Өзбекстан Республикасы Салық комитетинде Ангола Республикасы делегациясы
менен товарларды санлы маркировкалаў ҳәм олардың бақланыўы тараўында тәжирийбе
алмасыўға бағышланған ушырасыў болып өтти.
Өзбекстан тәрепи «Asl
Belgisi» системасын басқышпа-басқыш ҳәм
пуқта ойлап енгизиў нәтийжелери менен таныстырып, басқа мәмлекетлердеги
аналоглардан пайдалы тәризде ажыратып туратуғын миллий модельдиң тийкарғы
абзаллықларын атап өтти: мәжбүрий маркировкалаў енгизилгенге шекем
тәжирийбе-сынақ жойбарлары арқалы шешимлерди пуқта сынақтан өткериў, электрон
есап-фактуралар, онлайн кассалар ҳәм мәмлекетлик мәлимлеме системалары менен
толық интеграцияласыў, сондай-ақ, өним ислеп шығарыўшы ямаса импорт етиўшиден
соңғы тутыныўшыға шекем товар ҳәрекетиниң ҳәр тәреплеме бақланыўы.
Мине, усы терең
интеграция Өзбекстан көзқарасының тийкарғы қәдириятын қурайды: система товар
шынжырларындағы үзилислер ҳәм қәўипли операцияларды автоматикалық түрде
анықлаў, салық ҳәкимшилигиниң нәтийжелилигин сезилерли дәрежеде арттырыў,
тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў, ҳадал бизнести қоллап-қуўатлаў ҳәм жасырын
айланысты избе-из қысқартыў имканиятын береди. Фискал тәсирден баслап
тутыныўшыларды қорғаўға шекем болған бундай комплексли нәтийже Өзбекстан
тәжирийбесин басқа мәмлекетлер ушын да үлкен әҳмийетке ийе.
Ангола ўәкиллери,
өз гезегинде, Өзбекстан тәрепин мәмлекетте алкоголь ҳәм темеки өнимлерин
маркировкалаў қолланылатуғын PROSEFA (Programa Nacional de Selos Fiscais de
Alta Segurança) миллий бағдарламасы менен таныстырды. Анголалы кәсиплеслер өзбек
моделиниң ең күшли тәреплери болған салық ҳәкимшилигиниң санлы системалары ҳәм
автоматластырылған қадағалаў механизмлери менен маркировканы интеграциялаў
тәжирийбесине айрықша қызығыўшылық билдирди.
Тәреплер бул
бағдарда тәжирийбе алмасыў ҳәм әмелий бирге ислесиўди раўажландырыўдың
келешектеги имканиятларын додалады.
Итибарлы тәрепи,
Ангола делегациясы менен ушырасыў бундай сапар етиўлердиң бириншиси емес:
буннан алдын Өзбекстанның санлы маркировкалаў тараўындағы тәжирийбеси Египет,
Россия, Беларусь, Қазақстан, Армения, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан қәнигелерине
таныстырылған еди.
Бундай
қызығыўшылық географиясы - Африкадан Евразияға шекем - Салық комитети тәрепинен
«CRPT Turon» миллий операторы менен биргеликте жаратылған «Asl Belgisi» системасы
халықаралық дәрежеде товарларды санлы бақлаўдың тән алынған ҳәм талап жоқары
болған модельлеринен бирине айланғанын айқын тастыйықлайды.