Мәмлекетимиз басшысы усы жылы инфраструктураны жақсылаў, адамлар ҳәм
исбилерменлерге шараят жаратыў ушын районларға орташа 250 миллиард сумнан,
мәҳәллелерге 5,5 миллиард сумнан қаржы ажыратылатуғынын атап өтти.
Район ҳәкимлери ҳәм мәҳәлле басшыларының түсимлер бойынша ўәкилликлери
кеңейтилгени нәтийжесинде орынларда қалып атырған қосымша дәраматлардың көлеми
дерлик 2 есеге көбейди. Районларда орташа 22 миллиард сумнан қосымша қаржы
қалды, мәҳәллелердиң бюджетине орташа 150-200 миллион сумнан түсти.
- Әпиўайы етип
айтқанда, мәселелерди орынларда шешиў ушын ҳәкимде де, мәҳәлле баслығында да,
улыўма, ҳәр бир "жетилик" ўәкилинде ресурс ҳәм ўәкиллик бар. Тек ғана
жуўапкершилик ҳәм интакерлик жетиспей атыр, - деди Президентимиз.
Таллаўлар айырым
мәҳәллелерде машқалалар өз ўақтында шешилмей атырғанын көрсетпекте. Усы жылдың
өзинде Халық қабыллаўханалары арқалы 87 мәҳәллениң ҳәр биринен 200 ден аслам
мүрәжат келип түскен.
Сондай-ақ, усы
жылы "Басламалы бюджет" бағдарламасы шеңберинде 7,5 триллион сум
ажыратылған болса да, 2 мың 136 мәҳәлледе бирде-бир жойбар жеңимпаз болмаған.
Алты айда банклер тәрепинен киши жойбарларға 18,5 триллион сум ресурс
ажыратылып, 110 мың микро жойбар әмелге асырылған, 259 мың халықтың бәнтлиги
тәмийинленген. Бирақ, 47 мәҳәлледе тек ғана 2 микропроект иске қосылған.
Айырым районларда
кем тәмийинленген шаңарақларды жойбарларға тартыў дәрежеси төмен екени, 960 кем
тәмийинленген шаңарақ жасайтуғын 32 мәҳәлледе бирде-бир жәрдемге мүтәж халық
турақлы жумысқа жайластырылмағаны сынға алынды. Сондай-ақ, 883 мәҳәлледе
банкирлер үйме-үй жүрип, жойбарларды ислеп шықпағаны, исбилерменлер менен
ушыраспағаны көрсетип өтилди.
Сол себепли жыл
басынан берли мәҳәллелерде жумысты дурыс шөлкемлестирмегени ушын 152 басшы
лаўазымынан босатылды, және 700 и интизамый жазаға тартылды.
Мәжилисте
мәҳәллелерде жынаятшылықтың алдын алыў, халықтың машқалаларын шешиў ҳәм
"жетилик"тиң жуўапкершилигин арттырыў мәселелери ҳәр тәреплеме
додаланды.
Мәмлекетимиз
басшысы мәҳәлле адамлар ушын ҳақыйқый исеним, сүйениш ҳәм имканиятлар орайына
айланыўы керек екенлигин атап өтти.
Жақында
мәҳәллелерди басқарыўды нәтийжели шөлкемлестириў бойынша Президент пәрманына
қол қойылды. Оған бола, мәҳәлле баслығы социаллық машқалаларды белгилейтуғын
шахстан өз аймағының "экономикалық буйыртпашысына" айланыўы керек.
Енди ҳәр бир
мәҳәлле баслығы өз аймағының экономикалық ҳәм социаллық буйыртпасын
қәлиплестиреди. Онда машқала анық есап-санақ етилип, жойбар таярланады ҳәм
жуўапкер шөлкемлер алдына ўазыйпа қойылады. Сондай-ақ, жеке меншик бақша,
мектеп, емлеўхана ҳәм спорт объектлерин қурыў ушын жер майданларын аукционға
шығарыў ўәкиллиги мәҳәлле баслықларына өткериледи.
Мәмлекетимиз
басшысы мәҳәлле баслығы социаллық машқалаларды шешиў, тазалықты тәмийинлеў ҳәм
дәраматты арттырыўға қаратылған жойбарларда интакер болыўы керек екенлигин атап
өтти.
Бундай жойбарлар
ушын "мәҳәлле жетилиги"не 10 миллион сумнан грант ажыратылады. Бул
мақсетлер ушын 240 миллиард сум ресурс қәлиплестириледи.
