Мәмлекетимиз басшысы Ҳиндстан Бас министриниң Өзбекстанға әмелге асырған
тарийхый сапарының үлкен әҳмийетин айрықша атап өтти.
Өзбекстан жетекшиси болып өткен нәтийжели сөйлесиўлер мәмлекетлеримиз
арасындағы шын жүректен дослық, жоқары өз-ара ҳүрмет ҳәм исенимниң және бир
айқын көриниси болғанын атап өтти.
Ҳиндстан дүнья көлеминде жоқары абырай-мәртебеге ийе исенимли ҳәм
перспективалы стратегиялық шерик екени атап өтилди. Ҳиндстанның санлы
технологиялар, программалық тәмийнат ҳәм стартаплар тараўындағы үлкен табыслары
жоқары баҳаланды.
Усы мүнәсибет
пенен сапарға үлкен таярлық көрилди, салмақлы ҳүжжетлер топламы, соның ишинде,
Биргеликтеги билдириў қабыл етилди, бир қатар ҳүкиметлераралық келисимлерге қол
қойылды.
Еки тәреплеме
қатнасықлар кең көлемли стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгени үлкен
қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Тийкарғы итибар
экономикалық мәселелерге қаратылған. Өткен жылы өз-ара саўда көлеми 33
процентке өсип, 1,3 миллиард долларға жетти. Бул көрсеткишти 2030-жылға барып 5
миллиард долларға жеткериў мақсет етилген.
Сапар етиў
шеңберинде әҳмийетли биргеликтеги инвестициялық жойбарлар портфели
қәлиплестирилди. Ҳиндстанның бир қатар ири компаниялары менен анық келисимлерге
ерисилди.
Сөйлесиўлерде энергетика,
әҳмийетли минераллар, денсаўлықты сақлаў, фармацевтика, электроника, машина
қурылысы, зергерлик санааты ҳәм аўыл хожалығы тараўларында бирге ислесиўди
кеңейтиў ушын жаңа "өсиў ноқатлары" белгилеп алынды.
Халықаралық ҳәм
регионаллық майданда, соның ишинде, БМШ, ШБШ, Қосылмаў ҳәрекети, БРИКС
шеңберинде, сондай-ақ, Глобал Қубла мәмлекетлери менен бирге ислесиў шеңберинде
өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.
Мәдений-гуманитарлық
байланысларға тоқтап өтип, мәмлекетимизде Ҳиндстанның 4 жоқары билимлендириў
мәкемеси, Лала Баҳадур Шастри ҳәм Маҳатма Ганди орайлары табыслы жумыс алып
барып атырғаны айрықша атап өтилди. Сондай-ақ, 30 күнлик визасыз тәртип ҳәм
ҳәптесине 14 мәрте әмелге асырылып атырған авиақатнаўлар туризмди және де
раўажландырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Мәмлекетимиз
басшысы сөзиниң жуўмағында ерисилген келисимлердиң толық орынланыўын тәмийинлеў
ушын кең көлемли "Жол картасы" таярланатуғынын атап өтип, ҳиндстанлы
кәсиплесине ҳәм барлық қатнасыўшыларға миннетдаршылық билдирди.