Илажда Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери комитети, жәмийет шөлкемлестириўшилери, Орай басшылары, тараў қәнигелери, жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында елимизде ашық-айдынлық, өз-ара исеним ҳәм халық дипломатиясы принциплерине тийкарланған сыртқы сиясат избе-из әмелге асырылмақта. Дүнья мәмлекетлери, бәринен бурын, ислам дүньясы мәмлекетлери менен мәдений-руўхый ҳәм гуманитарлық байланысларды беккемлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Бул бағдарда дослық жәмийетлериниң жумысы халықлар арасындағы өз-ара жақынлықты беккемлеў, мәдений-ағартыўшылық қарым-қатнасты раўажландырыў, жәмийет дипломатиясын жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етпекте.

Бүгинги глобалласыў шараятында дослық жәмийетлери тек ғана мәдений алмасыў платформасы емес, ал илим, туризм, билимлендириў, мәдений мийрас ҳәм гуманитарлық бирге ислесиў тараўларындағы шериклликти раўажландырыўға жәрдемлесетуғын нәтийжели жәмийетлик институтқа айланып баратырғаны атап өтилди. Кейинги жылларда Өзбекстан ҳәм Саудия Арабстаны арасында қәлиплескен жақын ҳәм исенимли қатнасықлар бул басламаны әмелге асырыў ушын беккем тийкар жаратып атырғаны атап өтилди.

Илажда еки мәмлекет арасындағы мәдений-ағартыўшылық, илимий-гуманитарлық байланысларды буннан былай да раўажландырыў, халық дипломатиясының имканиятларын кеңейтиў, туризм, билимлендириў, илим ҳәм мәдений мийрас тараўларындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў мәселелери додаланды. Зыярат туризми ушын кең имканиятлар жаратыў, Өзбекстан пуқаралары ушын зыярат етиў орынларына саяхатларды шөлкемлестириў бағдарындағы кең көлемли жумыслар айрықша атап өтилди.

Мәжилисте Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери комитетиниң баслығы Қаҳрамон Сариев шығып сөйледи. Мәмлекетимиз басшысының басшылығында елимизде пуқаралық жәмийети институтларын раўажландырыў, жәмийетлик шөлкемлердиң жумысын қоллап-қуўатлаў, халықаралық гуманитарлық байланысларды кеңейтиў бойынша избе-из илажлар әмелге асырылып атырғанын атап өтти. Оның атап өтиўинше, "Өзбекстан - Саудия Арабстаны" дослық жәмийети еки мәмлекет халықлары арасындағы мәдений ҳәм руўхый жақынлықты және де беккемлеў, өз-ара бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм халық дипломатиясын раўажландырыўға хызмет етеди.

Шөлкемлестириў мәжилисиниң тийкарғы бөлиминде "Өзбекстан - Саудия Арабстаны" дослық жәмийетин шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныс қатнасыўшылар тәрепинен бир аўыздан қоллап-қуўатланды. Буннан соң жәмийеттиң уставы додаланып тастыйықланды, ағзалар қурамы ҳәм шөлкемлестириў структурасы белгиленди. Сондай-ақ, қатнасыўшылар жәмийеттиң келешектеги жумыс бағдарлары, бирге ислесиўдиң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм механизмлери бойынша пикир алысты.

Даўыс бериў нәтийжелерине бола, Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайының директоры Фирдавс Абдухолиқов "Өзбекстан - Саудия Арабстаны" дослық жәмийетиниң баслығы етип сайланды.

Мәжилисте шығып сөйлеген Фирдавс Абдухолиқов Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен дүнья мәмлекетлери, бәринен бурын, ислам дүньясы мәмлекетлери менен өз-ара исеним ҳәм дослыққа тийкарланған қатнасықлар сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилгенин атап өтти. Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысының мәдений мийрасты қәстерлеп сақлаў, халық дипломатиясын раўажландырыў, ислам цивилизациясының бай мийрасын халықаралық көлемде кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылған басламалары бүгин өзиниң әмелий нәтийжесин берип атырғаны атап өтилди.

Сондай-ақ, Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы тәрепинен мусылман мәмлекетлери менен илимий ҳәм мәдений бирге ислесиўди кеңейтиў, қолжазбалар ҳәм сийрек ушырасатуғын дәреклерди үйрениў, биргеликте илимий әнжуманлар, көргизбелер ҳәм илимий-изертлеў жойбарларын әмелге асырыў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылып атырғаны атап өтилди. Атап айтқанда, Саудия Арабстанының илимий мәкемелери, университетлери, китапханалары ҳәм мәденият орайлары менен шериклик байланысларын және де беккемлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Атап өтилгениндей, жаңадан шөлкемлестирилген "Өзбекстан - Саудия Арабстаны" дослық жәмийети Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы менен биргеликте еки мәмлекет арасындағы мәдений-ағартыўшылық, илимий-гуманитарлық байланысларды буннан былай да раўажландырыў, қоспа жойбарларды әмелге асырыў, ислам цивилизациясы мийрасын халықаралық көлемде кеңнен үгит-нәсиятлаў, халықлар арасында дослық ҳәм өз-ара исенимди беккемлеўге хызмет етеди.