Мәмлекетимиз басшысының 8-9-июль күнлери Беларусқа рәсмий сапары
шеңберинде өз-ара саўда көлемин 2 миллиард долларға жеткериў, машина қурылысы,
аўыл хожалығы, фармацевтика, тоқымашылық, ағашты қайта ислеў ҳәм денсаўлықты
сақлаў тараўларында улыўма баҳасы 2 миллиард долларлық 310 қоспа жойбар ҳәм
илажды әмелге асырыў бойынша әҳмийетли келисимлерге ерисилген еди.
Мәмлекетимиз басшысы ерисилген келисимлерди қысқа мүддетте әмелге асырыў,
жаңа кәрханалар ҳәм жумыс орынларын шөлкемлестириў, исбилерменликти
раўажландырыў ушын зәрүр шараятлар жаратыў әҳмийетли екенин атап өтти.
Беларуста
инвестициялық жойбарларды жайластырыў ушын санаат объектлери ҳәм мәмлекетлик
мүлк усыныс етилген, үлкен аўыл хожалығы майданлары бар. Елимиздиң аўыл хожалығы
жерлери 8 миллион гектар болып, аймағының дерлик 40 процентин ийелейди.
Бул имканиятлар қоспа өндирислерди шөлкемлестириў, аграр кооперацияны раўажландырыў, исбилерменлик байланысларын кеңейтиў, пуқараларды шөлкемлескен ҳалда жумыс пенен тәмийинлеў ушын беккем тийкар жаратады.
Атап айтқанда, Беларусь
мәмлекетинде жумыс ислеў ямаса бизнес пенен шуғылланыў тилегинде болған
пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң дизимин қәлиплестирип, жумыс орны, жасаў
шараяты, жойбар ушын зәрүр имаратлар ҳәм жер участкаларын ажыратыў мәселелерин Беларусь
тәрепи менен алдыннан келисип, шешип, шөлкемлескен ҳалда усы мәмлекетке жибериў
зәрүр екенлиги атап өтилди.
Презентацияда
Әндижан ўәлаяты менен Витебск ўәлаяты арасындағы бирге ислесиў шеңберинде
әмелге асырылған жумыслар ҳаққында мәлимлеме берилди.
Еки аймақ
арасында "жол картасы" тастыйықланып, анық басламаларды әмелге асырыў
баслап жиберилген. Атап айтқанда, Әндижаннан 255 пуқара шөлкемлескенлик пенен
Витебск ўәлаятына жиберилип, жумысқа орналастырылды.
Сондай-ақ, 11 шарўашылық
комплекси негизинде жаңа жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимге ерисилди.
Олардың ҳәр бири 200 мыңнан 3 мың басқа шекем қарамал бағыўға мөлшерленген
болып, азықлық майданлары жетерли.
"Әндижан
инвест" компаниясы менен биргеликте ири шарўашылық комплекси ҳәм санаторий
негизинде инвестициялық ҳәм социаллық басламаларды жолға қойыў илажлары
көрилмекте.
Улыўма етип
айтқанда, Беларустың Витебск ҳәм басқа да ўәлаятларында шарўашылық, ағашты
қайта ислеў, логистика, саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында улыўма баҳасы
100 миллион доллардан аслам 30 жаңа жойбардан ибарат пакет қәлиплестирилген.
Атап айтқанда, 3
мың бас қарамалға мөлшерленген ири сүт жетистириў комплекси, бир қатар орта
шарўашылық хожалықлары, ағашты терең қайта ислеў ҳәм ағаш шығындысынан пеллет
ислеп шығарыў кәрханаларын шөлкемлестириў режелестирилген.
Президентимиз
Әндижан ҳәм Витебск ўәлаятлары арасында қәлиплестирилген бирге ислесиў моделин
басқа аймақларға да енгизиў бойынша тапсырма берди.
Атап айтқанда,
Бухара, Қашқадәрья, Наўайы, Наманган, Ташкент, Ферғана, Самарқанд ҳәм Сурхандәрья
ўәлаятлары Беларусь Республикасының Витебск, Могилев, Гродно, Гомел ҳәм Брест
ўәлаятларына бириктириледи. Санаат ҳәм аўыл хожалығы объектлери негизинде жаңа
өндирислерди шөлкемлестириў, исбилерменлик жойбарларын әмелге асырыў ҳәм
халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша өз алдына "жол карталары"
тастыйықланады.
Өз-ара саўданы
жеделлестириў ҳәм жүк тасыў қәрежетлерин азайтыў мақсетинде заманагөй логистика
инфраструктурасын жаратыў мәселелери де көрип шығылды.
Жылдың ақырына
шекем "Беларусь темир жолы" менен биргеликте Витебск ўәлаятының Орша
станциясында жеңиллетилген тариф шәртлери тийкарында экспорт-импорт жүклерине
хызмет көрсететуғын интермодаль логистика орайын иске қосыў режелестирилген.
Сондай-ақ, Беларусь
компаниялары менен биргеликте еки мәмлекет арасында тиккелей блок-поезлардың
қатнаўын жолға қойыў ўазыйпасы қойылды.
Пуқараларды
шөлкемлескенлик пенен жумыс пенен тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар
қаратылды.
Биринши басқышта
Беларустың Витебск ҳәм басқа да ўәлаятларындағы 13 кәрханада 1 мың 100
Өзбекстан пуқарасын таңлаў тийкарында жумыс пенен тәмийинлеў режелестирилген.
Сентябрь айынан
баслап Витебск ўәлаятында ҳәр айда 500, жәми 5 мың әндижанлы турақлы жумыс
пенен тәмийинлениўи режелестирилген. Буның ушын Витебск қаласында Миграция
агентлигиниң ўәкилханасы ашылады.
Белоруссияда банк
есап бетлерин ашыў, олардың устав капиталына қаржы өткериў ҳәм жойбарлары ушын
қаржы ресурсларын тартыўда исбилерменлерге жәрдемлесиў ўазыйпасы қойылды.
Витебскте заманагөй
сүт комплекси, ағашты қайта ислеў заводы ҳәм логистика компаниясын
шөлкемлестириў ушын зәрүр қаржыларды жеңиллетилген шәртлерде ажыратыў бойынша
тапсырма берилди.
Мәмлекетимиз
басшысы ерисилген ҳәр бир келисим анық жойбар, жаңа кәрхана, қосымша саўда
көлеми ҳәм мүнәсип жумыс орынларына айланыўы керек екенлигин атап өтти.
Жуўапкерлерге
ерисилген келисимлердиң орынланыўы үстинен системалы қадағалаўды тәмийинлеў,
"жол карталары" орынланыўын сын көзқарастан талқылаў бойынша
тапсырмалар берилди.