Илажда Өзбекстанның Бирлескен Миллетлер Шөлкеминдеги турақлы ўәкили Улуғбек Лапасов та қатнасты.

Форум шеңберинде БМШқа ағза мәмлекетлер, халықаралық шөлкемлер ҳәм тийисли уйымлардың ўәкиллери БМШтың Тоғайлар бойынша стратегиялық режесин әмелге асырыў, 2026-жылғы Глобал тоғайлар есабатын таярлаў, сондай-ақ, тоғай секторын климат ҳәм суў күн тәртибине интеграциялаў мәселелерин додалады.

Форумның ашылыўында шығып сөйлеген Азиз Абдуҳакимов тоғайлардың шөлистанлыққа ҳәм климат өзгериўине қарсы гүресиўдеги әҳмийетли рольин атап өтти. Аймағы Аралқум шөлине айланған Арал теңизиниң экологиялық апатшылығы ақыбетлерине айрықша итибар қаратылды.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде кейинги бес жылда мәмлекетимизде бир миллиардтан аслам терек егилген, көклемзарластырыў дәрежеси 8 проценттен 14 процентке жеткерилген. 2030-жылға барып бул көрсеткишти 30 процентке жеткериў режелестирилген.

Форумда Өзбекстан ҳәм Конго Республикасының 2027-2036-жылларды БМШ қәўендерлигинде "Тоғайлар жаратыў ҳәм тоғайларды тиклеў бойынша ҳәрекетлер он жыллығы" деп жәриялаў ҳаққындағы биргеликтеги басламасы да таныстырылды.

Усыныс етилген илажлар арасында тоғайларды көбейтиў бойынша глобал жол картасын ислеп шығыў, шөллениўге қарсы гүресиўде халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў, қурғақшылыққа шыдамлы өсимлик түрлерин үгит-нәсиятлаў, шаң ҳәм қум боранларының ерте алдын алыў системаларын жаратыў бар.

Буннан тысқары, делегация ағзалары Орайлық Азия мәмлекетлериниң 2035-жылға шекем улыўма майданы 1,5 миллион гектар болған трансшегаралық тоғайлар жаратыўды нәзерде тутатуғын "Жасыл қалқан" регионаллық басламасын усынды.

Өзбекстанның басламасы менен БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми менен биргеликте тоғайларды тиклеў, суў қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм климат турақлылығын арттырыў мәселелерине бағышланған арнаўлы сайд-ивент шөлкемлестирилди.

Халықаралық бирге ислесиўшилерге Өзбекстанда көклемзарластырыў, тоғай-мелиорация ҳәм деградацияға ушыраған жерлерди қайта тиклеў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, соның ишинде, "Жасыл мәкан" жойбары, Арал теңизиниң қурыған ултанында тоғайзарларды көбейтиў ҳәм климат өзгериўине бейимлесиўдиң заманагөй механизмлерин енгизиў нәтийжелери таныстырылды.

Сондай-ақ, "Жасыл мәкан", "Биологиялық мийрас", "Таза ҳаўа", "Шығындысыз аймақ" ҳәм "Эко мәденият" миллий бағдарламалары шөлистанлыққа қарсы гүресиў, қалаларды көклемзарластырыў, биологиялық көп түрлиликти сақлаў ҳәм мәмлекеттиң климат турақлылығын беккемлеўге қаратылғаны атап өтилди.