Бүгин глобал экологиялық күн тәртиби тек ғана халықаралық бирге ислесиўдиң айрықша бағдары емес, ал жәҳән сиясаты ҳәм турақлы раўажланыўдың тийкарғы өлшемлеринен бири сыпатында қәлиплеспекте. Экология тек ғана тәбият ҳаққындағы пикир емес, бул турмыс сапасы, инсан саламатлығы, қәўипсизлиги ҳәм келешекте перзентлеримиз жасайтуғын планетамыздың тәғдири ҳаққындағы ең әҳмийетли мәселе болып есапланады.
Соның ушын, бүгин экологиялық күн тәртиби бағдарында бәлентпәрўаз сөзлерди айтпай, анық ҳәм әмелий жойбарларды турмысқа енгизип атырған мәмлекетлер тәбиятты қорғаўда жетекшилик етпекте. Климат өзгериўи күшейип баратырған, тәбийғый ресурслардың жетиспеўшилиги барған сайын сезилип атырған шараятта мәмлекетлердиң стратегиялық шешимлер усыныс ете алыўы ҳәм нәтийжели бирге ислесиў модельлерин жолға қоя алыўы олардың халықаралық майдандағы ҳақыйқый орнын белгилеп бермекте.
Бул бағдарда Өзбекстанның роли барған сайын айқын көзге тасланбақта. Буны усы бағдарда пуқта ислеп шығылған әмелий стратегия усынылып атырғанында да көриў мүмкин. Тараў қәнигелериниң атап өткениндей, мәмлекет интакерлик, прагматизм ҳәм халықаралық кооперацияға тийкарланған регионаллық ҳәм глобал жетекшилик модельин алға қоймақта.
Мәмлекетимиз басшысының БМШ Бас Ассамблеясы сессияларындағы шығып сөйлеген сөзлеринде итибар тек ғана жергиликли машқалалар емес, ал суў қәўипсизлиги, жер деградациясы ҳәм климат өзгерислериниң ақыбетлери бойынша жәмийетшилик жуўапкершилик зәрүрлигине қаратылмақта. Орайлық Азия экологиялық күн тәртиби бирден-бир, өз-ара байланыслы аймақ сыпатында алға қойылмақта.
Бүгин климат өзгериўи, суў тамтарыслығы, жерлердиң деградацияға ушыраўы ҳәм шөллениў пүткил регион ушын әҳмийетли экологиялық машқалаға айланбақта. Бул болса аўыл хожалығының турақлылығына, азық-аўқат қәўипсизлигине, халықтың саламатлығына ҳәм аймақлардың экономикалық раўажланыўына тиккелей тәсир етпекте.
Арал теңизиниң қурыўы, тез-тезден жүз беретуғын шаң ҳәм қум боранлары, қалада ҳаўаның патасланыўы, суў ресурсларының жетиспеўшилиги, жердиң шөллениўи ҳәм жойтылып баратырған биологиялық ҳәр түрлилик, аўыл хожалығында химиялық элементлерден артықша пайдаланыў, булардың барлығы онлаған жыллар даўамында топланып келген ҳәм шешим комплексли қатнасты талап ететуғын еди. Соннан келип шығып, кейинги жылларда экологиялық мәселе глобал сөйлесиў дәрежесине алып шығылды. Мәмлекетимиз басшысы бул бағдарды тек ғана мәмлекет ишинде емес, ал ең жоқары халықаралық минберлерде де көтерип, оған дүнья жәмийетшилигиниң итибарын қаратыўға еристи.
Мәмлекетимиз аймағының дерлик 80 проценти шөл ҳәм ярым шөл аймақларынан ибарат. Жердиң шорланыўы, қум көшиўи, шаң боранлары ҳәм гармсел Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Наўайы, Хорезм ўәлаятлары, сондай-ақ, Қашқадәрья, Сурхандәрья ҳәм Жиззақ ўәлаятларының айырым районларында айрықша қәўип туўдырмақта.
Арал теңизиниң қурыўы бул процессти және де күшейткен. Теңиздиң қурыған ултанында Аралқум шөли қәлиплесип, ҳаўаға көтерилип атырған дуз ҳәм шаң кең аймақларға тарқалмақта. Сонлықтан, Аралбойында жасыл қапламалар жаратыў, сексеўил ҳәм басқа да шөл өсимликлерин егиў избе-из даўам еттирилмекте. Кейинги жыллары Арал теңизиниң қурыған ултанында 2 миллион гектардан аслам жаңа тоғайлық жаратылды.
"Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде де кең көлемли жумыслар исленбекте. Мәмлекет бойлап 1 миллиардтан аслам терек ҳәм пута нәли егилди, көклемзарластырыў дәрежеси 2020-жылдағы 8 проценттен 2025-жылы 14,3 процентке жетти. Сондай-ақ, 2026-2030-жыллары шөллениўге қарсы гүресиў мақсетинде 1,27 миллион гектарда тоғай жаратыў ҳәм қайта тиклеў, шөл, таў ҳәм таў алды аймақларында 16 мың гектар қорғаў тоғайзарларын жаратыў режелестирилген.
Климаты аўыр аймақларда турмыстың ең қыйын сынақларын жеңип өтиўге туўра келеди. Себеби тәбияттың өз нызамлары бар. Шөлистанлықлар - қум барханларына жақын-жуўыққа шекем өнимсиз кеңликлер сыпатында қаралған. Бүгин болса шөл ҳаққындағы түсиник түп-тийкарынан өзгермекте. Шөллениўге қарсы гүрес тек ғана экологиялық зәрүрлик емес, ал жаңа экономикалық пикирлеўдиң әҳмийетли бағдарына айланбақта.