Мәҳәлле баслығы
өз аймағының ҳақыйқый менеджери болыўы керек. Ол ҳәким жәрдемшиси, ҳаял-қызлар
белсендиси, жаслар жетекшиси, социаллық хызметкер, профилактика инспекторы,
салықшы ҳәм мәҳәлле банкириниң ҳәптелик ҳәм айлық жумыс режелерин тастыйықлап,
оларға анық ўазыйпалар белгилейди ҳәм орынланыўын сорайды.
"Жетилик"
жумысын методикалық қоллап-қуўатлаў, мәҳәллелердеги машқалаларға илимий қатнас
жасаўды енгизиў мақсетинде Мәҳәллени раўажландырыў миллий институты
шөлкемлестириледи. "Жетилик" ўәкиллерин оқытып, мәҳәллениң әҳмийетли
мәселелери бойынша илимий шешимлер ислеп шығады.
Мәжилисте мәҳәлле
банкирлериниң жумыс усылы да түп-тийкарынан өзгертилиўи белгиленди. Енди
банклер ҳәр бир мәҳәллениң "өсиў ноқатлары"н анықлап, интакерлерди
таўып, дәраматлы жойбарларды көбейтиўи керек. Буннан былай бир мәҳәлле
банкирине үшеуден артық мәҳәлле бириктирилмейди.
Мәҳәлле
банкирлери өз аймағындағы банклердиң қарыйдарлары менен ислеседи, жумыс
орынларын ҳәм оларға қойылатуғын талапларды белгилейди. Олар жумыссызларды усы
кәсиплерге оқытыў ушын бәнтлик бөлимине арза жиберип, оқыўдан өткенлерди
жумысқа орналастырады.
Усы жылы
шаңарақлық исбилерменлик жойбарлары ушын қосымша 2 триллион сум жеңиллетилген
ресурслар ажыратылды. Социаллық-экономикалық жағдайы аўыр мәҳәллелер ушын
кредит ставкасы 17,5 проценттен 12 процентке түсирилди. Енди мәҳәлле банкирлери
бул ресурстан өзи таўған жойбарда пайдаланыўы мүмкин болады.
Мәмлекетлик
банклер мәҳәллелерди қәнигелестириў, "Агростар" компаниялары менен
бирге "өсиў - қайта ислеў - сақлаў - қадақлаў - сатыў" шынжырын жаратыў
бойынша жумыс алып барады. Бир ай мүддетте 1 мың мәҳәлледе жумыс баслап, ҳәр
биринде кеминде 3 еўден "локомотив" жойбарларды әмелге асырыў
ўазыйпасы қойылды.
Мәҳәлле бюджетин
беккемлеў бойынша да жаңа басламалар алға қойылды. Енди мәҳәлледеги турақ жай
емес объектлерден алынатуғын жер ҳәм мүлк салығының 5 проценти де мәҳәллениң
өзине қаратылады. Бул арқалы мәҳәллелердиң ықтыярында жылына және 400 миллиард
сум қаржы қалады.
Жыл даўамында
исбилерменлерди дизимнен өткериў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, түсимлер
дәрежеси ҳәм қосымша салық базасын анықлаў бойынша ең жақсы нәтийжелерге
ерискен 200 мәҳәллеге 2 миллиард сумнан сыйлық бериледи.
Улыўма етип
айтқанда, жаңа басламалар есабынан быйыл мәҳәлле бюджетине түсимлер 1 триллион
600 миллиард сумға, келеси жылдан 2 триллион сумға жеткериледи.
2026-жыл елимизде
“Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти раўажландырыў жылы”, деп жәрияланды.
Соның ушын барлық тараўлардағы реформалардың нәтийжеси, бәринен бурын,
мәҳәлледе, адамлардың кейпиятында көринетуғыны атап өтилди.
Быйыл Ўатанымыз
ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы "Жаңа турмыс, жаңа келешекти бирден-бир Ўатан,
бирден-бир халық болып қурамыз!" деген ийгиликли идея астында кеңнен
белгиленеди. Ең уллы ҳәм ең әзиз байрамды мәҳәллелерде көтериңки руўхта өткериў
мақсетинде "Мәҳәллелерде абаданлық ҳәм мийрим-шәпәәт айлығы"
жәрияланды.
