Мәмлекетимиз жетекшиси Өзбекстан Президентиниң Қырғызстанға бул ретки мәмлекетлик сапары тарийхый әҳмийетке ийе екенин ҳәм көп қырлы Өзбекстан-Қырғызстан бирге ислесиўинде жаңа дәўирди баслап беретуғынын атап өтти.

Быйылғы саммитке биргеликте үлкен таярлық жумыслары алып барылғаны атап өтилди. Ҳүкиметлераралық комиссияның мәжилиси, бизнес-форум, ректорлар, аналитиклердиң ушырасыўлары нәтийжели өтти. Усы күнлерде Қырғызстанда Өзбекстан мәденияты күнлери шеңберинде илажлар болып өтпекте.

Пурсаттан пайдаланып, Президентимиз туўысқан Қырғызстан 2027-2028-жылларға БМШ Қәўипсизлик кеңесиниң турақлы емес ағзасы етип сайланғаны менен қызғын қутлықлады, бул мәмлекеттиң барған сайын артып атырған абырайы ҳәм пүткил Орайлық Азияның даўысының тән алыныўы болды.

Ҳәр қашанғыдай ашық, конструктивлик ҳәм дослық руўхында болып өткен бүгинги сөйлесиўлердиң жуўмақлары үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Жетекшилер еки тәреплеме күн тәртибиндеги барлық әҳмийетли мәселелерди ҳәр тәреплеме додалады, Бас министрлердиң орынбасарларының саўда-экономикалық тараўдағы анық режелер бойынша есабатларын тыңлады.

Саммиттиң ең әҳмийетли нәтийжеси Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылыўы болды.

Бул ҳүжжет еки тәреплеме шерикликтиң мәмлекетлераралық бирге ислесиўдиң жоқары дәрежесине көтерилгенинен дәрек беретуғыны атап өтилди.

- Ендиги тийкарғы ўазыйпамыз - бирге ислесиўди мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыздың раўажланыўы ҳәм абаданлығына хызмет ететуғын жаңа мазмун, жойбар ҳәм басламалар менен байытыў, - деди мәмлекетимиз басшысы.

Аўқамласлық қатнасықларды әмелге асырыў ҳәм бирге ислесиўдиң узақ мүддетли тийкарғы бағдарларын белгилеўде тийкарғы механизм болатуғын еки мәмлекет Президентлериниң басшылығында Мәмлекетлераралық кеңести шөлкемлестириўге келисип алынды.

Тәреплер буннан былай да сиясий сөйлесиўди тереңлестириў, регионаллық ҳәм халықаралық майданда бир-бирин қоллап-қуўатлаў ҳәм позицияларын жақыннан муўапықластырыўға таяр екенин тастыйықлады.

Жаңа экономикалық күн тәртибин қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылды. Кейинги жылларда товар алмасыў дерлик 10 есеге көбейип, өткен жылдың жуўмақларына бола 1,2 миллиард доллардан артты. Ҳәзирги жоқары динамиканы есапқа алып, келеси жылдың өзинде бул көрсеткишти 2 миллиард долларға жеткериў ўазыйпасы қойылды.

Жетекшилер санаат кооперациясында, бәринен бурын, еки мәмлекет экономикалары бир-бирин толықтырып туратуғын тармақларда жаңа өсиў ноқатларын жаратыў мәселелерине айрықша тоқтап өтти.

Атап айтқанда, күни кеше болып өткен бизнес-форум шеңберинде энергетика, электротехника, фармацевтика, аўыл хожалығы, тоқымашылық тармақларында жаңа жойбарлар келисип алынды. Буннан тысқары, биргеликте шийки зат ресурсларын қазып алыў бойынша анық режелер белгиленди.

Бундай жойбарларды қоллап-қуўатлаў ушын Биргеликтеги раўажланыў қорының потенциалынан нәтийжели пайдаланылады.

Еки мәмлекеттиң транспорт жағынан өз-ара байланыслылығы ҳәм транзит потенциалын раўажландырыўға тийкарғы итибар қаратылды. "Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан" темир жолын қурыў стратегиялық жойбары табыслы әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

Бул магистраль бойында саўда-логистика инфраструктурасын биргеликте раўажландырыў, саўда ҳәм транспорт тәртип-қағыйдаларына санлы шешимлерди жедел енгизиў, автомобильде тасыўшылар ушын қолайлы шараятлар жаратыўға келисип алынды.

Суў-энергетика тараўындағы бирге ислесиў мәселелери айрықша көрип шығылды.

Трансшегаралық суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў тараўында конструктивлик бирге ислесиўди даўам еттириўге таярлық билдирилди. Қамбарата ГЭС қурылысы бойынша Келисимге қол қойыў тезлестириледи.

Еки мәмлекет аймақларының потенциалынан белсене пайдаланыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Жылдың ақырына шекем Өзбекстанда жаңа форматтағы биринши аймақлар форумы өткериледи.

Мәденият, билимлендириў, илим, жасларға байланыслы сиясат ҳәм туризм тараўларында жедел алмасыўларды даўам еттириўге таярлық билдирилди.

Жетекшилер Орайлық Азияда турақлы раўажланыў ҳәм регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў мәселелерин де ҳәр тәреплеме додалады.

Сөзиниң жуўмағында Шавкат Мирзиёев бул саммитте ерисилген келисимлер туўысқан халықларымыз арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да беккемлеўге хызмет ететуғынына исеним билдирди.