Корея Республикасы Президенти Уллы Мәртебели Мырза Ли Чжэ Мёнға тарийхтағы биринши “Орайлық Азия – Корея Республикасы” саммити жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени ҳәм шын жүректен миймандослық ушын билдирилген миннетдаршылық сөзлерине қосыламан.

Бул терең бирге ислесиў платформасының әҳмийети ҳаққында билдирилген пикирлерди толық қоллап-қуўатлайман.

Корея Республикасы стратегиялық жақтан узақты гөзлеп ҳәрекет ете алатуғынын көрсеткен ҳалда, Орайлық Азия тымсалында жақын ҳәм өз-ара пайдалы шериклик ушын үлкен потенциалды 2007-жылы бириншилерден болып көрди.

Еллеримиз арасындағы қатнасықлар тең ҳуқықлылық ҳәм өз-ара ҳүрмет тийкарында қурылмақта. Бирге ислесиўимиздиң мақсетлери пүткиллей ашық, прагматикалық ҳәм дөретиўшилик характерге ийе.

Биз Корея тәрепиниң мәмлекетлеримизди санаатластырыў, инфраструктураны модернизациялаў ҳәм турақлы раўажланыў ушын беккем тийкар жаратыўға қосып атырған салмақлы үлесин шын жүректен қәдирлеймиз.

Ҳүрметли Президент Мырза, Өзбекстан Корея ярым атаўында тынышлық ҳәм турақлылық орнатыў бағдарында алып барып атырған сиясатыңызды беккем қоллап-қуўатлайды.

Бизиң беккем байланысларымыздың тамырлары узақ әсирлерге барып тақалады. Олар Уллы жипек жолындағы кәрўан излеринен басланады. Бул беккем дослық тийкарында тек ғана өз-ара мәп емес, ал руўхый-әдеп-икрамлылық туўысқанлық та жәмленген.

Кекселерге терең ҳүрмет, ҳадал мийнетти қәдирлеў, ана жерге меҳир ҳәм садықлық сыяқлы тийкарғы турмыслық қәдириятлар халықларымыз ушын бирдей жақын болып есапланады.

Көп миллетли Орайлық Азия шаңарағының ажыралмас бөлегине айланған корейс диаспорасы халықларымыздың тилеклеслиги ҳәм өз-ара ҳүрметиниң айқын белгиси болып есапланады.

Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

Бизиң бүгинги күндеги тийкарғы ўазыйпамыз тек ғана бирге ислесиў бойынша ерисилген пәтти сақлап қалыў емес, ал бул табысларды және де жоқары сапа менен алға илгерилеўдиң тийкарына айландырыўдан ибарат.

Орайлық Азия жәҳән базарларындағы турақсызлыққа қарамастан, 6 проценттен зыят өсиў пәтлерин көрсетпекте. Улыўма жалпы ишки өнимниң көлеми 500 миллиард доллардан асты.

Сексен миллионнан аслам халыққа ийе болған мәмлекетлеримиз исеним менен Евразияның “турақлылық регионы” ҳәм “глобаллық байланыслылық орайы”на айланып бармақта.

Өз гезегинде, Корея Республикасы заманагөй технологиялар, инновация ҳәм илимге тийкарланған өндирис тараўында дүньядағы жетекши мәмлекетлерден бири болып есапланады.

Бул еки қүдиретли потенциалдың қосылыўы биз ушын өз-ара пайдалы бирге ислесиўди орнатыў бағдарында жаңа горизонтларды ашыўына исенемен.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Бүгин сизлер алға қойған барлық басламаларды қоллап-қуўатлаған ҳалда, мен бирге ислесиўдиң бес стратегиялық бағдары бойынша усынысларымызды билдирмекшимен.

Биринши бағдар бирге ислесиўимизди режелестириўдиң узақ мүддетли горизонтларын қәлиплестириўди қамтып алады.

Бүгинги заманагөй дүньядағы глобаллық өзгерислердиң пәти мәмлекетлердиң оған бейимлесиў имканиятынан барған сайын алдынлап кетпекте. Жасалма интеллект мийнет базары ҳәм пүткил санаат тармақларын өзгертип атыр. Климат ҳәм суў менен байланыслы қәўип-қәтерлер келеси бир неше он жыллықлар ушын мөлшерленген шешимлерди ислеп шығыўды талап етеди. Билимлендириў, инфраструктура, технология ҳәм инсан капиталына жаңа талаплар пайда болмақта.

Бундай шараятта ўақыялардың раўажланыўын терең аңлаў, раўажланыў бағдарында пайда болып атырған имканиятларды өз ўақтында анықлаў ҳәм оларды әмелге асырыў ушын шараят жаратыў қәбилети шешиўши әҳмийетке ийе.

