Әсиресе, жасалма интеллекттиң билимлендириў системасына кирип келиўи дәстүрий оқытыў усылларын түп-тийкарынан қайта көрип шығыўды талап етпекте. Себеби ол тек мағлыўматларды қайта ислеў емес, ал оқыў процесин жекелестириў, оқыўшы ҳәм студентлердиң индивидуал мүтәжликлерин анықлаў ҳәм оларға сәйкес билимлендириў траекториясын қәлиплестириў имканиятын береди. Қалаберди, санлы саўатлылық, жасалма интеллекттен пайдаланыў этикасы бүгин ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли.

- Негизинде, жасалма интеллект жаңа түсиник емес, - дейди “UNICON.UZ” илим-техника ҳәм маркетинг изертлеўлери орайы жанындағы Жаңа санлы технологияларды оқытыў орайының баслығы Сайдиаҳрол Сайдиакбаров. - Ол усы ўақытқа шекем де бар еди. Тек ғана “ChatGPT” кең жәмийетшиликке усынылғаннан соң көп нәрсе өзгерди. Гәп технологияның ойлап табылыўында емес, ал оның демократияласыўы, яғный ҳәмме ушын ашық болыўы ҳәм еркин пайдаланыў имканиятын бериўинде.

Билимлендириў системасы жасалма интеллектке толық таяр, деп айта алмайман. Еле де интернет жетип бармаған ҳәм компьютерге зәрүрлиги бар мектеплер бар. Қалаберди, оқытыўшылардың санлы саўатлылығы да жетерли емес. Соның ушын, системада жасалма интеллекттен пайдаланыў ҳаққында толық айтыўға еле ерте. Себеби, жасалма интеллекттен асығыс, ойланбастан пайдаланыў жақсы ақыбетлерге алып келмейди. Жасалма интеллект билимлендириў процесинде оқытыўшы ҳәм студенттиң интеллектуал искерлигин алмастырыўшы қурал емес, ал таллаў, излениў ҳәм оқыў искерлигин қоллап-қуўатлаўшы жәрдемши технология сыпатында қолланылыўы мақсетке муўапық. Сонлықтан, оннан нәтийжели ҳәм толық пайдаланыў ушын анық мақсетли, тийкарланған стратегиясы ҳәм методикалық қатнасы ислеп шығылыўы зәрүр.

Бүгинги күнде оқыўшылар үй тапсырмасын ChatGPT арқалы шешип атырған, студентлер курс ямаса диплом жумысын жасалма интеллект платформаларында жаздырып атырған жағдайларды бийкарлай алмаймыз. Бундай қатнас жасларда еркин пикирлеў, талқылаў ҳәм машқаланы шешиў көнликпелери жетерли дәрежеде раўажланбаўына себеп болады. Ҳәм әлбетте, билимниң жүзеки өзлестирилиўи ҳәм билимлендириўдиң сапасы төменлеп кетиўине алып келеди.

Бул жағдайда жасалма интеллектти басқарыў керек пе ямаса усы көринисте қалдырыў керек пе, деген сораў пайда болыўы тәбийғый. Бир еслеп көриң, калькулятор пайда болғанда адамларда балалар есаплаўды умытып кететуғын шығар деп, қорыққан еди. Бирақ мектеплерде математика оқытылыўы даўам етти, пән сыпатында раўажланды. Бирақ, тек ғана қатнас өзгерди, әпиўайы есаплаўдан машқаланы түсиниў, логика тәрепке қәдем тасланды. Ҳәзир де усындай бурылыс бир ноқатында турмыз.

Бүгинги күнде ChatGPT сыяқлы тил модельлери ассистент сыпатында жүдә қолайлы болмақта. Олар мағлыўматларды жедел системаластырыў, таллаў ҳәм зәрүр бөлимлерин ықшам көриниске келтириўде нәтийжели шешимлер усынады. Ҳәр бир компания бир неше модель усынады. Олар қуўат, тезлик ҳәм баҳа жағынан парық қылады. Қурамалы ўазыйпалар ушын күшлирек, әпиўайы ўазыйпалар ушын болса тезирек ҳәм арзанырақ модельди таңлаў мүмкин. Ҳәр бир модель тар шеңберде қандай да бир тараў ушын қәнигелескен болады. Әмелиятта пайдаланыўшылар түрли модельлерди түрли мақсетлерде сынап көреди: кимдур код жазыўда, кимдур текст анализинде, және кимдур сүўретлер менен ислеўде ол яки бул модельди қолайлырақ деп табады. Таңлаў көбинесе жеке тәжирийбе ҳәм анық ўазыйпаның талабына байланыслы.

