Корея Республикасы Президенти Ли Чжэ Мён басшылығында өткен илажда Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимухамедов та қатнасты.
Күн тәртибине муўапық, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Корея Республикасының қәўипсизлик, өз-ара толықтырып туратуғын әмелий бирге ислесиў ҳәм гуманитарлық алмасыўларды кеңейтиў сыяқлы тийкарғы бағдарлардағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўин кеңейтиў перспективалары көрип шығылды.
Өзбекстан Президенти өзиниң шығып сөйлеген сөзинде 2007-жылы Корея Республикасы стратегиялық көзқарас көрсетип, Орайлық Азияда бириншилерден болып көп тәреплеме формат шеңбериндеги тығыз өз-ара пайдалы шериклик ушын үлкен потенциалды көргенин атап өтти.
- Корея тәрепиниң мәмлекетлеримизди санаатластырыў, инфраструктураны модернизациялаў ҳәм турақлы раўажланыў ушын беккем тийкар жаратыўға қосып атырған салмақлы үлесин шын жүректен қәдирлеймиз, - деди Шавкат Мирзиёев.
Бул беккем байланыслардың тамыры әсирлер тереңине барып тақалады, уллы жипек жолының кәрўан жолларынан басланады. Беккем дослықтың тийкарында жақын турмыслық бағдарлар - кексе әўладқа терең ҳүрмет, ҳадал мийнет етиў, туўылған жерге муҳаббат ҳәм садықлық жатады.
- Орайлық Азияның көп миллетли шаңарағының ажыралмас бөлегине айланған корейс диаспорасы халықларымыздың аўызбиршилиги ҳәм өз-ара тилеклеслигиниң айқын тымсалы болып есапланады, - деди Өзбекстан жетекшиси.
Бүгинги күнниң тийкарғы ўазыйпасы - бирге ислесиўде ерисилген пәтти сақлап қалыў емес, ал табысларды сапа жағынан алға илгерилеў ушын тийкарға айландырыў екени атап өтилди.
Орайлық Азия ҳәм Корея Республикасының күшли потенциалының бирлесиўи өз-ара пайдалы шериклик ушын жаңа шеклерди ашыўы мүмкин.
Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Президенти бирге ислесиўдиң бес стратегиялық бағдары бойынша усынысларды алға қойды.
Биринши бағдар - шерикликти узақ мүддетли режелестириў горизонтын қәлиплестириўди қамтып алады.
- Бүгинги дүньяда глобал өзгерислердиң тезлиги барған сайын мәмлекетлердиң оларға бейимлесиў қәбилетинен алдынлап бармақта. Жасалма интеллект мийнет базары ҳәм пүткил тармақларды өзгертпекте. Климат ҳәм суў қәўип-қәтерлери он жыллар алдын шешимлерди талап етпекте. Билимлендириў, инфраструктура, технологиялар ҳәм инсан капиталына жаңа талаплар пайда болмақта, - деди мәмлекетимиз басшысы.
Бул қәўип-қәтерлерге жуўап ретинде "Орайлық Азия - Корея Республикасы: жедел раўажланыў бойынша шериклик" узақ мүддетли концептуаллық көзқарасын ислеп шығыў усыныс етилди.
Киберқәўиплерди ерте анықлаў ҳәм олардың алдын алыў механизмлерин жаратыўда ҳәрекетлерди бирлестириў арқалы санлы келешек қәўипсизлигин тәмийинлеў де итибардың орайында.
Екинши бағдар саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық имканиятларды бирден-бир бизнес-логикада бирлестириўге қаратылған.
- Бүгин Орайлық Азия тек ғана шийки зат жеткерип бериўши мәмлекет емес. Мәмлекетлеримиз глобал қосымша қун шынжырларына жедел қосылмақта, инновациялық ҳәм технологиялық бирге ислесиў ушын имканиятлар кеңеймекте, - деп атап өтти Президент.
