Кейинги жылларда мәмлекетлик хызметте кадрларды таңлаў, жумысқа орналастырыў ҳәм хошаметлеў системасын жетилистириў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылды.

Мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлериниң ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм жумысының тийкарғы принциплерин белгилеп берген өз алдына нызам қабыл етилди. Мәмлекетлик уйымларда басқарыў хызметкерлериниң штат саны 2016-жылдағы 73 мыңнан 54 мыңға шекем оптималластырылды.

Презентацияда әмелдеги мийнетке ҳақы төлеў системасында сақланып қалып атырған диспропорциялар талланды.

Бүгинги күнде мәмлекетлик хызметкерлердиң мийнет ҳақысы қурамында лаўазымлық мийнет ҳақының үлеси 15 проценттен артпайды. Мийнетке ҳақы төлеў фондының 70 процентине шекемги бөлеги хызметкердиң анық жумыс нәтийжелери менен байланыслы болмаған ҳәр қыйлы үстемелер, сыйлықлар ҳәм хошаметлеўши төлемлерге туўра келеди.

Нәтийжеде бирдей лаўазымларда ислейтуғын ҳәм уқсас функцияларды атқаратуғын хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төлеўде үлкен айырмашылық пайда болды. Айырым министрликлер ҳәм уйымлардың аймақлық бөлимлери хызметкерлериниң мийнет ҳақысын ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкимликлериндеги усы сыяқлы лаўазымларда ислеп атырған хызметкерлердиң мийнет ҳақысы менен салыстырыўда теңлик принципине әмел етилмей атырғаны атап өтилди.

Мийнетке ҳақы төлеў системасын тәртипке салатуғын бирден-бир ҳуқықый ҳүжжет жоқ. Көпшилик мәмлекетлик уйымларда мийнетке ҳақы төлеў шәртлерин белгилейтуғын 50 ден аслам айрықша нормативлик ҳүжжетлер әмел етеди.

Усы мүнәсибет пенен мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеўдиң бирден-бир, ашық-айдын ҳәм нәтийжеге тийкарланған системасын енгизиў усыныс етилди.

Жаңа система арқалы 54 мың мәмлекетлик хызметкерди қамтып алыў режелестирилген. Мәмлекетлик уйымлар миллий, республикалық, аймақлық, районлық ҳәм қалалық дәрежелерде, хызметкерлер атқаратуғын ўазыйпаларына қарап ҳәкимшилик басқарыў, тийкарғы жумыс ҳәм жәрдем топарларына ажыратылады.

Халықаралық тәжирийбе тийкарында 11 разряд ҳәм 6 басқыштан ибарат жаңа тариф сеткасын енгизиў усыныс етилди. Оннан аслам үстеме ҳәм қосымшалар орнына үш тийкарғы түрдеги хошаметлеўши төлемлер енгизиледи.

Атап айтқанда, хызметкердиң функционал ўазыйпаларды орынлаўы, орынлаўшылық ҳәм мийнет тәртиби, интакерлиги тийкарында баҳаланатуғын маманлық дәрежеси ҳәм тийкарғы нәтийжелилик көрсеткишлери (KPI) ушын үстеме төлеў нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, есап бериў дәўири жуўмақлары бойынша әҳмийетли ҳәм қурамалы ўазыйпаларды орынлаған, инновациялық көзқарасларды енгизген ҳәм жоқары нәтийжелерге ерискен хызметкерлерге бонуслар төлеў нәзерде тутылмақта.

Аймақлық басқармалар хызметкерлериниң мийнет ҳақысы тийисли ҳәкимликлерде усы сыяқлы лаўазымларда ислеп атырған хызметкерлердиң мийнет ҳақысы муғдарынан аспаўы белгиленеди. Район ҳәм қалалардағы мийнет ҳақы муғдары ҳәм штатлар санын белгилеўде халықтың саны ҳәм аймақтың өзине тән өзгешеликлери есапқа алынады.

Ең әҳмийетлиси, ҳәр бир мәмлекетлик хызметкердиң мийнет ҳақысы қалай қәлиплестирилетуғынын, қандай нәтийжелер ушын оған үстеме ямаса бонуслар берилиўи мүмкин екенлигин алдыннан биледи. Бул хызметкерлердиң нәтийжелилиги, интакерлиги ҳәм жуўапкершилигин арттырыўға хызмет етеди.

Мәмлекетимиз басшысы мийнетке ҳақы төлеў системасында әдиллик ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў, мийнет ҳақы муғдарын хызметкердиң маманлығы, жуўапкершилиги ҳәм ерискен нәтийжелери менен байланыстырыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Сондай-ақ, хызметкердиң алдынғы мәлимлеме технологияларын, соның ишинде, жасалма интеллектти өзлестириўи, заманагөй билим ҳәм көнликпелерди ийелеўи, тәжирийбе арттырыўы сыяқлы анық нормалар тийкарында бонус төлемлери әмелге асырылатуғыны белгиленди.