Мәҳәллелердеги
абаданластырыў жумысларын шөлкемлестириў ушын Бас министрдиң басшылығында
республикалық штаб шөлкемлестириледи, аймақлық штабларға ҳәкимлер басшылық
етеди. Бул бир айлық акция емес, жыл даўамында ҳәрекет ететуғын улыўма миллий
ҳәрекет болыўы керек екенлиги атап өтилди.
Мийнетти
хошаметлеў мақсетинде жыл жуўмағы бойынша көп қабатлы турақ жайларда "Ең
абадан квартира", мәҳәлледе "Ең абадан ҳәўли", аймақта "Ең
абадан көше", район ҳәм ўәлаятта "Ең үлгили мәҳәлле"
номинациялары енгизиледи.
Таңлаўда жеңимпаз
болған көп қабатлы турақ жайлардағы квартираларға мүлк салығы, жеке тәртиптеги
турақ жайларға жер салығы бойынша жеңилликлер бериледи. Жақсы тәжирийбе
жаратқан "мәҳәлле жетилиги" хошаметленип, оның жумыс усыллары басқа
аймақларға үлги сыпатында көрсетиледи.
- Басқарыўдың
халыққа ең жақын буўыны бул - мәҳәлле. Адамлардың күнделикли мәселелери артықша
әўерегершиликсиз, усы жердиң өзинде шешилиўи керек, - деди Президент.
Ҳәзир
"жетилик" арқалы 100 ге шамалас хызмет көрсетилмекте. Енди барлық
мәмлекетлик хызметлер басқышпа-басқыш мәҳәлле дәрежесине өткериледи.
Мәжилисте
мәҳәллелерде социаллық жәрдемлердиң көлемин кеңейтиў мәселелери де додаланды.
Социаллық реестрге киргизиўди тийкарсыз бийкарлаў ямаса жасалма шығарыў
жағдайлары сынға алынды.
Нәтийжеде мүтәж
шаңарақлар социаллық жәрдем алыў, перзентлерин бақша ҳәм дөгереклерге
жайластырыў сыяқлы кепилликли хызметлерден пайдалана алмай атыр. 184 мәҳәлледе
бир айда келип түскен 2 мың мүрәжаттың ҳәммеси тийкарсыз бийкарланған. Сол
себепли жыл басынан берли Президентке реестрге киргизиў бойынша мүрәжатлар саны
1,5 есеге артып, 30 мыңнан 46 мыңға жеткен.
Бас прокуратураға
социаллық реестрдиң дурыс жүргизилиўин қатаң қадағалаўға алыў ўазыйпасы
қойылды. Жылдың ақырына шекем майыплықты ерте анықлаў, турақ жайларды
бейимлестириў, социаллық турақ жайларға жайластырыў сыяқлы 25 хызмет түрин
мәҳәлле дәрежесине түсириў ўазыйпасы қойылды.
Үш айда деменция
ҳәм ақылый кемшилиги болған шахслар ушын 250 мәҳәлледе күндизги ҳәм үйдеги
күтим хызмети және “Мадад” үйлери, 75 мәҳәлледе басқалардың күтимине мүтәж
кекселер ушын “Фаол ҳаёт” бағдарламасы, сондай-ақ, қараўсыз қалған ҳәм зорлыққа
ушыраған балалар ушын қоллап-қуўатлаў орайлары шөлкемлестириледи.
Мәҳәллелерде
жынаятшылықты жылаўлаў бойынша жаратылған система өз нәтийжесин бермекте. Соңғы
үш жылда криминоген жағдайы аўыр болған 1 мың 162 мәҳәллениң 571 инде быйыл
бирде-бир жынаят жүз бермеген.
Соның ишинде, видеокамералар
орнатыў, қәўипсиз көше ҳәм жоллар шөлкемлестириў, шаңарақларға психологиялық
жәрдем көрсетиў, жәрдемге мүтәж, жумыссыз ҳәм жынаятшылыққа бейим қатлам менен
мәнзилли жумыс алып барыў нәтийжесинде “қызыл” категориядағы айырым
мәҳәллелерде жынаят жүз бермеген.
Жынаятшылықты
сапластырыўға жуўапкер илимий шөлкемлер менен биргеликте үлгили мәҳәллелердиң
тәжирийбеси тийкарында методика ислеп шығылады. Жыл даўамында “қызыл” ҳәм
“сары” категориядағы мәҳәллелер профилактика инспекторлары усы методика бойынша
орнына барып оқытылады.
Мәжилис даўамында
жуўапкерлердиң мәлимлемелери тыңланды, мәҳәлле ўәкиллери менен сөйлести.