Сессияда Стратегияны Стратегиялық раўажланыў ҳәм реформалар агентлиги директорының биринши орынбасары Абдулла Абдуқодиров таныстырды. Онда депутатлар, тараў басшылары, исбилерменлер ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Стратегия "Өзбекстан - 2030" улыўма миллий стратегиясы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2026-жыл 16-февральдағы ПП-21-санлы Пәрманын орынлаў бойынша ислеп шығылған болып, 68 мақсет ҳәм 236 нәтийжелилик көрсеткишин өз ишине алады. Ҳәр бир көрсеткиш бойынша жуўапкерлер, қаржыландырыў мүддетлери ҳәм дәреклери анық белгиленген.

Стратегияның тийкарғы идеясы экономикалық өсиўди қағаздағы цифрдан халықтың реал дәраматына айландырыўдан ибарат. 2030-жылға барып, халықтың жан басына жалпы аймақлық өним 9,3 мың доллардан 17,7 мың долларға жеткериледи. Абсолют кәмбағаллық пүткиллей сапластырылады - көрсеткиш нольге шекем төменлейди. Мәнзилли қоллап-қуўатлаў есабынан жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлардың саны 98 мың 399 дан 27 мың 922 ге шекем, яғный 3,5 есеге қысқарады. IТ тараўында 23 мың жас жумыс пенен тәмийинленсе, "Ибрат перзентлери" жойбары шеңберинде 461 мың жас шет тиллерин үйренеди. Жыллық инфляция дәрежеси 5 процент, жумыссызлық болса 3,5 проценттен артпайтуғын тәбийғый шегараларда сақлап қалынады.

Ҳәр жылы 54 мың 574 квартиралы турақ жайлар қурылады, халықтың жан басына турақ жай менен тәмийинлениў көлеми 16,6 квадрат метрден 24,4 квадрат метрге шекем артады, "Жаңа Ташкент" массиви шөлкемлестириледи. Метрополитен станцияларының саны 50 ден 79 ға, тармақтың узынлығы 71 километрден 103 километрге шекем көбееди, поездлардың ҳәрекетлениў аралығы 2-3 минутқа шекем қысқарады. Жәмийетлик транспорттан пайдаланыў дәрежеси 40 проценттен 60 процентке жеткериледи, 1 мың километр жоллар оңланып, 700 "ақыллы" кесилиспелер шөлкемлестириледи.

Адамлардың орташа өмир сүриў дәрежеси 75,2 жастан 78 жасқа шекем артады, барлық медицина мәкемелери толық санластырылады. Мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў 81,2 процентке, жоқары билимлендириўге қамтып алыў 50 процентке жетеди. Қалада жасыл аймақлардың үлеси 14,1 проценттен 30 процентке жеткериледи, 4 мың 450 гектар жаңа жасыл аймақлар шөлкемлестириледи, турмыслық шығындыларды тасыў хызметлери менен қамтып алыў 100 процентке жеткериледи.

Қаланың жыллық экспорт көлеми 7,5 миллиард долларға, географиясы 120 мәмлекетке жеткериледи. IТ-хызметлер экспорты 775 миллион доллардан 4 миллиард долларға, яғный 5,2 есеге артады. Сырт елли туристлердиң саны 7,5 миллионға, жергиликли туристлердиң саны 20 миллионға жетеди. Онда жеке меншик сектордың жалпы ишки өнимдеги үлеси 51,7 проценттен 66,6 процентке жеткериледи, 103 мың киши бизнес субъекти избе-из қоллап-қуўатланады.

Бул стратегияның алдынғы бағдарламалардан парқы сонда, ол "мақсет - ҳәрекет - нәтийже" принципи тийкарында дүзилген. Ҳәр бир район ушын өз алдына "аймақлық паспорт" ислеп шығылып, оның орынланыўы ҳәр бир пуқара тәрепинен санлы платформа ҳәм «Ijro.gov.uz» системасында "жасыл - сары - қызыл" категориялары бойынша ашық-айдын бақлап барылады. Аралық баҳалаў 2028-жылы, жуўмақлаўшысы болса 2031-жылдың биринши шерегинде әмелге асырылады.

Додалаў жуўмағында жойбар мақулланып, оны әмелге асырыў бойынша тийисли қарар қабыл етилди.