Саўда-экономикалық, инвестициялық, технологиялық, транспорт-логистика тараўларындағы айрықша стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў мәселелери көрип шығылды.
Инновациялық-технологиялық бирге ислесиўди беккемлеўге айрықша итибар қаратылды.
Саўда ҳәм қаржы-инвестициялық бирге ислесиў, санлы экономика ҳәм киберқәўипсизлик, Кореяның алдынғы технологиялары ҳәм Өзбекстанның ресурс базасынан пайдаланған ҳалда әҳмийетли пайдалы қазылмаларды қайта ислеў, транспорт ҳәм темир жол инфраструктурасы, аймақлараралық байланыслар тараўларындағы шериклик перспективалары додаланды.