Комиссия 1992-жылы Вена қаласында дүзилген болып, үш жыллық мүддетке сайланатуғын 40 мәмлекетти бирлестиреди. Ол жынаят әдиллиги тараўында халықаралық стандартларды ислеп шығады, трансмиллий жынаятшылық, коррупция ҳәм кибержынаятшылыққа қарсы гүресиўди муўапықластырады, жынаятшылықтың алдын алыў бойынша БМШ Конгресслерин шөлкемлестиреди.

Өзбекстан биринши мәрте Азия-Тыныш океаны топарының қурамына Қытай, Япония ҳәм Саудия Арабстаны менен бирге кирди.

Сайлаў мәмлекетимизде нызам үстинлиги, инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәм суд-ҳуқық системасын модернизациялаў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалардың халықаралық тән алыныўын сәўлелендиреди.

Өзбекстан кандидатурасының қоллап-қуўатланғаны халықаралық жәмийетшиликтиң жоқары исениминиң көриниси ҳәм мәмлекетимиздиң дүнья көлеминдеги абырайы артып баратырғанының тастыйығы болды.

Комиссияға ағзалық халықаралық стандартларды ислеп шығыўда қатнасыў, бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм реформалардың миллий тәжирийбесин алға қойыў ушын қосымша имканиятлар ашады.

Өзбекстан халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў, жынайый сиясатты инсаныйластырыў принциплерин алға қойыў ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў бойынша глобал ҳәрекетлерди күшейтиўге жәрдемлесиў арқалы Комиссия жумысында белсене қатнасыў нийетинде, деп хабар бермекте Өзбекстан СИМ баспасөз хызмети.