Бүгин Малайзияның Куала-Лумпур қаласында болып өткен мәжилисте 2027-жылы U17 жаслар
арасында Азия кубогин өткериў ҳуқықын Өзбекстанға бериў бойынша қарар қабыл
етилди.
Сондай-ақ, басқа континентал турнирлердиң де ийелери анықланды:
2027-жыл U17 Азия кубоги - Өзбекстан;
2028-жылғы U23 Азия кубоги - Япония (Лос-Анжелес
қаласындағы 2028-жылғы Олимпиада ойынларына сайлап алыў турнири);
2029-жилғи U17 Азия кубоги - Саудия Арабстаны.
Буннан тысқары, AFC
Атқарыў комитети Азия чемпионлары элита
лигасының жаңа форматын тастыйықлады. 2026/2027-жылғы мәўсимнен баслап турнирде
32 команда қатнасады.