Өз-ара саўданы сезилерли дәрежеде арттырыў ҳәм 2030-жылға барып регион мәмлекетлериниң Корея менен товар алмасыў көлемин 20 миллиард долларға жеткериў ушын биргеликте нәтийжели шешимлер табыў имканиятын беретуғын санаат ҳәм саўда министрлериниң ушырасыў майданын шөлкемлестириў басламасы қоллап-қуўатланды.
Санаат кооперациясы ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў шеңберинде регион базарының инновациялық-өндирислик базасы ўазыйпасын атқаратуғын "Орайлық Азия - Корея" индустриаллық-технологиялық паркти Өзбекстанда жайластырыўға таярлық билдирилди.
Келеси жылы Самарқандта шөлкемлестирилетуғын Орайлық Азия ҳәм Корея үшинши аймақлараралық форумында барлық мәмлекетлердиң регионаллық ҳәкимият ҳәм бизнес ўәкиллериниң қатнасыўы арқалы тиккелей шериклик байланысларын орнатыў экономикалық бирге ислесиўдиң әҳмийетли драйвери сыпатында атап өтилди.
Үшинши бағдар әҳмийетли минераллар тараўында бирге ислесиўдиң жаңа бетин ашыўға қаратылған.
- Орайлық Азияда бул баҳалы шийки затқа болған талаптың тез өсип атырғаны ҳәм оның үлкен резервлерин есапқа алған ҳалда, регион дүнья базарында жетекши жеткерип бериўшилерден бири сыпатында орын ийелеўге уқыплы,-деди Өзбекстан жетекшиси.
Усы мүнәсибет пенен аймақта геологиялық-излеў ҳәм қазып алыўдан баслап шийки затты терең қайта ислеў ҳәм жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыўға шекемги болған өндиристиң барлық басқышларын қамтып алған қуўатлы қайта ислеў кластерлерин шөлкемлестириў мақсетинде Регионаллық әҳмийетли пайдалы қазылмалар бойынша инвестициялық альянсты қәлиплестириў усыныс етилди.
Өз-ара бирге ислесиўдиң төртинши бағдары "жасыл" раўажланыў ҳәм климат өзгериўине бейимлесиў талапларынан келип шығады.
Өз-ара толықтырып туратуғын имканиятларды бирлестириў мақсетинде Орайлық Азия ҳәм Корея арасында Климат ҳәм углерод шериклиги форматын жолға қойыў усыныс етилди.
Бесинши бағдар - жас әўладтың потенциалын жүзеге шығарыў бойынша биргеликтеги жумыслар.
Орайлық Азия айрықша демографиялық энергия регионы болып, онда 30 жасқа шекемги жаслар халықтың ярымынан көбирегин қурайды.
- Өсип киятырған жасларымыз ертең заманагөй технологиялық экономиканың бир бөлеги болып, алдынғы билим ҳәм тәжирийбелер, халықаралық тәжирийбелерден пайдаланыўы биз ушын оғада әҳмийетли, - деп атап өтти Президент Шавкат Мирзиёев.
Усы мүнәсибет пенен "буйыртпа - таярлаў - жумысқа орналастырыў" деген анық принцип тийкарында инсан капиталын раўажландырыў тараўында узақ мүддетли шериклик усыныс етилди.
Жаслардың роли, әсиресе, жасалма интеллектти биргеликте ислеп шығыў ҳәм енгизиўде оғада әҳмийетли болып есапланады, усы мүнәсибет пенен Президент Ли Чжэ Мённың "Алмасыўға болмайтуғын Корея" доктринасын Орайлық Азиядағы бул кең көлемли процесстиң тийкарғы сүйенишлеринен бирине айландырыў усыныс етилди.
Сөзиниң жуўмағында Өзбекстан келеси жылы Корея Республикасы менен дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 35 жыллығы ҳәм регионымызда корейс диаспорасы жасап атырғанының 90 жыллығына бағышланған байрам илажларын жоқары дәрежеде өткериўге таяр екени атап өтилди.
Саммитте басқа да жетекшилер шығып сөйледи. Илаж жуўмағында Сеул декларациясы, сондай-ақ, бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары бойынша бир қатар ҳүжжетлер қабыл етилди.