Компания менен биргеликте Ташкентте айдаўшылық, күтим ҳәм улыўма
аўқатланыў хызметлери тараўларында ислеў ушын япон тили ҳәм кәсиплер бойынша
талабанларды таярлаў бағдарламалары әмелге асырылмақта.
Ушырасыўда усы жойбарларды қоллап-қуўатлаў, аймақларда жаңа билимлендириў
орайларын ашыў, жасларды Японияда оқытыў ҳәм жумыс пенен тәмийинлеў көлемин
кеңейтиў мәселелери додаланды.