Ушырасыў алдынан жоқары
мәртебели мийман мәмлекетимиз жетекшисине Әзербайжан Президенти Илҳам Алиевтиң
сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.
Өзбекстан менен Әзербайжан
арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын, бәринен бурын,
саўда-экономикалық тараўда және де раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип
шығылды.
Өткен жылы товар алмасыў 15
процентке өскен болса, усы жылдың басынан берли дерлик 40 процентке өскен.
Девелопмент, энергетика, геология, логистика, қаржы,
жанылғы комплекси, тоқымашылық, туризм ҳәм басқа да тармақларда, соның ишинде,
қоспа Инвестициялық компанияның қатнасыўында кооперация жойбарлары әмелге
асырылмақта.
Болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўлардың экономикалық
күн тәртибин пуқта таярлаў әҳмийетли екени атап өтилди.
Усы мәниде, бүгин болып өткен Ҳүкиметлераралық
комиссия ҳәм Исбилерменлер кеңеси мәжилислериниң жуўмақларына жоқары баҳа
берилди. Сондай-ақ, режелестирилген еки мәмлекет аймақлары форумының нәтийжелилигин
тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.