Мәмлекетимизде қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыўды кеңейтиў, бар суў ресурсларының энергетика потенциалын нәтийжели өзлестириўге айрықша итибар қаратылмақта. Киши ҳәм микроГЭСлер алыс аймақларды энергия менен тәмийинлеў, тармақлардағы шығынларды азайтыў, жеке меншик инвестицияларды тартыўда әҳмийетли орын ийелейди.

Өткен жылы қабыл етилген айрықша қарарға муўапық, жеке меншик сектордың қатнасыўында 164 мегаваттлы 3 мыңға шамалас киши ҳәм микроГЭСлер қурыў нәзерде тутылған.

Бүгинги күнге шекем улыўма қуўатлылығы 41,6 мегаватт болған 64 объект иске қосылған болып, бул белгиленген қуўатлылықлардың төрттен бир бөлегин ғана қурайды. Режедеги 3 мыңға шамалас жойбардан тек ғана 932 си бойынша интакерлер анықланған. Жәҳән банки қатнасыўында ажыратылған 150 миллион доллар муғдарындағы жеңиллетилген ресурсларды өзлестириў көрсеткишлериниң төменлиги де атап өтилди.

Станциялардың қурылыс шәртлери ҳәм ислеп шығарылып атырған электрди сатыў бойынша исбилермен ҳәм инвесторларда көплеген сораўлар қалып атырғаны атап өтилди.

Соның ушын жойбарлардың басланғыш баҳасы менен бирге, электр энергиясын сатып алыў ушын тарифлердиң ең аз шекленген муғдарын аукционда белгилеў ҳәм станцияның қуўатлылығына қарап дифференциялаў усынысы билдирилди. Бул "ноль"лик баҳада утылған, бирақ иске қосылмаған жойбарлар машқаласын шешиў, инвесторлар ушын түсиникли ҳәм турақлы шараятлар жаратыў имканиятын береди.

Сондай-ақ, қуўатлылығы 100 киловаттқа шекемги микроГЭСлерди жойбарластырыў ҳәм қурыў әпиўайыластырылған тәртипте әмелге асырылады. Қуўатлылығы 50 киловаттқа шекемги жойбарлар қала қурылысы ҳүжжетлерин экспертизадан ҳәм мәмлекетлик архитектура-қурылыс қадағалаўынан азат етиледи.

Қосымша суў басымын жаратыў ушын канал, дәрья ҳәм өзеклердиң конструкциясын өзгертиўге рухсат бериледи. Сондай-ақ, суў хожалығы объектлеринде өз мүтәжликлери ушын аукцион өткерместен киши ҳәм микро ГЭСлер қурыўға рухсат бериледи.

Жойбарлар ушын қолайлы майданларды анықлаўдан баслап, объектлерди иске қосыў ҳәм эксплуатациялаўға шекемги барлық процесслерди қамтып алатуғын санлы платформа енгизиледи. Сондай-ақ, жойбарластырыў, қурыў ҳәм эксплуатациялаў бойынша бирден-бир методикалық қолланба ҳәм жеке меншик сектор қатнасыўындағы жойбарларды әмелге асырыў тәртиби ислеп шығылады.

Және бир әҳмийетли мәселе тараўдың жоқары дәрежеде импортқа байланыслылығы болып қалмақта. Ҳәзирги күнде киши ҳәм микроГЭСлер ушын зәрүр гидроагрегат ҳәм комплектлеўши бөлеклердиң 90 проценти сырт елден алып келинбекте.

Бул бағдарда 46 киши ҳәм микроГЭС қурған "Өзбекгидроэнерго" акционерлик жәмийетиниң тәжирийбесинен пайдаланыў, исбилерменлерге жойбарлаў, қурылыс-монтажлаў ҳәм үскенелер жеткерип бериў бойынша комплексли хызметлер көрсетиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Өндирисин локализациялаў мүмкин болған гидроагрегат ҳәм комплектлеўши бөлеклердиң анық дизими қәлиплестириледи. Бул бойынша исбилермен ҳәм инвесторларға тийисли усыныслар киргизиледи.

Мәмлекетимиздеги дәрьялар ҳәм каналлар тармағының улыўма узынлығы 173 мың километрден аслам. Презентацияда бетон қапламалы каналларда киши ҳәм микроГЭСлер қурыў бойынша үлкен имканиятлар бар екенлиги атап өтилди. Жуўапкер уйымларға бундай объектлерди толық хатлаўдан өткерип, қосымша жойбарларды әмелге асырыў бойынша резервлерди анықлаў ўазыйпасы қойылды.

Улыўма, 2030-жылға шекем бундай станциялардың қуўатлылығын 204,8 мегаваттқа жеткериў ҳәм жылына 620 миллион киловатт саат экологиялық таза электр энергиясын ислеп шығарыў режелестирилген. Бул 350 мың шаңарақты "жасыл" энергия менен тәмийинлеў, жылына 187 миллион куб метр тәбийғый газди үнемлеў ҳәм 311 мың тонна карбонат ангидрид шығыўының алдын алыў имканиятын береди.

Сондай-ақ, жаңа оқыў жылынан баслап, киши "жасыл" энергетика тараўында жоқары маманлықтағы кадрларды таярлаў бойынша дуал билимлендириў системасы енгизиледи. Энергетика кәрханалары, соның ишинде, киши гидроэнергетика объектлери студентлер ушын әмелий база болады.

Мәмлекетимиз басшысы белгиленген жойбарларды әмелге асырыўды жеделлестириў, тараўға жеке меншик инвестицияларды кеңнен тартыў, қаржы ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, үскенелерди локализациялаў ҳәм маман кадрлар таярлаў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берди.