2026-жыл декабрь айында Ташкентте билимлендириў ҳәм илим тараўындағы
абырайлы халықаралық илажлар – “STEAM
AHEAD Global Finals 2026” ҳәм “Young Achievers Leadership Academy” (YALA) өткерилиўи буның және бир дәлили болады.
Илаж Туризм комитети ҳәм “Uzbekistan Convention Bureau”ның жәрдеминде шөлкемлестириледи.
Өзбекстан пайтахтына 2 мың 300 ден аслам финалшы келиўи, ата-аналар,
педагоглар ҳәм рәсмий делегацияларды есапқа алғанда сырт елли мийманлардың
улыўма саны 4 мыңнан артыўы күтилмекте.
Бундай көлемдеги
илажларды өткериў туристлер ағымын көбейтиў, мийманхана ҳәм туризм
инфраструктурасын раўажландырыў, Өзбекстанның халықаралық конгресслер, форумлар
ҳәм билимлендириў илажларын өткериў ушын заманагөй майдан сыпатындағы имиджин
беккемлеўге хызмет етеди.
Илажлар дүньяның
қәбилетли мектеп оқыўшыларын бирлестиретуғын жетекши халықаралық билимлендириў
платформаларынан бири болған “Singapore International Math Olympiad Challenge”
(SIMOC) шөлкемлестирмекте.
Бағдарламаға
математика, тәбийғый пәнлер, инженерлик, технология ҳәм көркем өнер бойынша
жарыслар, сондай-ақ, командалық жумыс, сын көзқарастан пикирлеў ҳәм жетекшилик
көнликпелерин раўажландырыўға қаратылған “Young Achievers Leadership Academy”
жетекшилик бағдарламасы киреди.
Илажларды
өткериўге таярлық жумыслары баслап жиберилген. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан
Республикасы Туризм комитети, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи
министрлиги, Жаслар ислери агентлиги ҳәм Өзбекстанның Сингапурдағы елшиханасы
ўәкиллеринен ибарат рәсмий делегация Сингапурда “SIMOC 2026” илажларында
қатнаспақта.
Сапардан
гөзленген мақсет - бундай илажларды өткериў бойынша халықаралық тәжирийбени
үйрениў, алдыңғы тәжирийбелер менен бөлисиў ҳәм Ташкентте финалды табыслы
өткериў ушын шөлкемлестириў мәселелерин додалаўдан ибарат.
“STEAM AHEAD
Global Finals 2026” өткерилиўи Өзбекстанның халықаралық көлемдеги илажлар ушын
исенимли майдан сыпатындағы имиджин беккемлеўде гезектеги қәдем болады.
Мыңлаған сырт елли мийманлар елимиздиң туризм потенциалы, мәдений-тарийхый
мийрасы, заманагөй инфраструктурасы ҳәм миймандослық дәстүрлери менен танысыў
имканиятына ийе болады.