Ҳүжжет жоқары температура шараятында жумыс ислеп атырған хызметкерлердиң өмири ҳәм денсаўлығын қорғаўға қаратылған болып, бир қатар мәжбүрий илажларды нәзерде тутады.

Соның ишинде, ең ыссы күнлерде - саат 10:00 ден 17:00 ге шекем жумысшылардың денсаўлығы ҳәм өмирине қәўип туўдырыўы мүмкин болған жумысларды ўақтынша тоқтатып турыў, өзгермели жумыс кестесин белгилеў усыныс етилди.

Буннан тысқары, жумыс бериўшилер:

хызметкерлерди жетерли муғдардағы сапалы ишимлик суўы менен тәмийинлеў;

тиккелей қуяш нурларынан ҳәм жоқары температурадан қорғалған дем алыў орынларын үскенелеў;

мәжбүрий медициналық тексериўден өтпеген ямаса медициналық көрсеткишлер бойынша жумысларды орынлаўға жарамсыз деп табылған хызметкерлерди жумысқа жибермеў;

хызметкерлерди жеке қорғаныў қураллары менен тәмийинлеў;

ҳаўа райы шараятларын есапқа алған ҳалда мийнет етиў ҳәм дем алыў режимин қайта көрип шығыў;

хызметкердиң денсаўлығы ыссылық себепли жаманласқанда тезлик пенен биринши медициналық жәрдем көрсетиў.

Бул талаплардың орынланыўын Мәмлекетлик мийнет инспекциясы қадағалайды.

Мийнетти қорғаў талапларының бузылыўына жол қойған шахслар нызамшылыққа муўапық жуўапкершиликке тартылады.