Қырғызстан Президенти ҳүрметли Садир Нургожоевич Жапаровқа рәсмий емес ушырасыўымызды өткериў басламасы ҳәм “Қырғыз теңизи” – гөззал Ыссықкөл жағасындағы жыллы қабыллаў ушын шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Еки күн даўамында Қырғызстанда болып, Сизиң басшылығыңызда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелери менде үлкен тәсир қалдырды.

Мәмлекет экономикалық раўажланыў бойынша жоқары пәтлерди көрсетпекте, оның халықаралық абырайы турақлы артып бармақта.

Сизди ҳәм туўысқан қырғыз халқын Қырғызстанның БМШ Қәўипсизлик Кеңесиниң турақлы болмаған ағзасы етип сайланғаны менен қутлықлаймыз.

Түркменстан Президенти Сердар Гурбангулиевич Бердимуҳамедовқа да Мәсләҳәт ушырасыўлары форматында нәтийжели басшылық етип атырғаны ушын миннетдаршылық билдиремен.

Ҳүрметли ушырасыў қатнасыўшылары!

Бүгин биз мәмлекетлеримиз ғәрезсизлигиниң 35 жыллық байрамларын белгилеў алдында жыйналып турмыз.

Усы жыллар даўамында ҳәр бир елмәмлекетшиликтиң қәлиплесиўи, экономикалық өсиў ҳәм миллий тиклениўдиң өзине тән ҳәм тәкирарланбас жолын басып өтти.

Бурын бирлеспеген Орайлық Азия бүгинги күнде биргеликтеги ҳәрекетлеримиз нәтийжесинде раўажланыўдың улыўма мақсетлери жолында бирлеспекте.

Соның менен бирге, қыйын ҳәм алдыннан болжап болмайтуғын бүгинги халықаралық ўақыя бизден және де исенимли ҳәрекет етиўди ҳәм және де тығыз муўапықластырыўды талап етпекте.

Әзербайжанның Мәсләҳәт ушырасыўлары форматына қосылыўы өз-ара бирге ислесиўимизди сапа жағынан жаңа – макроаймақлық дәрежеге алып шықпақта.

Биз ушын Орайлық Азия, Қубла Кавказ ҳәм жақын қоңсымыз – Аўғанстанды бирлестиретуғын бирден-бир раўажланыў мәканын қәлиплестириў бағдарында тарийхый имканият ашылмақта.

Бул жағдайдан толық пайдаланып, биргеликтеги ис-ҳәрекетлеримиз бенен Евразия жүрегинде турақлы раўажланыў, өз-ара байланыслылық ҳәм жақсы қоңсышылық ушын беккем тийкар жаратыўымыз зәрүр.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Регионаллық бирге ислесиўдиң турақлы архитектурасын қәлиплестириўге өтиў ўақты келди. Оның дүзилиўи бирге ислесиўдиң нәтийжели институтлары, тармақ уйымларының тығыз қатнасықлары, аймақлардың тиккелей байланыслары ҳәм раўажланыўдың тийкарғы бағдарларындағы узақ мүддетли биргеликтеги бағдарламаларға сүйениўи зәрүр.

Регионымыздың халықаралық субъект сыпатындағы статусын беккемлеген ҳалда мәмлекетлераралық шөлкемлер ҳәм “Орайлық Азия плюс” форматлары шеңберинде өз-ара муўапықластырыўды күшейтиў зәрүр.

Саўда-экономикалық ҳәм транспорт тараўындағы өз-ара байланыслылықты беккемлеў, үзликсиз санаат-технологиялық шынжырларды кеңейтиў, улыўма санлы хызметлерди раўажландырыў ҳәм инвестиция платформаларын иске қосыў бойынша келеси қәдемлерди пуқта ислеп шығыў керек.

Орайлық Азия билимлендириў, илим ҳәм үлкен мағлыўматлар тараўында инновациялар бойынша бәсекиге шыдамлы хабқа айланыўы керек.

Оған кадрлар потенциалы, жасалма интеллект технологиялары, дата-орайлар ҳәм энергетика қуўатлықларын бирлестирген тутас инфраструктураны жаратыў арқалы ерисиў мүмкин.

Қоршаған орталықты қорғаў бәрқулла регионаллық күн тәртибиниң тийкарғы бағдары болып келген ҳәм сондай болып қалады.

Бирден-бир тәбийий мәканымызда жүзеге келип атырған қәўип-қәтерлер мәмлекет шегараларын тән алмайды, солай екен, оларға жуўап илажлары да улыўмалық болыўы керек.

Быйылғы жылдың аномал дәрежеде ыссы келиўи климат өзгериўи әллеқашан экономика, суў ҳәм энергетика қәўипсизлиги, адамлардың саламатлығы ҳәм турмыс сапасына тиккелей тәсир ететуғын факторға айланып атырғанын және бир мәрте көрсетти.

Мине усындай жаңа қәўип-қәтерлерге биргеликте бейимлесиў бойынша узақ мүддетли шешимлерди табыў әҳмийетли.

Бирге ислесиўимиздиң өзгермес тийкарғы бағдарлары арасында гуманитарлық байланыслар үлкен әҳмийетке ийе.

Халықларымыз әсирлер даўамында ийинлес жасаған, саўданы раўажландырған, билим ҳәм мәдений дәстүрлер менен өз-ара алмасқан.

Заманагөй бирге ислесиў тереңлескен сайын аўызбиршилик сезими де беккемленбекте. Улыўма регионаллық өзине тәнлик, халықларымыздың миллий өзлиги сақланған ҳалда басқышпа-басқыш қәлиплеспекте.

Бул тараўдағы жумыслардың мазмуны сапа жағынан өзгериўи халықларымыз арасындағы бирлик, аўызбиршилик ҳәм өз-ара түсинисиў сезимин беккемлейтуғынына исенемен.

Әзиз дослар!

Бирге ислесиўимизди буннан былай да беккемлеў бойынша бүгин билдирилген баслама ҳәм усынысларды толық қоллап-қуўатлайман.

Пурсаттан пайдаланып, Қазақстан Республикасы Президенти ҳүрметли Қасым-Жомарт Кемелевич Тоқаевқа ҳәм пүткил қазақ халқына жаңа Қурылтайға сайлаўлар табыслы өтиўин тилеп қаламан.

Сөзимниң жуўмағында бизиң улыўма күшимиз – бирлик, өз-ара исеним ҳәм биргеликтеги дөретиўшиликке қатаң садықлығымызда екенин және бир мәрте атап өтпекшимен.

Бәршеңизге беккем денсаўлық, тынышлық ҳәм жаңа табыслар, мәмлекетлеримиз халықларына болса абаданлық ҳәм раўажланыў тилеймен.