Атап өтилгениндей, Ҳиндстанның кейинги жылларда жедел раўажланып,
халықаралық майдандағы абырайы артып атырғаны мәмлекетимиз басшысының нәтийжели
жумысы менен тиккелей байланыслы. Заманагөй Ҳиндстан табыслы бағдарлама ҳәм
стратегиялар себепли барлық тараўларда үлкен жетискенликлерге ериспекте.
Мәмлекетимиз басшысы жоқары мәмлекетлик сыйлықты тапсырып, бул қарар
Өзбекстан мәмлекети ҳәм халқының Ҳиндстан Бас министриниң халықларымыз
арасындағы әзелий дослық байланысларын беккемлеўге қосқан шексиз үлесине терең
ҳүрметиниң көриниси екенин атап өтти.
Бул тарийхый
сапары ҳәм нәтийжели сөйлесиўлер нәтийжесинде дос мәмлекетлер арасындағы
қатнасықларды кең көлемли стратегиялық шериклик дәрежесине көтериўге келисип
алынды.
Биргеликтеги
ҳәрекетлер себепли сиясий-дипломатиялық, саўда-экономикалық, инвестициялық,
транспорт ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы қатнасықлар сапа жағынан жаңа
басқышқа көтерилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Бул сыйлық
Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан халықлары арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди
буннан былай да раўажландырыўға хызмет ететуғынына исеним билдирилди.
- Улыўма умтылыс
ҳәм ҳәрекетлеримиз себепли көп қырлы ҳәм узақ мүддетли қатнасықларымыз буннан
былай да жедел раўажланып баратуғынына исенемен, - деди Президентимиз.