Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Бас министр Нарендра Моди Көксарай резиденциясының Ҳүрметли мийманлар қыябанына терек екти.

Мәресим көп қырлы Өзбекстан-Ҳиндстан қатнасықларында жаңа басқыштың басланғаны ҳәм еки мәмлекет арасындағы дослықты беккемлеўге исеним белгиси болды.