2025-жыл 12-августтағы ПП-130-санлы Пәрманға муўапық, 2026-жыл өниминен баслап юридикалық шахс статусына ийе болған аўыл хожалығы шөлкемлери тәрепинен егинлерди еркин жайластырыў ҳәм жетистирилген өнимниң есабын жүргизиў процесслерин санластырыў әмелияты енгизиледи.

Олар өзлерине тийисли жер участкаларында егиў режелестирилген аўыл хожалығы егинлери ҳаққындағы мағлыўматларды "Санлы аўыл хожалығы" бирден-бир интеграцияласқан платформасы (Агропортал) на контурлар кесиминде жайластырады.

Агропорталдың тийкарғы ўазыйпалары:

пайдаланыўшылар ушын электрон хызметлерден кепилликли ҳәм қәўипсиз пайдаланыў имканиятын жаратыў;

мәмлекетлик уйымлар ушын электрон хызметлерден пайдаланыў бойынша сораўлар алыў, оларды көрип шығыў ҳәм нәтийжелери ҳаққындағы мәлимлемени пайдаланыўшыларға жибериў имканиятын жаратыў;

төлемли хызметлерден пайдаланғанда төлем системалары арқалы онлайн төлеў;

электрон ҳүжжетлерди қәлиплестириў ҳәм сақлаў;

электрон хызметлерден пайдаланыў ушын келип түсетуғын арзаларды автоматластырылған ҳалда көрип шығыў, оларды баҳалаў, жуўмақ шығарыў ҳәм нәтийжелери бойынша пайдаланыўшыларға электрон хабарнама жибериўде инсан факторын минималластырыў.

Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы "Агросанаатты санластырыў орайы" ЖШЖ аўыл хожалығы тараўының мәлимлеме системаларын жаратыў ҳәм қоллап-қуўатлаўдың бирден-бир операторы болып, робототехника, дрон ҳәм басқа да қурылмалар жәрдеминде хызметлер көрсетиўди шөлкемлестиреди.

Ҳүжжет пенен төмендегилер тастыйықланды:

"Санлы аўыл хожалығы" бирден-бир интеграцияласқан платформасынан пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы реже;

Аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын ижараға алыў шәртнамаларына өзгерислер киргизиў бойынша мәмлекетлик хызмет көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти;

"Санлы аўыл хожалығы" бирден-бир интеграцияласқан платформасы арқалы аўыл хожалығы участкаларында агротехникалық илажлардың орынланыўын ҳәм өсимликшилликке ажыратылған жеңиллетилген кредит қаржыларынан мақсетли пайдаланыўды қадағалаў тәртиби ҳаққындағы реже;

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 15.07.2026-жылдан күшке кирди, деп хабар бермекте «Norma» мәлимлеме-ҳуқықый порталы.