Мине, усы қәўип-қәтерлерге жуўап ретинде “Орайлық Азия – Корея Республикасы: жедел раўажланыў жолындағы бирге ислесиў” деп аталған узақ мүддетли концептуаллық көзқарасты ислеп шығыўды усыныс етемиз. Оның тийкарғы мақсети – келешекте мәмлекетлеримизге қандай компетенциялар, өндирислик қуўатлықлар, инфраструктура, кадрлар ҳәм қәнигелер керек болатуғынын алдыннан белгилеп алыў болып табылады.

Бул ҳүжжеттеги ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын Жедел раўажланыў жойбарлары портфелин қәлиплестириў әҳмийетли, деп есаплаймыз. Оған мәмлекетлеримиз ушын жаңа өсиў дереклери ҳәм узақ мүддетли имканиятларды жарата алатуғын, үлкен бурылыс жасайтуғын басламалар киргизилиўи керек.

Санлы келешек қәўипсизлигин тәмийинлеў мәселеси де улыўма итибарымыз орайында болыўы керек. Киберқәўиплерди ерте анықлаў ҳәм олардың алдын алыў механизмлерин жаратыў бойынша ҳәрекетлерди бирлестириў оғада әҳмийетли, деп есаплаймыз.

Бундай қатнасықлар нәтийжесинде бизиң бирге ислесиўимиз бирден-бир стратегиялық қатнас ҳәм ертеңги күнимиздиң тийкарғы бағдарларынан келип шыққан ҳалда қурылады.

Екинши тараў бизиң саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық имканиятларымызды бирден-бир бизнес логикасы шеңберинде бирлестириўге қаратылған.

Бүгинги күнде Орайлық Азия тек ғана шийки зат жеткерип беретуғын регион емес. Мәмлекетлеримиз инновациялық ҳәм технологиялық бирге ислесиў ушын имканиятларды кеңейткен ҳалда, қосымша қунның глобаллық шынжырларына жедел қосылмақта.

Бизиң регионымыз саўда бойынша қәўип-қәтер зоналарынан тысқарыда жайласқан өндирислик майданларға ийе екенлиги ҳәм өнимлерге талап жедел өсип атырғаны менен Корея Республикасы ушын Евроазиядағы алмастырып болмайтуғын шерикке айланыўы мүмкин.

Биз санаат ҳәм саўда министрлериниң ушырасыўлары платформасын жаратыў ҳаққындағы басламаны толық қоллап-қуўатлаймыз. Бул муўапықластырыўшы механизмниң шөлкемлестирилиўи өз-ара саўданы сезилерли дәрежеде көбейтиў ушын биргеликте нәтийжели шешимлерди табыў имканиятын береди.

Тосқынлықларды сапластырыў, сертификатлаў бойынша тәртип-қағыйдаларды ҳәм өнимлердиң жергиликли саўда платформаларына өз-ара кирип барыўын әпиўайыластырыў бойынша тәсиршең илажларды көриў әҳмийетли болып есапланады.

Бул қәдемлер бизге үлкен, бирақ толық ерисиў мүмкин болған мақсетти әмелге асырыў – 2030-жылға барып регионымыз мәмлекетлериниң Корея менен саўда айланысын 20 миллиард долларға жеткериў имканиятын беретуғынына исенемен.

Санаат кооперациясы ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў шеңберинде Өзбекстанда “Орайлық Азия – Корея” санаат-технология паркин жайластырыўға таярмыз. Бул парк регион базары ушын инновациялық өндирис базасы болып хызмет етиўи мүмкин.

Биргеликтеги ҳәрекетлерди автокомпонентлер, электротехника, машина қурылысы, фармацевтика ҳәм химия санаатты өнимлерин ислеп шығарыўға қаратыў усыныс етиледи.

Буннан тысқары, мәмлекетлеримиз аймақлары арасында тиккелей шериклик байланысларын жолға қойыўды экономикалық бирге ислесиўдиң әҳмийетли ҳәрекетлендириўши күши, деп есаплаймыз.

Келеси жылы Самарқандта болып өтетуғын Орайлық Азия ҳәм Корея үшинши аймақлараралық форумында барлық мәмлекетлерден жергиликли ҳәкимлик ҳәм бизнес ўәкиллерин көриўден қуўанышлы боламыз.

Үшинши бағдар сийрек ушырасатуғын минераллар тараўындағы бирге ислесиўде жаңа бет ашыўға қаратылған.

