Илажда сырт елли мийманханалар, авиакомпаниялар, кейтеринг компаниялары,
жер үсти хызмет көрсетиў кәрханалары ҳәм туроператорлардың 400 ден аслам
ўәкиллери қатнасып, өз хызметлери ҳәм туристлик өнимлерин усынды. Көргизбеге
зыярат сапарларын шөлкемлестириўден мәпдар болған Түркияның 1 мың 500 ге
шамалас туризм тараўы ўәкиллери де мийман сыпатында келди.
Көргизбе
шеңберинде Өзбекстанның бай тарийхый-мәдений мийрасы, зыярат етиў орынлары,
туризм инфраструктурасының бүгинги жағдайы, сырт елли зыяратшылар ҳәм туристлер
ушын жаратылған қолайлы шараятлар ҳаққында презфентациялар өткерилди. Илаж
соңында оның қатнасыўшыларын сыйлықлаў мәресими болды.
Усы жойбар
шеңбериндеги гезектеги халықаралық көргизбе усы жылдың 13-сентябрь күни
Қазақстан Республикасының Алматы қаласында өткерилиўи режелестирилген.