Бул қумлықлар енди тәбият белгилеген шегара емес, ал раўажланыў ушын жаңа имканият. Қурылып атырған ҳәр бир жасыл майдан тек ғана тәбиятты сақлаўға емес, ал мәмлекеттиң келешегине киргизилип атырған әҳмийетли инвестиция болып есапланады.
Усы жыл 6-июль күни шөлистанлыққа қарсы гүресиў ҳәм шөл экономикасын раўажландырыў, сондай-ақ, қалаларда "жасыл қала" принциплерин енгизиў бойынша Президентимизге усынылған презентацияда "шөл экономикасы" көзқарасын раўажландырыў, тың ҳәм шорланған жерлерде турақлы дәрамат дәреклерин жаратыў, шөл өсимликлери туқымгершилиги ҳәм нәлшилигин жолға қойыў, галофит өсимликлер жетистириў, жайлаўлардың өнимдарлығын арттырыў, шарўашылық, экологиялық туризм ҳәм илимий изертлеўлерди кеңейтиў әҳмийетли екенлиги көрсетип өтилди.
Қарақалпақстанда шөл өсимликлери нәлханаларын шөлкемлестириў, Аралдың қурыған ултанында илимий экспедициялар өткериў, Бабатаў аймағында заманагөй усыллар тийкарында писте плантацияларын раўажландырыў, галофит бағлар тармағын кеңейтиў усыныс етилди.
Қурғақшылыққа шыдамлы өсимликлер ҳәм туқымлар бойынша регионаллық банк жаратыў, халықаралық фондлар ҳәм жеке меншик инвестицияларды тартыў мәселелери додаланды.
Шөллениў ҳәм жер деградациясы шегара билмес машқала. Соның ушын оған қарсы гүресиўде бирден-бир регионаллық қатнас, илимий бирге ислесиў, мағлыўмат алмасыў ҳәм технологиялар трансфери әҳмийетли.
Жедел экологиялық сиясат мәмлекеттиң халықаралық майданда жуўапкершиликли ҳәм заманагөй мәмлекет сыпатында абырайын арттырып, инвестицияларды тартпақта ҳәм "жасыл экономика"ны раўажландырыў ушын имканиятлар жаратпақта.
Усы мәниде, шөлистанлыққа қарсы гүресиў ҳәм шөл экономикасын раўажландырыў бойынша Орайлық Азия регионаллық илимий-изертлеў орайының жумысын кеңейтиў, "Жасыл қалқан" регионаллық бағдарламасы шеңберинде әмелий жойбарларды көбейтиў, 2040-жылға шекем шөлистанлыққа қарсы гүресиў стратегиясын ислеп шығыў бағдарындағы усыныслар үлкен әҳмийетке ийе.
Енди санаат объектлериниң экологиялық тәсирин азайтыў ушын "жасыл санаат зонасы" аймағында ең қолайлы технологиялар, “Zero Visible Emission” ҳәм санлы экологиялық мониторинг системалары басқышпа-басқыш енгизиледи. Әмелдеги санаат зоналары әтирапында "жасыл белбеўлер" шөлкемлестириледи ҳәм халықтың денсаўлығына үлкен қәўип туўдырыўы мүмкин болған I ҳәм II категорияға тийисли 8 санаат кәрханасын қала аймағынан тысқарыға көшириў илажлары көриледи.
Және бир тийкарғы ўазыйпа миллионлаған инсанлар жасайтуғын қала орталығын және де қолайлы ҳәм абадан етиў болып есапланады. Сонлықтан, бүгин "жасыл қала" принциплери барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Қала енди тек ғана бағлар ҳәм қыябанлар дегени емес, бул таза ҳаўа, қәўипсиз ҳәм заманагөй экотехнологиялар, энергияны үнемлейтуғын имаратлар, қолайлы жәмийетлик транспорт ҳәм пуқта режелестирилген бир пүтин аймақ болып есапланады.
Әне усындай қатнас қалаларды және де көркем, экономикалық нәтийжелилиги жоқары ҳәм ертеңги күн ушын бәсекиге шыдамлы мәканға айландырады. Усы мақсетте қалалардың экологиялық турақлылығын тәмийинлеў бойынша “Green Samarkand” модели көрип шығылды.
Бул модель шеңберинде 2030-жылға шекем Самарқанд қаласында анық экологиялық көрсеткишлерге ерисиў белгиленген. Соның ишинде, атмосфераға шығарылыўы мүмкин болған 51,2 мың тонна зыянлы шығындылардың алдын алыў, санаат ҳәм энергетика объектлеринде шаң-газ тазалаў үскенелерин орнатыў арқалы зыянлы бөлекшелерди 50 процент, қурылыс объектлеринен шығатуғын шаң муғдарын 80 процент, транспорт қуралларынан шығатуғын патасландырыўшы затлардың көлемин 50 процент қысқартыў, шығынды полигонларының көлемин 2 есеге азайтыў және елатлы пунктлерде жасыл аймақлардың үлесин орташа 30 процентке жеткериў нәзерде тутылған.
Самарқанд қаласында арнаўлы экологиялық-қала қурылысы режими енгизилип, жаңадан қурылатуғын ҳәм реконструкцияланатуғын объектлер ушын "жасыл қурылыс" талаплары мәжбүрий етип белгиленеди. Онда энергия ҳәм суўды үнемлейтуғын технологияларды қолланыў, шығындыларды сортлаў ҳәм қайта ислеў системаларын енгизиў, ресурс нәтийжелилигин арттырыў және экологиялық талапларға жуўап бермейтуғын объектлерди пайдаланыўға қабыл етпеў әмелияты жолға қойылады.
Лутфулла СУВОНОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы