ЖМШ мағлыўматларына бола, Эль-Ниньоның 2027-жылдың февралына шекем
сақланып қалыў итималы дерлик 100 процентке баҳаланбақта. Экваториал Тыныш
океанының орайлық ҳәм шығыс бөлимлеринде суў бетиниң температурасының аномал
көтерилиўи менен байланыслы ҳәдийсе күшейип бармақта ҳәм 2026-жылдың ақырына
жақын максимал дәрежеге жетиўи күтилмекте. Оның климатлық ақыбетлери 2027-жылы
да сақланып қалыўы мүмкин.
"Жүдә күшли Эль-Ниньо
жаўын-шашын ҳәм температура тарқалыўының глобал нызамлылықларын сезилерли
дәрежеде өзгертиўге ҳәм экстремал ҳаўа-райы ҳәдийселерин күшейтиўге
уқыплы", делинеди ЖМШ мәлимлемесинде.
Шөлкем миллий
метеорология ҳәм гидрология хызметлери, сондай-ақ, БМШ структуралары ҳәм
гуманитарлық шөлкемлерди ҳәдийсениң мүмкин болған ақыбетлерине таярлықты
күшейтиўге, соның ишинде, ерте ескертиў системаларын кеңейтиўге шақырды.
БМШ Бас хаткери
Антониу Гутерриш Эль-Ниньо "көз алдымызда өсип баратыр" деп атап
өтти. Оның атап өтиўинше, илимий мағлыўматлар планета температурасының артып
баратырғанынан дәрек береди, теңиз бети температурасының артыўы глобал ысыў
менен биргеликте экстремал ҳаўа-райы ҳәдийселериниң итималлылығын арттырады.
Халықты климат
қәўип-қәтерлеринен қорғаў ҳәм климат өзгериўине қарсы гүресиў бойынша
халықаралық илажларды жеделлестириў зәрүр екенлигин атап өтти.
ЖМШ Бас хаткери
Селесте Сауло күтилип атырған Эль-Ниньоның күшейиўин кең көлемли таярлықты
талап ететуғын айрықша ўақыя, деп атады. Оның атап өтиўинше, шөлкемниң 50
жыллық тарийхында бир ғана климат ҳәдийсесине таярлық көриў ушын миллий
метеорологиялық ҳәм гидрологиялық хызметлер буншелли мобилизацияланбаған.
ЖМШ прогнозына
бола, 2026-жылдың сентябрь-ноябрь айларында қурғақлықтың дерлик барлық
аймақларында температураның нормадан жоқары болыў итималы сақланып турады.
Бунда жаўын-шашынның бөлистирилиў характери күшли Эль-Ниньоға тән сценарий
бойынша өзгереди.
Қәнигелердиң атап
өтиўинше, ҳәдийсениң ақыбетлери аймақларға қарап ҳәр қыйлы болады. Дүньяның бир
бөлиминде күшли жаўын-шашын ҳәм суў тасқынлары қәўпи артыўы мүмкин, басқа бир
бөлиминде болса қурғақшылық, аномал ыссы ҳәм олар менен байланыслы тәбийғый
қәўип-қәтерлер итималлығы артады.