Бул баслама автотранспорт қуралларынан зыянлы шығындыларды азайтыў, ҳаўа
сапасын жақсылаў ҳәм экологиялық турақлы қала орталығын қәлиплестириўге
қаратылған. Буннан тысқары, жәмийетлик ҳәм экологиялық таза транспорттан
пайдаланыўды ғалаба ен жайдырыў мақсет етилген.
Акция Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2026-жыл 25-марттағы
"Атмосфера ҳаўасының сапасын жақсылаўға қаратылған "Таза ҳаўа"
улыўма миллий жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманына
муўапық өткерилмекте. Ҳүжжетке муўапық, ҳәр айдың 10 ҳәм 25-күни
"Автомобильсиз күн" ҳәм "Автомобильсиз ҳәпте" акциялары
өткериледи.
Акция шеңберинде Экология
ҳәм климат өзгериўи миллий комитети ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң
хызметкерлери хызмет ҳәм жеке меншик автомобильлерден пайдаланыўдан ўаз кешип,
жәмийетлик транспорт, велосипед ҳәм басқа да альтернатив ҳәрекетлениў түрлерин
қолланбақта.
Бул атмосфераға
зыянлы шығындылардың көлемин азайтыў ҳәм қала көшелериндеги транспорт жүгин
азайтыў имканиятын береди.
Әҳмийетли тәрепи:
"Автомобильсиз күн" ҳәм "Автомобильсиз ҳәпте" акциялары
өткерилип атырған күнлерде мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлериниң автотранспорт
қуралларынан пайдаланыўы жуўапкершиликке себеп болады.
Миллий экология
комитети мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлерди, сондай-ақ, мәмлекет
халқын акцияда белсене қатнасыўға, жәмийетлик ҳәм экологиялық таза транспорт,
электромобильлер ҳәм зыянлы шығындыларды пайда етпейтуғын басқа транспорт
түрлеринен көбирек пайдаланыўға шақырады.