Усы жылдың биринши ярымында жәмийет тәрепинен 11,5 миллиард куб метр
тәбийғый газ қазып шығарылған. Соның менен бирге, нефть, дизель жанылғысы,
авиакеросин ҳәм суйылтырылған газ ислеп шығарыў көлеми прогноз көрсеткишлеринен
жоқары болған.
Жылдың ақырына шекем 1 миллион 100 мың тонна автомобиль бензини, 983 мың
тонна дизель жанылғысы, 310 мың тонна авиакеросин, 606 мың тонна суйылтырылған
газ ҳәм дерлик 1 миллион 180 мың тонна синтетикалық өнимлер ислеп шығарыў
режелестирилген.
Геосиясий жағдайдың кескинлесиўи себепли Орайлық Азия арқалы өтетуғын
жөнелислер бойынша авиақатнаўлар саны артып бармақта. Атап айтқанда,
Өзбекстанға пәрўазлар саны 2025-жылға салыстырғанда көбейген. Усы жылдың июль-декабрь айларында авиакеросинге
талап 375 мың тоннаны қурап, өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 27
процентке артыўы күтилмекте. Бул талаптың тийкарғы бөлеги елимиздеги нефтьти
қайта ислеў заводлары есабынан қапланады.
Соның менен
бирге, айрым бирге ислесиўши мәмлекетлерде нефть өнимлериниң экспортына шеклеўлер
орнатылыўы мүнәсибети менен альтернатив дәреклерден, соның ишинде, Грузия, Ирак
ҳәм басқа да мәмлекетлерден авиация керосининиң импорты жолға қойылған.
Геология-излеў
жумысларының сапасын ҳәм көлемин арттырыў мақсетинде "Өзбекгеофизика"
акционерлик жәмийетин модернизациялаў режелери ҳаққында да мағлыўмат берилди.
Қудықларды изертлеўге мөлшерленген геофизикалық үскенелерди жаңалаў ҳәм
заманагөй дала 3D сейсморазведка комплексин сатып алыў ушын 38,8 миллион доллар
қаратыў нәзерде тутылған.
Сырт ел
компаниялары, соның ишинде, АҚШтың «Schlumberger» компаниясы менен биргеликте
сейсмологиялық мағлыўматларды қайта ислеў орайын шөлкемлестириў бойынша алып
барылып атырған жумыслар ҳаққында да мағлыўмат берилди. Орайға заманагөй
суперкомпьютер комплекси орнатылады, жаңа программалық тәмийнат сатып алынады,
сейсмологиялық изертлеўлерде жасалма интеллектти кеңнен қолланыў жолға
қойылады.
Бул илажлар
нәтийжесинде ҳәр жылы өткерилетуғын 3D-сейсмикалық
изертлеўлер майданы 1 мың 800 квадрат километрден 5 мың квадрат километрге,
изертлеў тереңлиги болса 4,5 мың метрден 8 мың метрге шекем артады.
Таярланатуғын перспективалы геологиялық структуралардың саны 19 дан 30 ға
жеткериледи.
Қудықларды
қурыўда жоқары температура ҳәм басымға шыдамлы материаллар, ултрасесли каротаж,
реал ўақыт режиминде геофизикалық қадағалаў, горизонталь бураўлаў
технологияларын енгизиў илажлары белгиленди. Бул қурамалы геологиялық
шараятларда қудықлардың исенимлилигин арттырыў, өнимдар қатламларды нәтийжели
өзлестириў ҳәм көбирек өнимдарлыққа ерисиў имканиятын береди.
Мәмлекетимиз
басшысы халық ҳәм экономика тармақларын нефть өнимлери менен турақлы ҳәм
үзликсиз тәмийинлеў илажларын көриў бойынша тапсырма берди.
Сондай-ақ, тармақ
кәрханаларын технологиялық жақтан жаңалаў, энергия нәтийжелилигин арттырыў,
өндирис қәрежетлерин қысқартыў ҳәм белгиленген илажлардың орынланыўын қатаң
қадағалаў бойынша ўазыйпалар белгиленди.