Суйылтылған газ тәбийий газ тармағы жетип бармаған
аймақларда жасайтуғын халықты энергия дереги менен тәмийинлеўде әҳмийетли орын
ийелейди. Сонлықтан, оны өз ўақтында, қәўипсиз ҳәм турақлы жеткерип бериў
адамлардың күнделикли турмысы, социаллық тараў объектлериниң жумысы ҳәм
аймақлардағы турмыслық шараятлар менен тиккелей байланыслы.
Презентацияда суйылтылған газ ресурслары ҳәм
бөлистирилиўиниӊ балансы, әмелдеги жеткерип бериў системасы, баҳаның
қәлиплесиўи, субсидиялар ҳәм халыққа тәсири талланды.
Мағлыўматларға
бола, республикада 3,8 миллионға шамалас адам ҳәм дерлик 2 мың социаллық тараў
объекти суйылтылған газ бенен тәмийинленеди. Усы жылы халықтыӊ ҳәм социаллық
тараў объектлериниң талабы ушын 604,8 мың тонна суйылтылған газ жеткерип бериў
нәзерде тутылған.
Әмелдеги
системада бир қатар машқалалар сақланып қалып атырғаны көрсетип өтилди. Айырым
аймақларда суйылтылған газ тутыныўшыларға белгиленген мүддетте жетип бармай
атыр. Нәтийжеде халық қосымша зәрүрлигин автомобильлерге газ қуйыў шақапшаларынан
базар баҳаларында сатып алыўға мәжбүр болмақта.
Таллаўларға
бола, суйылтылған газди 46 күннен аслам мүддетте қабыл етип атырған
тутыныўшылардың үлеси 22 процентти қурайды. Бундай жағдайда айырым
шаңарақлардың бир айлық қәрежети әмелдеги белгиленген баҳадан бир неше есеге
жоқары болмақта.
Ҳәрекеттеги
тәртипте суйылтылған газ халыққа ҳәм социаллық тараў объектлерине жеңиллетилген
баҳаларда жеткерип берилмекте. Соның менен бирге, өндирис, импорт, сатып алыў
ҳәм жеткерип бериў қәрежетлери арасындағы айырмашылық жылдан-жылға артып,
бюджеттен ажыратылатуғын субсидияларға талап көбеймекте.
Мәмлекетимиз
басшысы бул мәселеде бәринен бурын халықтың мәпи үстин болыўы зәрүрлигин атап
өтти. Суйылтылған газ адамларға өз ўақтында жетип барыўы, тәмийнатта
үзилислерге жол қойылмаўы ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлар
қоллап-қуўатланыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.
Усы
мақсетте суйылтылған газ тәмийнаты системасын басқышпа-басқыш реформалаў
бойынша усыныслар ислеп шығылған.
Халыққа
суйылтылған газ жеткерип бериў системасын қайта шөлкемлестириў мақсетинде
“Ҳудудгазтаъминот” шөлкемлестириўинде “LPG-Trade” жуўапкершилиги шекленген
жәмийетин шөлкемлестириў усыныс етилмекте. Бул структура суйылтылған газди
биржа арқалы сатып алып, белгиленген тәртипте адамларға жеткерип бериў менен
шуғылланады.
Сонлықтан,
суйылтылған газдиң усақлап сатыў баҳасын белгилеўде экономикалық тийкарланған
механизмлердиң нәтийжели ислеўи тәмийинленеди. Онда социаллық қорғаўға мүтәж
қатламларға сатып алынған суйылтылған газдиң ҳәр бир килограмы ушын компенсация
төлениўи белгиленеди.
Бул
арқалы баҳа сиясаты басқышпа-басқыш тәртипке салынып, мүтәж шаңарақлар ушын
мәнзилли қоллап-қуўатлаў механизми енгизиледи. Мәмлекетлик бюджеттен
ажыратылатуғын қаржылар улыўма субсидия орнына анық тутыныўшыға қаратылыўы системаның
әдиллигин ҳәм нәтийжелилигин арттырады.
Социаллық
тараў объектлериниң мүтәжликлери ушын суйылтылған газди биржа баҳаларында
жеткерип бериў, халыққа белгиленген баҳада сатыў нәтийжесинде жүзеге келетуғын
унамсыз айырмашылықты республикалық бюджет қаржылары есабынан қаплаў тәртиби де
нәзерде тутылмақта.
Жеке
меншик сектордың қатнасын кеңейтиў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Әндижан
ўәлаятында суйылтылған газ жеткерип бериў процесине жеке меншик операторларды
тартыў бойынша пилот жойбар әмелге асырылыўы режелестирилген.
Бул
процессте операторларда зәрүр лицензия ҳәм руқсатнамалар, маман
инженер-техникалық хызметкерлер болыўы, хызметлер кеминде еки оператор
тәрепинен әмелге асырылыўы, тутыныўшылар ушын мобиль қосымша ҳәм онлайн
хызметлер жолға қойылыўы белгиленген. Тутыныўшылардың саны ҳәм аймақлық
аралықлардан келип шығып, қала қурылысы нормалары және өрт қәўипсизлиги
талапларына жуўап беретуғын шақапшалар шөлкемлестирилиўи нәзерде тутылған.
Бул
тәжирийбени кейин ала басқа аймақларда да басқышпа-басқыш енгизиў имканияты
көрип шығылады.
Президентимиз
реформаларды пуқта есап-санақ тийкарында, халық ушын қолайлылық ҳәм социаллық
әдиллик принциплерин тәмийинлеген ҳалда әмелге асырыў зәрүр екенлигин атап
өтти.
Жуўапкерлерге
суйылтылған газ жеткерип бериў графигин қатаң жолға қойыў, есап-санақларды
санластырыў, бөлистириўде ашық-айдынлықты тәмийинлеў, жасалма жетиспеўшилик ҳәм
тийкарсыз баҳа артыўының алдын алыў бойынша тапсырмалар берилди.
Социаллық
қорғаўға мүтәж қатламлар ушын компенсацияларды өз ўақтында төлеў, газ толтырыў
объектлери ҳәм тасыў процесинде қәўипсизлик талапларына қатаң әмел етиў, жеке
меншик операторлардың жумысы үстинен нәтийжели қадағалаў орнатыў ўазыйпалары
белгиленди.
Реформалар
нәтийжесинде суйылтылған газ тәмийнатында ашық-айдын ҳәм турақлы система
қәлиплесиўи, жеткерип бериў мүддетлериниң қысқарыўы, халық ушын хызмет
сапасының артыўы және бюджет қаржыларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў
тәмийинленетуғыны атап өтилди.
Сондай-ақ,
презентацияда Жиззақ ўәлаятында қурылып атырған интеграцияласқан атом электр
станциясының сыртқы инфраструктурасы ҳәм оған тутас қалаша қурыў бойынша
2-сентябрь күни берилген қосымша тапсырмалардың орынланыў барысы ҳаққында
мәлимлеме берилди.