Бул бағдар Орайлық Азия ҳәм Корея арасында стратегиялық мәплердиң сийрек ушырасатуғын үнлеслигин жаратады. Бул баҳалы шийки затқа болған талап жедел өсип атырғаны ҳәм оның Орайлық Азиядағы үлкен резервлерин есапқа алған ҳалда, регион дүнья базарында жетекши жеткерип бериўшилерден бирине айланыўға уқыплы. Бул бағдарда Кореяның алдынғы технологиялары ҳәм капиталы шешиўши роль атқарыўы мүмкин.

Усы мүнәсибет пенен биз сийрек ушырасатуғын минераллар бойынша регионаллық инвестициялық альянсты шөлкемлестириўди усыныс етемиз. Бул баслама регионда өндиристиң барлық басқышлары – геологиялық-излеў ҳәм қазып алыўдан баслап, шийки затты терең қайта ислеў ҳәм жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыўға шекемги процесслерди қамтып алатуғын ири санаат кластерлерин шөлкемлестириўге қаратылған.

Бирге ислесиўимиздиң төртинши бағдары “жасыл” раўажланыў ҳәм климаттың өзгериўине бейимлесиў талапларынан келип шығады.

Корея, Париж келисиминиң шеңберинде, сырт еллерде климатқа байланыслы жойбарларды әмелге асырыўды мақсет еткен, бизиң регион болса “жасыл” инвестициялар ушын қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм исенимли платформа болыўға таяр.

Бул имканиятларды бирлестириў мақсетинде Орайлық Азия ҳәм Корея арасында климат ҳәм углерод бирге ислесиўи бойынша форматты иске қосыўды усыныс етемиз.

Биз климат, энергетикалық өтиў ҳәм ҳаўаның сапасы бойынша биргеликтеги басламаны алғыслаймыз. Бул Корея технологияларының трансферине, сондай-ақ, Орайлық Азия мәмлекетлериниң дәўирли ҳәм кем углеродлы экономикаға табыслы өтиўине жәрдем береди, деп үмит етемиз.

Бесинши бағдар фундаменталлық әҳмийетке ийе болып, жас әўладтың потенциалын жүзеге шығарыў бойынша биргеликте ислеўди нәзерде тутады.

Орайлық Азия – айрықша демографиялық энергияға ийе регион болып, халқының ярымынан көбин 30 жасқа шекемги жаслар қурайды. Әйне жас әўлад мәмлекетлеримиздиң бәсекиге шыдамлылығын белгилейди.

Биз инженерлик, технология ҳәм санлы тараўлардағы қәнигелерге талап артып баратырған жағдайға дус келмектемиз.

Биз ушын жас әўлад келешекте алдынғы билим, көнликпелер ҳәм халықаралық тәжирийбеден пайдаланыў имканиятына ийе болған ҳалда, заманагөй технологиялық экономиканың бир бөлегине айланыўы оғада әҳмийетли болып есапланады.

Усы мүнәсибет пенен инсан капиталын раўажландырыў тараўында узақ мүддетли бирге ислесиўди қәлиплестириўди усыныс етемиз. Бул бирге ислесиў “буйыртпа – оқытыў – бәнтлик” деген анық принципке тийкарланыўы керек.

Биз келешекти Корея бизнесиниң кадрларға болған талапларын регионымыздың билимлендириў тараўындағы потенциалы менен тиккелей байланыстырыўда көремиз. Бундай қатнас көплеген қәбилетли жаслар ушын кәсиплик раўажланыў ушын жол ашады ҳәм биргеликтеги жойбарларымыз бойынша жоқары маманлықтағы қәнигелер таярлаўды кепиллейди.

Әсиресе, жасалма интеллект технологияларын биргеликте ислеп шығыў ҳәм енгизиў, регионда кең көлемли технологиялық база ҳәм көнликпелерди жаратыўда жаслардың айрықша орны ҳәм ролине талап үлкен.

Президент Ли Чжэ Мён Уллы Мәртебели Мырзаның “Уқсасы жоқ Корея” доктринасын усы кең көлемли процесс ушын Орайлық Азиядағы тийкарғы таяныш майданлардан бирине айландырыўды усыныс етемиз.

Қәдирли дослар!

Биз биргеликтеги ҳәрекетлеримиз бенен бирге ислесиўимизди кеңейте аламыз, оны жаңа жойбарлар менен толықтырып, бар үлкен потенциалдан мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыздың мәплери жолында пайдалана аламыз, деп исенемен.

Сөзимниң жуўмағында Өзбекстан келеси жылы Корея Республикасы менен дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 35 жыллығы ҳәм корейс диаспорасының регионымызда жасай баслағанының 90 жыллығына бағышланған байрам илажларын ең жоқары дәрежеде өткериўге таяр екенин атап өтпекшимен.