў орынлары - "Жети
пир"ди зыярат етти.