Форум мәмлекетлик ҳәм исбилерменлик күн тәртибин бирлестирди.
Қатнасыўшылар саўда-экономикалық байланыслардың ҳәзирги жағдайын көрип шықты,
оларды раўажландырыўдың тийкарғы резервлерин көрсетип өтти ҳәм бирге ислесиўди
және де раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеп алды.
Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан халықларының көп әсирлик дослығы бүгин
стратегиялық шериклик ҳәм өз-ара исенимге сүйенгенлиги атап өтилди. Еки мәмлекет жетекшилери белгилеп берген сиясат
себепли еки тәреплеме қатнасықлар саўда, инвестиция ҳәм өндирис басламалары
менен избе-из байып бармақта.
Орайлық
темалардан бири өз-ара саўда болды. Өткен жылдың жуўмақларына бола товар
алмасыў 30 процентке өсип, биринши мәрте 1,3 миллиард доллардан артты. Тәреплер
базарларға шығыў имканиятларын жақсылаў, тәртип-қағыйдаларды әпиўайыластырыў
ҳәм ҳәкимшилик тосқынлықларды қысқартыў бойынша жумысларды даўам еттирип, бул
көрсеткишти 2 миллиард долларға жеткериў нийетинде. Оның ушын саўдаға
жәрдемлесиў бойынша өз-ара түсинисиў меморандумы таярланбақта.
Еки мәмлекет
экономикалары бир-бирин толықтырып туратуғыны атап өтилди. Өзбекстан аўыл
хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлери, төгинлер, химия товарлары, реңли металлар,
тоқымашылық, электротехника үскенелери ҳәм басқа да санаат өнимлерин жеткерип
бериўди көбейтиўге таяр. Ҳиндстаннан импортты фармацевтика, технология, машина,
үскене ҳәм автомобиль бөлеклери есабынан кеңейтиў мүмкин.
Инвестициялық күн
тәртиби өз алдына көрип шығылды. Бүгинги күнде Өзбекстанда Ҳиндстан капиталының
қатнасыўында 400 ге шамалас кәрхана жумыс алып бармақта, қоспа жойбарлардың
улыўма портфели 5 миллиард доллардан артады. Ҳиндстан бизнеси базарды үйрениўден
әмелий инвестициялаўға өтип атырғаны атап өтилди.
Металлургия ҳәм
таў-кән санааты, химия, энергетика ҳәм санлы инфраструктура, фармацевтика ҳәм
денсаўлықты сақлаў, машина қурылысы ҳәм агросанаат тараўлары тийкарғы бағдарлар
сыпатында көрсетип өтилди. Тийкарғы итибар шийки затты терең қайта ислеў,
локализациялаў, жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў, қайта тикленетуғын энергетика
ҳәм мағлыўматларды қайта ислеў орайларын раўажландырыў, заманагөй медицина ҳәм
агросанаат объектлерин шөлкемлестириўге қаратылған.
Қатнасыўшыларға
Өзбекстанның өндирис ҳәм экспорт майданы сыпатындағы абзаллықлары таныстырылды.
Мәмлекетимизде кәрханалардың локализацияланыўы инвесторларға жедел өсип атырған
ишки базарға кириў ҳәм басқа аймақларға экспорт ушын кең имканиятлар ашып
атырғаны атап өтилди.
В2В ҳәм G2B ушырасыўларында
компаниялар ҳәм мәмлекетлик структуралардың ўәкиллери анық усыныслар,
шерикликтиң мүмкин болған форматлары, қаржыландырыў механизмлери ҳәм кейинги
қәдемлерди додалады. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда
министрлиги перспективалы жойбарларды барлық басқышларда - майдан таңлаў ҳәм
қаржыландырыўды қәлиплестириўден баслап объектлерди пайдаланыўға тапсырыўға
шекем алып барыўға таяр екенин тастыйықлады.
Өткерилген
сөйлесиўлер өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң жаңа ноқатларын белгилеп алыў ҳәм
әмелий күн тәртибин қәлиплестириў имканиятын берди. Ең жақсы исленген
усынысларды жедел түрде анық инвестициялық шешимлерге өткериў тийкарғы әҳмийетке
ийе болады.