Жасалма интеллект оқытыўшының ең көп ўақыт талап ететуғын, бирақ жоқары дәрежеде дөретиўшилик қатнасты талап етпейтуғын ўазыйпаларын автоматластырыў имканиятын береди. Мәселен, тест тапсырмаларын тексериў, баҳалаў ҳәм нәтийжелерди таллаў сыяқлы процесслер жасалма интеллект жәрдеминде қысқа ўақыт ишинде әмелге асырылыўы мүмкин. Бурын бундай жумыслар муғаллимнен қосымша ўақыт ҳәм мийнет талап ететуғын, олар көбинесе сабақтан тысқары ўақытта ямаса жәрдемшилердиң қатнасыўында орынланатуғын еди. Бүгинги күнде болса тест тапсырмаларын тексериў, оқыўшылардың сораўларына дәслепки жуўапларды қәлиплестириў ҳәм басқа да турақлы тәкирарланатуғын ўазыйпаларды жасалма интеллекттиң мойнына жүклеў имканияты бар. Бул болса оқытыўшыға көбирек ўақытты билимлендириў процесиниң дөретиўшилик ҳәм педагогикалық тәреплерине, атап айтқанда, сабақ мазмунын жетилистириў, оқыўшылар менен индивидуал ислесиў ҳәм олардың сын көзқарастан пикирлеў көнликпелерин раўажландырыўға бағдарлаў имканиятын береди.

Қәнигениң пикиринше, ЖИ ҳеш қашан педагогтың орнын баса алмайды. Себеби оқытыўшы тек билим бериўши емес, ал тәрбияшы да болып есапланады. Педагог бала сабақта шаршағанын, үйинде машқаласы бар екенлигин, көзиндеги қызығыўшылық яки қорқыўшылықты сезеди ҳәм оған айрықша қатнаста болады. Бул инсанға тән фактор. Жасалма интеллект буны түсинбейди.

Бирақ ол оқыўшы ушын индивидуал билим алыў траекториясын белгили дәрежеде жарата алады. Себеби дәстүрий класста ҳәмме бирдей дәрежеде оқыйды, деп айта алмаймыз. Ҳәммеге бирдей қатнасты қолланып болмайды. Кимдур математиканы жақсы өзлестиреди, бирақ географиядан артта қалады. Және биреў геометрияны әсте түсинеди. Адаптив системаларда ҳәр бир баланың қай жерде қыйналып атырғанын анықлап, сабақты соған бейимлестириў мүмкин. Мысалы, бала квадрат теңлемелерди бәрқулла қәте орынлап атырған болса, система артқа қайтып, оның шешимин, яғный қай жерде қыйналып атырғанын анықлайды ҳәм бослықты табады, сол жерден дүзетиўлерди әмелге асырады.

Соның менен бирге, плагиат, яғный көширип алыў сыяқлы қатаң қәўиплер бар. Бул еркин пикирлеўди сөндириўи тәбийғый. Таяр мағлыўматларды алыўға үйренип қалыў билимди сайызластырады. Басқаның авторлық жумысына араласыў академиялық ҳадаллыққа зыян келтиреди. Жасалма интеллекттен пайдаланыў этикасы бар. Ол ҳәзир өтирик сөйлеўге жүдә шебер болып кеткен. Қәтелеспеў ушын ондағы мағлыўматларды тексерип алыў, авторлық ҳуқықты естен шығармаў зәрүр.

Ашық-айдынлық мәдениятын қәлиплестириў керек. Академиялық ҳадаллыққа әмел еткен ҳалда жасалма интеллекттен пайдаланыў жумыс ҳәм оқыўда нәтийжели болыўы мүмкин. Буның ушын болса оннан жәрдемши қурал сыпатында пайдаланыў, пайдаланыўшы өз пикири ҳәм мийнетин оның орнына алмастырмаў керек.

Жасалма интеллект себепли жаңа кәсиплер пайда болады ҳәм билимлендириў системасы бул өзгерислерге таяр болыўы керек. Мысал ушын, сабақлықлар барған сайын жанлы, интерактив болып бармақта. Баҳалаў, имтихан процесслери камералар арқалы толық қадағаланады. Муғаллимлер билим дерегинен жолбасшы, тәрбияшы, устазға айланады. Жасалма интеллект пенен ислесиў инженери сыяқлы жаңа кәсиплер және де ғалабаласады. Шет ел университетлеринде болғанындай билимлендириў мағлыўматлары анализаторы, деген түсиник кирип келеди. Оқыўшылар ҳаққындағы мағлыўматларды таллап, қарар қабыл етиўге жәрдем беретуғын кәсип болады. Жасалма интеллект этикасы бойынша қәнигеге талап сезиледи. Инсан менен машина ортасында өз ара муўапықластырыўшы технолог кәсиби пайда болады.

Жасалма интеллектти қолланыў мәселесинде Өзбекстанда имканиятлар үлкен. Мәмлекетимиз халқының салмақлы бөлегин жаслар қурайды. Жаслар технологияны тез өзлестиреди. Бул - үлкен үстинлик.

Мәмлекетимизде санлы технологиялардың раўажланыўына үлкен итибар қаратылмақта. Мәмлекетлик хызметлер санластырылды, пуқараларға онлайн хызмет көрсетиў имканиятлары кеңеймекте. Программистлер, стартаплар ҳәм IТ компаниялар ушын қолайлы шараятлар жаратылмақта, технологиялық парклер ҳәм инновациялық орайлардың жумысы раўажландырылмақта. Мектеплер, колледжлер ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелеринде мәлимлеме технологиялары ҳәм программаластырыў бойынша билимлендириў кеңейтилмекте. Онлайн тәлим платформаларынан пайдаланыў артып баратырғанын көриў мүмкин. Булар жақсы, әлбетте. Бирақ машқалалар да жоқ емес. Ең үлкен машқала өзбек тилинде мағлыўматлардың аз екенлиги, яғный сапалы санлы контентлерди жасалма интеллект модельлеринде оқытыў еле жетерли дәрежеде емес. Көплеген мағлыўматлар инглис тилинде. Оқытыўшылардың санлы көнликпеси раўажланған мәмлекетлер педагогларының көнликпеси менен салыстырғанда әдеўир төмен. Мағлыўматлардың қәўипсизлиги ҳәм балалар өзлериниң жеке мағлыўматларын қорғаў мәселеси де итибар талап ететуғын тема. Бул бизиң әззи ноқатымыз. Социаллық тармақларда қалдырылған ашық мағлыўматлардың қәўипсизлигине ҳеш ким кепиллик бере алмайды.

Улыўма алғанда, жасалма интеллекттиң келешектеги раўажланыў потенциалы жүдә үлкен. Ҳәзирги күнде заманагөй компаниялар жасалма интеллектке бейимлескен мобиль қурылмалар - телефонлар, наушниклер, ҳәттеки көз әйнеклерди сатыўға шығармақта. Бул өнимлерди Өзбекстан базарында да ушыратыў мүмкин. "Ақыллы" көз әйнеклер жәрдеминде басқа тилде сөйлеўшилер менен биймәлел байланысыў мүмкин, себеби олар реал ўақыт режиминде аўдармашы ўазыйпасын атқарады. Бундай имканият пайдаланыўшыларға мақул келмекте.

Жасалма интеллект улыўма интеллект (AGI) дәрежесине жете ала ма, деген сораў туўылыўы мүмкин. Қәнигениң айтыўынша, ҳәзир жетекши компаниялар корпоратив ҳәм улыўма интеллект хызметлерин де усыныс етпекте. Олардың мақсети бир топар адам бирден-бир платформадан пайдаланып, пүткил бир жәмәәттиң жумысын орынлай алатуғын система жаратыў. Егер бул идея табыслы әмелге асырылса, жасалма интеллект улыўма интеллект дәрежесине жетиўи мүмкин. Буны болса ўақыт көрсетеди.

 

Рисолат МАДИЕВА

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы